Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:07:24, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭКСПОРТ ЕТИЎШИЛЕР УШЫН КЕҢ МҮМКИНШИЛИК ЖАРАТЫЛМАҚТА

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Нөкис» сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постында экспорт етиўши кәрханаларды қоллап-қуўатлаў, оларды бажыхана тараўында қабыл етилип атырған ҳәкимшилик ҳүжжетлердиң мазмуны менен таныстырыў, сондай-ақ, өз жумысларын әмелге асырыўына тосқынлық етип атырған себеплерди анықлап, оларды сапластырыў мақсетинде исбилерменлер менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 21-августтағы «Жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары терең таныстырылып, жергиликли ислеп шығарыўшыларға мәмлекет тәрепинен усыныс етилетуғын преференциялардың қолланыў тәртиплери туўралы мағлыўматлар берилди.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, елимиздиң сыртқы саўда айланысын экспорт товарлары есабынан арттырыў үлкен әҳмийетке ийе. Өндиристи локализациялаў нәтийжесинде «Made in Uzbekistan» белгиси менен товарлардың экспортын арттырыў — мәмлекетлик бюджетке валюта түсимин тәмийинлеў менен бирге, қосымша жумыс орынларының ашылыўына тийкар жаратады.

Сондай-ақ, әмелдеги нызамшылық талаплары бойынша, импорт орнын басатуғын товарларды ислеп шығарыў ушын белгили түрдеги товарлар импорт етилгенинде, бажыхана төлемлеринен жеңилликлер қолланылатуғынлығы айрықша атап өтилди. Атап айтқанда, усы күнге шекем бажыхана басқармасына қараслы сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постлары тәрепинен сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына, жәми 172 млрд. 230 млн. сум муғдарындағы бажыхана төлемлеринен жеңиллик ҳәм преференциялар қолланылған.

Ушырасыўда исбилерменлердиң өз жумысларын толық әмелге асырыўына тосқынлық етип атырған факторлар жуўапкер хызметкерлер тәрепинен толық үйренилиўи шөлкемлестирилип, машқала ҳәм кемшиликлери орынларға шыққан ҳалда унамлы шешилди.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF