Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:55:15, 02.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЙГИЛИКЛИ ҚӘДЕМ БОЛАДЫ

Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 72-сессиясында Арал машқаласы ҳаққында шығып сөйлегенинен соң Арал теңизиниң қурып қалған түбинде тоғайзарлықлар жаратылып, қала ҳәм районларды раўажландырыўға қаратылған жедел ислер әмелге асырылмақта.

Бул жумыслар өз нәўбетинде теңиздиң қурыған түбинде ҳайўанатлар дүньясы ҳәм де биологиялық көптүрлиликти раўажландырыўға алып келмекте. Халықтың саламатлығын беккемлеў ҳәм қәўипсизлигин күшейтиў, экологиялық турақлылықты,  тынышлықты тәмийинлеў, шығындыларды қайта ислеў системасында көплеген өзгерислер әмелге асырылды.  Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясында Президентимиз Ш.Мир­зиёевтиң баянаты кең жәмәәтшиликти, халқымызды руўхландырып жиберди. Себеби, бул баянаттағы сөзлер хал­қымыздың, ҳәр биримиздиң ойымыздағы сөзлер еди. Пандемия себепли онлайн режимде өткерилген бул сессияның және бир есте қаларлық тәрепи, Елбасшымыздың мәмлекетлик өзбек тилинде сөйлегени болды. Бул бириншиден мәмлекетлик тил бол­ған ҳүрмет есапланса, екиншиден, оны дүнья жәмийетшилигине алып шығыўға бол­ған умтылыс деп баҳалаўымыз мүмкин. Президентимиз өз баянатында, соңғы жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм олардың турмысқа енгизилиўи, машқалалар өз шешимин таўып атырғанлықлары, өз раўажланыў стратегиясына ийе мәмлекетимиздиң жедел пәт пенен дүньяның раўажланған еллерине теңлесиўге тасланған қарай қәдемлерин айқын мысаллар менен келтирип өтти. Әсиресе, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының бул ретки сессиясында да заманымыздың өткир маш­қалаларынан және бири — глобал ықлым өзгерислерине үлкен итибар қаратылды. Бүгинги күнде ҳәр бир мәмлекет бул процесстиң кери тәсирин сезинбекте. Өкинишлиси, бундай өзгерислер Орайлық Азияның раўажланыўына да үлкен қәўип туўдырмақта.

«Итибарыңызды және бир мәрте Арал теңизи қурыўының унамсыз ақыбетлерине қаратпақшыман. Арал машқаласы ҳәм оның жумсартылыўына қаратылған әмелий ислердиң орынланыўы, Аралбойы аймағының машқалалары тек ғана бизиң емес, пүткил инсанияттың машқаласы», - деди Елбасшымыз өз сөзинде. Президентимиздиң «Аралбойы аймағы эколо­гиялық машқала орайына айланды» деген сөзлериниң өзи-ақ буны тастыйықлап турыпты. Биз бул жағдайды жақсылаў ушын бул жерде еки миллион гектар жаңа өсимлик майданлары ҳәм тоғайзарлық жаратыў, топырақ қатламын жақсылаў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырмақтамыз. Мәмлекетимиз басламасы менен Аралбойы аймағы ушын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң инсан қәўипсизлиги бойынша ҳәр тәреплеме шериклик Траст фонды дүзилди. Бул фонд аўыр экологиялық аймақта жасап атырған халыққа әмелий жәрдем көрсетиў ушын халықаралық жәмийетшиликтиң таяныш платформасы болып хызмет етеди, -деди Президентимиз Ш.Мир­зиёев.

Ҳақыйқатында да, Мойнақ районындағы процесс­лерди бүгин пүткил халық, бәлким, пүткил дүнья ҳәўес пенен гүзетпекте. Бир заманлар өсимликлер өнип шығыўына исеними сөнген мойнақлылардың бүгинги исеними беккем. Себеби, бул исенимди Президентимиз Мойнақ районына келген бир неше сапарлары даўамында оятқан еди. Мине бүгин билдирилген исеним ақланбақта. Қатар нызам жойбарларының, орынланыўы себепли Мойнақ ра­йоны танып болмас дәрежеде раўажланбақта. Заманагөй компютер техноло­гиялары, ықшам ҳәм қолай китапханалар, спорт заллары яки мәдений дем алыў орынларын усы жерден табасыз. Аралбойында раўажланыўлар еле де даўам етпекте. Бул ислердиң әмелий тастыйығы сыпатында Президентимиз БМШне арнаўлы усыныс пенен шықты. Яғный, Аралбойы аймағында экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы деп жәрия­лаў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиў усынысын билдирди. Бул ҳүжжет тастыйықлан­ған сәне болса, Халықаралық экологияны қорғаў ҳәм тиклеў күни сыпатында нышанлаў мақсетке муўапық екенлигин айтып өтти. Бүгин дүнья экология дегенде жүзеге келетуғын глобал машқалаларға дыққат қаратпай өтпейди. Себеби, бул ҳәр биримиздиң келешегимиз бенен байланыслы. Әсиресе, келешек әўлад ушын қайғырыў бүгинги ҳәр бир инсанның ўазыйпасы. Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясындағы баянаты тийкарында да инса­ният тәғдири жатады. Жақын жыллар ишинде Арал теңизиниң қурыған ултанында мисли көрилмеген тоғайзарлық жаратылыўына исенимимиз кәмил. Бул дегени, елимиздеги биологиялық көптүрлиликтиң және де өсип-өниўине бағдарланған ийгиликли қәдем болады.

 Турғанбай Хожаназаров,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты

Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясы ағзасы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF