Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:32:53, 02.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАСЛАМАЛАР ДҮНЬЯ НӘЗЕРИНДЕ

Бүгин дүнья жүзинде ҳәўиж алған пандемия барлық мәмлекетлердиң сиясий, социаллық ҳәм экономикалық жағдайына өзиниң кери тәсирин тийгизбей қалмады.

Жыл басында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясының 75-сессиясы көтериңкилик пенен шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған болса да, күтилмегенде жүз берген айрықша жағдай себепли онлайн тәризде өткерилди. Белгили болғанындай, күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў ҳәм оның ақыбетинде келип шыққан машқалаларды турақластырыўдан ибарат болды.

2020-жыл 23-сентябрь. Бул сәне мәмлекетимиз тарийхы бетлерине алтын ҳәриплер менен жазылатуғын күн болды. Себеби, ҳүрметли Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассам­блея­сының 75-сессиясында өзбек тилинде шығып сөйлеп, ўатанласларымыздың ертеңги жақты күнлерге болған исенимин арттырды.

Президентимиз өз шығып сөйлеўинде халықаралық ҳәм аймақлық әҳмийетке ийе болған бир қатар ўазыйпалар бойынша зәрүр басламаларды алға қойды. Атап айтқанда, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, ықлым өзгериўи, азық-аў­қат қәўипсизлиги машқаласы, кәмбағаллықты сапластырыў ҳәм қысқартыў мәселелерин ортаға таслады.

Булардың барлығы жоқары минберде биринши рет мәмлекетлик тилде баян етилиўи жүз жыллық тарийхымыздағы қуўанышлы ўақыялардың бири болып, өзиниң мазмуны, глобал көлемдеги мәселелерди шешиўдеги үлкен әҳмийети менен бәршениң итибарын тартты. Мәмлекетимиздиң тажы, ең жоқары белгиси болған өзбек тилиниң қәдирин және де бәлент көтерди.

Ҳүрметли Президентимиздиң баянатында алға қойылған басламаларды бирме-бир алып қарайтуғын болсақ, оның орайында ең биринши гезекте, инсан мәпи ҳәм ҳуқықлары турғанлығын терең аңлаймыз.

Мәмлекетимиз басшысы өз мүрәжаты арқалы раўажланыў ушын хызмет ететуғын идеялар басламашысы, новатор сыпатында сәўлеленди.

Әсиресе, Орайлық Азияның ажыралмас бөлеги есапланған Аўғанстан мәселесинде Журтбасшымыздың билдирген усынысы жүдә үлкен халықаралық әҳми­йетке ийе, әлбетте. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми жанында Аўғанстан халқының дәртин ҳәм тәшўишлерин тыңлайтуғын, турақлы жумыс алып баратуғын комитет шөлкемлестирилиўи Аўғанстанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына жәрдем береди.

Сондай-ақ, өз баянатында бүгин пүткил адамзат басына түскен, ҳәммени бирдей қәўетерге салып атыр­ған коронавирус пандемиясы, оған қарсы биргеликте гүресиў ҳәм кеселлик тарқалыўының унамсыз ақыбетлерин жеңип өтиў мәселелерине де айрықша итибар қарат­­қанлығы оғада әҳми­йетли жағдай болды.

Бул апат бириншилерден болып шешилиўи керек бол­ған машқалалардың бирине айланды. Жас, миллет ҳәм мәмлекет таңламайтуғын вирус жүдә тез пәтлер менен тарқалып үлгерди. Усы орында мәмлекетимизде Президентимиз көрсетпеси менен өз ўақтында қолланылған илажлар кеселлик ақыбетинде пайда болған қәўипти кемейтиў имка­ниятын пайда еткенлигин айрықша атап өтиў орынлы.

Пандемия себепли глобал машқалалар артқаны, атап айтқанда «Барған са­йын тәшўишли көриниске ийе болып атырған кәмбағаллық  пүткил дүнья жәмийетшилигин, бәршемизди тынышсызландырыўы зәрүр» деген сөзлери арқалы ҳүрметли Президентимиздиң халықшыл ҳәм адамгершиликли екенлигин пүткил дүнья жүзи халқы және бир мәрте сезинди.

Мәмлекетимиз басшысының баянатынан келип шығып итибар қаратыў орынлы болған және бир мәселе бар. Бәршемизге мәлим, Президентимиз усы жылдың басында 2021-2023-жылларда БМШниң «Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси»не ағза болыў кереклигине тоқталып өтти. Тән алыўымыз керек, кейинги жылларда республикамызда бул тараўда үлкен өзгерислер көзге тасланбақта. Диний ҳәм сиясий себеплер менен жазасын өтеп атырғанлар санының кескин қысқарыўы, сөз еркинлигиниң тәмийинленип атырғанлығы ҳәм еркин сайлаўлар жолындағы реформалар буған айқын мысал бола алады.

Баянатта алға қойылған халықаралық басламаларды дыққат пенен тыңлар екенбиз, олар кейинги төрт жылда әтирапымызда, бизлердиң көз алдымызда жүз бергенлигин аңлап жеттик. Мақтаныш сезимлери пайда болды. Себеби, Өзбекстандағы басламаларды енди дүнья жәмийетшилиги жаңалық сыпатында қабыл ете баслады. Өз нәтийжесин берип, халықты разы етиў арқалы экономикалық өсиўди тәмийинлеген реформалар бәршени қызықтырыўы тәбийғый жағдай. Бул болса, Өзбекстандағы демократиялық өзгерислер артқа қайтпаслығынан дерек береди.

Улыўма алғанда, мәмлекетимиз басшысы пүткил дүнья жәмийетшилигине қарата адамзаттың абадан турмыс кешириўи ҳәмме ўақыт дыққат орайымызда болыў кереклигин билдирди.

Сағындық ТУРМАНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары,

мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF