Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:56:50, 02.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СИЯСИЙ  ӘҲМИЙЕТКЕ ИЙЕ  БАСЛАМАЛАР

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мир­зиёевтиң биринши мәрте өзбек тилинде жаңлаған БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясындағы шығып сөйлеўинде Өзбекстан, Орайлық Азия регионы, пүткил жәҳән мәмлекетлерине тийисли глобал машқалалар әжайып ҳәм конкрет тәризде ортаға қойылды.

Пандемия ақыбетинде пайда болған оғада қыйын аўҳал тек инсаният саламатлығына мәмлекетлер, тараўлар ҳәм тармақлар арасындағы үлкен байланыс­ларға ғана емес, ал, адамлар арасындағы өз-ара мүнәсибетлерге, инсанлардың руўхыятына да оғада унамсыз тәсир көрсетпекте. Әлбетте, жәҳән тарийхында бурын ҳеш қашан болмаған бундай шараятта жаңа идеялар менен жаңа басламалардың орны гиреўли.

Мине усындай сынақлар дәўиринде болып өткен БМШ БА сессиясында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң жәҳәндеги қүдиретли ҳәм жетекши мәмлекетлер жетекшилери қатарында өз ана тилинде шығып сөйлеп, дүньяның ең бийик минберинен турып халықаралық көлемде ең әҳмийетли ҳәм шешимин күтип турған машқалаларға шешим болатуғын айқын усыныс ҳәм басламаларды ортаға таслаўы ҳәр бир ўатанласымыздың қәлбинде мақтаныш сезимлерин оятты.

Журтбасшымыз коронавирус пандемиясы ҳаққында пикир жүргизип, бундай глобал апатшылық планетамызда соңғы жүз жылда бақланбағанын, бул апат пүткил инсанияттың әззи тәреплерин айқын көрсеткенин, ҳәзирги қәўип-қәтерли ҳәм қыйын жағдай жер жүзиндеги барлық мәмлекетлер менен халықлар арасындағы исеним ҳәм жақыннан бирге ислесиўдиң оғада әҳмийетли екенлигин тастыйықлап бергенин атап өтти.

Атап айтқанда, Президентимиз БМШ басшылығында Пандемиялар дәўиринде мәмлекетлердиң ықтыярлы миннетлемелери ҳаққындағы халықаралық кодексти ислеп шығыўды усыныс етти. Бул басламанын әҳмийети қаншелли үлкен екенлигин, пикиримизше, жәҳәндеги ҳәр бир мәмлекет турғынлары өз турмысы, пандемия дәўириндеги қы­йыншылықлар мысалында терең сезинди. Сонлықтан да Өзбекстан басшысының бул усынысы халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланыўына гүман жоқ.

Пандемия узаққа созылыўы, карантин шеклеўлерине байланыслы жағдай қандай болыўы анық болмаған усы қыйын дәўирде мәмлекетимиз халқының кем тәмийинленген қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде, коронавирусқа қарсы гүрес, пандемия ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде қабыл етилген ҳәр бир пәрман ҳәм қарарларда мине усы қатламға биринши дәрежели итибар қаратылмақта.

Мәселен, Президентимиздиң усы жыл 30-июльде қабыл етилген Пәрманына муўапық, бюджеттен қосымша 2 триллион сум ажыратылып, бул қаржылар 1 миллион 700 мың жәрдемге мүтәж адамларға, 3 миллион 700 мың пенсионер ҳәм жыл ақырына шекем қосымша 500 мың  социаллық напақа алыўшыларға берилиўи нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысының және бир қарары менен «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» енгизилмекте. Социаллық напақа алыўшылар саны еки есеге көбейип, усы жылдың ақырына шекем 1 миллион 200 мың, ал, 2021-жылы 1 миллион 500 мыңға шекем жеткерилиўи белгиленген. Социаллық жәрдем бирдей өлшем ҳәм бирдей ҳүжжет тийкарында берилиўи көзде тутылған.

2021-жыл 1-январьдан баслап кем тәмийинленген шаңарақ статусын алыў ушын ҳәзиргидей 12 мәкемеден 30 дан артық мағлыўматлар талап етилмейди, 30 түрдеги социаллық жәрдем ҳәм хызметлерди аңсат усыныў илажлары көриледи.

Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте кәмбағаллықты кемейтиў бойынша өз алдына министрлик дүзилип, жумыссыз халықты кәсип-өнерге оқытыў, ҳәр қыйлы формаларда субсидия­лар бериў, жаңа жумыс орынларын жаратыўды қоллап-қуўатлаў, жәмийетте жүзеге келиўи мүмкин болған теңсизликтиң алдын алыў бойынша кең көлемли бағдарламалар әмелге асырылмақта, буның ушын оғада үлкен муғдардағы мәмлекетлик ресурслар ажыратылған, парламент, атқарыў ҳәкимияты, министрликлар, жергиликли ўәкиллик уйымлары мүтәж шаңарақларға дәрамат дәрегин жаратыў ушын биргеликте ҳәрекет етпекте.

Жоқарыда атап өтилген кең көлемли жумыслар мәмлекетимиз басшысы алға сүрген және бир баслама — жарлылықты сапластырыў ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүрес БМШ Бас Ассамблеясының нәўбеттеги сессиясында тийкарғы темалардан бири сыпатында белгилениўи ҳаққындағы усынысы менен уйғынласады.

Атап айтқанда, Президентимиз тәрепинен кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм оған қарсы гүресиў мәселесин БМШниң нәўбеттеги сессиясының тийкарғы темаларынан бири сыпатында белгилеў, сондай-ақ, усы темада Глобал саммит өткериў ҳаққындағы басламасы, әлбетте, жәҳән шериклеслиги алдында турған үлкен машқалалардан бирине шешим табыўға қаратылған.

Ҳәр бир инсанға күнделикли зәрүр болатуғын ең кем муғдардағы тәмийнаттың жетиспеўи бүгинги күнде жәҳән мәмлекетлериниң раўажланыўына басқа қәўиплер менен бир қатарда кәмбағаллық қәўпин келтирип шығармақта. Сонлықтан да кәмбағаллықты сапластырыў, буның ушын керекли шараятлар менен имканиятлар жаратыў ис жүзинде мәмлекет раўажының жаңа басқышқа өтиўин тәмийинлейди. Соның менен бирге, кәмбағаллыққа қарсы гүрес узақ мүддетли ҳәм оғада қурамалы процесс болып, ол институционал ҳәм системалы жантасыўды талап етеди.

Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Лилия Бурунчуктиң пикиринше, Орайлық Азияда кәмбағаллықтың қысқарыўы тараўында белгили бир өсиў процеси көзге тасланбақта. Соның менен бирге, халықаралық эксперт-қәниге усы процессте турақлы ҳәм инклюзив өсиўди тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар региондағы мәмлекетлердиң  баслы ўазыйпаларынан бири болыўы лазым, деп есаплайды.

Бул бағдарда Өзбекстан Республикасында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар итибарға ылайық.

Президентимиз Ш.Мирзиёев өзиниң 2020-жыл 24-январьдағы Олий Мажлиске Мүрәжатында былай деген едиF «Кәмбағаллықты кемейтиў — бул айырықша исбилерменлик руўхын оятыў, инсанның ишки күш-қуўатын ҳәм потенциалын толық жүзеге шығарыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша комп­лекс­ли экономикалық ҳәм социаллық сиясатты әмелге асырыў, дегени».

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы усы Мүрәжатта кәмбағаллықты кемейтиў бағдарламасын ислеп шығыўды усыныс етти. Ең баслысы, мәмлекетимизде кәмбағаллыққа қарсы гүресиўде алдынғы сырт ел тәжирийбесине, халықаралық нормалар, анық критерийлер ҳәм баҳалаў усылларына тийкарланған жаңа методология жаратыў зәрүрлиги атап өтилди. Басқаша айтқанда, бул процесс илимий тийкарланған ҳәм әмелий характерге ийе болса ғана күтилген нәтийжени береди.

Кейинги үш жыл даўамында мәмлекетимизде әмелге асырыл­ған ислер, соның ишинде, социаллық-экономикалық тараўдағы реформалар кәмбағаллыққа қарсы гүресиўде әҳмийетли тийкар ўазыйпасын өтемекте.

Атап айтқанда, ҳүкимет қурамында Бас министрдиң қаржы-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты кемейтиў мәселелери бо­йынша орынбасары лаўазымы енгизилди. Орынларда вертикал тәризде исбилерменлик орталығын жаратыў ҳәм раўажландырыў арқалы кәмбағаллықты кемейтиў бойынша жуўапкер лаўазымлар енгизилди.

Соның менен бирге, кәмбағаллықты кемейтиў бойынша шет еллер тәжирийбеси ҳәм тараў мәселелери бойынша белгили илимпаз-қәнигелердиң изертлеўлери турақлы түрде үйренилмекте. Усының тийкарында Өзбекстанда кәмбағаллықты кемейтиў бойынша жақын келешекке мөлшерленген бағдарлама ҳәм концепция ислеп шығылды. Сондай-ақ, Өзбекстанда 2030-жылға шекем кәмбағаллықты кемейтиў бойынша стратегиялық жойбар ислеп шығылмақта.

Жоқарыда атап өтилген факторлар Өзбекстанда кәмбағаллыққа қарсы гүресиў тараўында институционал ҳәм системалы жантасыў қолланылып атырғанын аңлатады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң кәмбағаллыққа қарсы гүрес бо­йынша халықаралық шеңбердеги усы басламасы, әлбетте, актуаллығы ҳәм өз ўақтында билдирилгенлиги менен үлкен итибарға ылайық. Себеби, жер жүзинде пандемия даўам етип атырған қыйын шараятта мәселениң бундай тәризде қойылыўы барлық мәмлекетлер ушын оғада әҳмийетли болып есапланады.

Өз нәўбетинде, кәмбағаллық мәселеси ҳәзирги күнде эколо­гиялық машқалалар менен тығыз байланыслы екенлиги, әсиресе, суў тамтарыслығы азық-аўқат қәўипсизлигине зыян келтириўи Қарақалпақстан халқына жақсы белгили. 1965-жыл­ларға шекем дүньядағы төртинши үлкен көл есапланған Арал теңизиниң қурғап қалыўы бурын­ғы аўқам дәўиринде суў ресурсларын басқарыў ҳәм пайдаланыўдағы кемшиликлер нәтийжесинде пайда болған ең үлкен экологиялық апатшылықлардың бири болып есапланады. Арал теңизи суўының қурып қалыўы ақыбетинде пайда болған экологиялық, ықлым, социавллық-экономикалық ҳәм гуманитар машқалалар Өзбекстан ҳәм Арал теңизи регионларының турақлы раўажланыўына үлкен тосқынлық болды. Жер майданларының деградацияға ушыраўы ҳәм шөлге айланыўы, суў ҳәм жер ресурсларының патасланыўы және шорланыўы, ишимлик суўының жетиспеўшилиги, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясында түрлердиң кемейиўи ҳәм жоғалып кетиўине себеп болды.

Арал теңизинен ҳәр жылы 100 миллион тоннадан артық дузлы шаңлар атмосфераға 1000 км ге шекем тарқалады. Сондай-ақ, қурғақшылық, қум ҳәм дузлы самаллар сыяқлы ҳәдийселердиң интенсивлиги ҳәм тәкирарланыў тезлигиниң барған сайын өсип баратырғаны көзге тасланбақта.

Өзбекстан Республикасы турақлы түрде халықаралық шериклеслик итибарын Арал теңизинде пайда болған машқала­ларға қаратып келмекте. 2017-жыл 19-сентябрьде мәмлекетимиз Президенти Шавкат Мир­зиёев БМШ Бас ассамблеясының 72-сессиясында сөзге шығып, усы машқалаға региондағы барлық мәмлекетлердиң мәплерин инабатқа алған ҳалда, БМШ қәўендерлигинде келисимге келиў зәрүрлигин атап өткен еди. Арал теңизин толық тиклеў мүмкин болмаса да, оның унамсыз ақыбетлерин жумсартыў мүмкин.

Бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпасы — Арал теңизи кризисиниң қоршаған орталыққа ҳәм Арал теңизи регионында жасаўшы миллионлап адамлардың турмыс тәризине зыянлы тәсирин кемейтиў Өзбекстан Республикасы таңлаған жантасыўдың тийкарғы принципи болып есапланады.

Өзбекстан Республикасының басламасы менен Арал теңизи регионын раўажландырыў бо­йынша БМШниң инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик траст фонды шөлкемлестирилди. Усы траст фонд барлық мәпдар тәреплер ушын бирден-бир платформаны усыныў, раўажланыў бойынша шериклер, халықараралық финанс институтлары, пуқаралық жәмийети, еки тәреплеме ҳәм көп тәрепли донорлар Арал теңизи кризисиниң унамсыз экологиялық ҳәм социаллық-экономи­калық ақыбетлерин жумсартыў бойынша нәтийжели илажларды көрип шығыўға қаратылған.

Президентимиздиң 2020-жыл 23-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-юбилей сессия­сында қатнасып, Арал теңизи ҳәм оның әтирапында әмелге асырылып атырған унамлы жумыслар туўралы айта келип, «Арал теңизи регионы — экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы« деп жәриялаў ҳәм БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыллаўды, усы әҳмийетли ҳүжжет тастыйықланған сәнени болса «Халықаралық экологиялық системаларды қорғаў ҳәм тиклеў күни» сыпатында белгилеў усынысын ортаға қойғаны халқымыз, журтымыз пәраўанлығын көтериўге, региондағы эколо­гиялық жағдайды жақсылаўға хызмет етиўи сөзсиз.

Жуўмақлап айтқанда, Президентимиздиң пүткил жәҳән халықларына берген оғада үлкен әҳмийетке ийе усыныслары негизинде халқымыздың көп әсирлик дәстүрлери, ийгиликли мақсетлери менен арзыў-нийетлери, руўхый-ағартыўшылық көзқараслары айқын көринис тапқан. Бул басламалар Өзбекстанның халық­аралық орталықтағы әҳмийетли стратегиялық қәдемлеринен бири сыпатында тарийх бетлеринде мәңги мөрленип қалады.

 

Нағмет Аимбетов,

академик, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы

Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF