Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:29:53, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШОМАНАЙДЫҢ ДИЙДИ БӘЛЕНТ ЖАСЛАРЫ

Үлкемизде қайыр-сақаўатлы алтын гүз, бас байлығымыз болған «ақ алтын»ымызды сепситпей жыйнап алыў ушын жыйын-терим мапазы барлық орынларда ғалаба, ғажжа-ғаж түс алмақта.

«Жүйриктен жүйрик шықса еки аяғы тыпыр-тыпыр» дегендей, таңланарлық, кеўилге қонымлы жери, Шоманайда жарыс алдынғылары ҳаққында сөз болса, өткен яки алдынғы жыллардағылар емес, атлары бийтаныс фермер хожалығы басшылары, көбирек жаслардың атлары ҳүрмет пенен тилге алынады. Бәйги сызығынан бириншилер қатары избе-из мәрдана өткен үш жас фермер ҳаққында дара-дара сөз еткенди мақул көрдик.

1. АЗ ГЕКТАРДАН МОЛ ӨНИМ ЖЕТИСТИРИЎ ­ КҮННИҢ БАСЛЫ ТАЛАБЫ

«Дийқанабад» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Байрам Мәтирзаевтың «Мәтназар Мәтирзаев» фермер хожалығының егислик жерлери елатлы пункттен әдеўир алыста екен. Суўдың там-тарыслығына бола аз гектарға шигит егип, мол өним жетистириўди өз алдына мақсет етип қойған. 12 гектар жерге шигит егип, 19 тонналық дәслепки көрсеткишке ерискени менен атызларындағы пахта еле «мурты бузылмай» турыпты.  

­ Быйылғы жылдың шараятында суўды аз талап ететуғын өнимдарлы «Султан» сортын егиўден алдын көрсеткишлери менен жақсылап танысқаннан соң соған ылайық ис туттық, -дейди хожалық баслығы Байрам Мәтирзаев.

­ Ең баслы утысымыз, шигит егисин апрель айында байытып, гектар есабына 95-100 мың түптен алынған нәлди агротехникалық тәрбия менен жетилис­тирдик. Бар суўдан үнемли пайдаланып, атызларға еки рет суў ашылды. Қаламасын жапырағы арқалы, минерал төгинлердиң араласпасы менен азықландырып, шүдигарға қойыў, сапалы культивациялаў күткен нәтийжемизди берди. Киши машина-трактор паркимизде жетерли механизм ҳәм басқа да әсбап-үскенелер болғанлықтан жумыслар көлеми иркинишсиз орынланды. Жерге шигит егиўден баслап қатар араларына сапалы ислеў бериў, терилген пахтаны қабыллаў пунктлерине өз ўақтында тасып жеткериўде механизатор Зийўатдин Юсуповтың мийнетлери салмақлы болмақта.

Хожалық ағзалары еки жылдан берли ғаўаша тәрбиясы менен жыйын-терим мапазында сырттан көмекши алмастан өзлериниң бар күш ҳәм имканиятлардан пайдаланып ислеўге өткен. Пахта атызларында ўақыт пенен санаспай, жәўлан урып мийнет етип атырған алдынғы теримшилеримизден Г.Өтебаева, Г.Мәтирзаева, Т.Нарбаевлар ҳәр күни фартуклеринен 75-80 килограммнан пахта терип, мәўсим басынан көрсеткиши 2,5-3 тоннадан асып баратыр.

2. КӨП ТАРМАҚЛЫ ХОЖАЛЫҚҚА АЙЛАНАМЫЗ

2016-жылда дүзилген «Полат-Миразиз» фермер хожалығының баслығы Султанбек Реймов шоманайлы белли пахтакеш, уқыплы басшы ретинде танылған Жаңабай Реймовтың ақлығы екен. Райондағы аўыл хожалығы колледжин питкериўден өз алдына фермер хожалығын ашқанда мәмлекетлик буйыртпаға кирген пахта менен бийдайдың жобалы тапсырмаларын артығына орынлаўға ериседи. Дийқаншылықты пайдалы тараўға айландырып, 25 гектарлық гүзлик бийдайдан орташа 25 центнерден 65 тонналық қырмызы дәнди Ўатан телегине қуйыўдан 36 миллион сап пайда көриўи күтилмекте.

Бүгинги күнде жыйын-теримде айрықша көзге түскен алдын­ғы қатардағы теримшилерден З.Камалова, С.Мырзашева, З.Узақбаева, Г.Досжановалардың атлары ҳүрмет пенен тилге алынады. 

Шигит егилген 15 гектар жоба бойынша 2 центнерлик шекти ийелегени менен бар өнимди соңғы мысқалына дейин жыйнап алса, зүрәәтлилик 35-40 центнерге жетип қалары сөзсиз.

Дийқаншылық пенен шар­ўашылық бир-бирисиз болмайтуғын егиз тараўлар екени инабатқа алынған. Онлаған қуты пал ҳәрреси, суў турақлы болса аймағындағы көл балық өршитиўге жүдә қолайлы. 

 3. ДИЙҚАНШЫЛЫҚ ­ ИСЕНИМЛИ ЖАСЛАР ҚОЛЫНДА

«Бийдайдың суўы келди» деп қуўанышлары қойнына сыймай, нышлы беллерин ийнине салыў менен атызларына қулақ аўызларынан суў ашып,  бурқып аққан жап-салмаларын жағалап жүрген қуўнақ қәдемли жасларды көплеп ушыраттық.

Қуяш көк жийекке еңкейген пайытлары рәң-бәрең түс алатуғын аўыл тәбиятын байқап көриң. Аппақ шағаладай ашылған пахта атызларында жәўлан урған теримшилердиң басым көпшилигин жаслар қурар еди.

­ Дийқаншылықтағы ис-тәжирийбелеримиздиң азлығын тән аламыз. Жыл жылға сабақ болары анық. Жерге шигитти быйыл екинши жылы егиўимиз, - дейди «Шоманай-Мамый-сервис» фермер хожалығының баслығы Илҳам Қудайбергенов.

­ Хожалық ағзалары шигит егилген 11 гектардан орташа 21 центнерден 23,5 тонналық дәслепки шекти ийеледи. Ҳасылымызды мәмлекетимиз қымбат баҳасына сатып алатуғын жоқары сортларға тапсырдық. Атызларда ўақыт пенен санаспай, терим пәтин қыздырып атырғанлардан Ж.Өтемуратова, Р.Алланиязова, Н.Жуманиязовалар бас­қаларға өрнек болмақта.

Жетистирген өнимимизди соңғы мысқалларына шекем жыйнап алғанда, зүрәәтлилик 35 центнерге жетери есаплап шығылған. Азық-аўқатлық ҳәм от-жемлик егинлерден де мол қырман жаратып, жыйнап алыў баслы мапазға иркинишсиз жүргизилмекте...

Жақын жылларға шекем ырыс-несийбелерин узақ­ларға кетип, сырттан излейтуғын жасларымыз бүгинги күнде өзлери жасап атыр­ған аўылларына орнығып, дийқаншылыққа бет бур­ғаны, пешанасының маңлай терин жерге қарыстырыўы менен фермер болғаны қандай жақсы...

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ, өз хабаршымыз.

Шоманай районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF