Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:09:12, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИНСАН РЕСУРСЛАРЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ОҒАДА ӘҲМИЙЕТЛИ

Инсан ресурсларын раўажландырыў-бул жумыс процеси нәтийжелигин арттырыў ушын хызметкерлердиң билим ҳәм көнликпелерин арттыратуғын оқытыў усылларын жетилистириў, түрли тренинглер, семинарлар ҳәм маманлығын арттырыў курсларын шөлкемлестириў ҳәм тараўға турақлы түрде инвестициялар киргизиў арқалы алынатуғын пайда болып табылады.

Жәҳән банки ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасының берген мағлыўматларына қарағанда, ҳәзир дүньяда материаллық байлықлар 16 процент, тәбий­ғый байлықлар 20 процент, ал, инсан капиталы 64 процентти қурайды.

Әмелге асырылған изертлеўлерге қарағанда, инсан капиталына киргизилген инвестициялардан алынған пайда техникаға киргизилген инвестицияларға қарағанда 3 есе көп екенлиги анықланған.

Жәҳәнниң раўажланған мәмлекетлериниң тәжирийбеси соны көрсетеди, ҳәзир де инновациялық экономиканы қарар таптырыўда инсан капиталынан үнем­ли пайдаланыў, оған үлкен муғдарда инвестициялар киргизиўди талап етпекте, яғный, инсан капиталына бағдарланған қаржылар басқа факторларға қарағанда өзин ақламақта.

Егер инсан ресурсларын раўажландырыў тараўындағы дүнья тәжирийбеси алып қаралса, раўажланған мәмлекетлердиң бири болған Японияда 300 ден артық  жумысшыға ийе болған компаниялардың 80 % артығы кадрларды қайта оқытыў системасында «жумыс үстинде таярлаў» (on-the-job training) методынан пайдаланады.

 Бул методқа көре, жумысшыларға жүклетилген ўазыйпалар дәслеп тәжирийбели қәниге тәрепинен түсиндирилип, әмелиятта ислеп көрсетип береди ҳәм кейин таза жумысшының өзи бул ўазыйпаны еркин түрде тиккелей өзи ислеп, оның нәтийжесине устаз қәниге баҳа берип барады.

Сондай-ақ, япон корпора­цияларына кириўде таза жумысшылар 6 айдан 12 айға дейин шөлкемниң ҳәр бир бас офислеринде таярлықтан өтеди, нәтийжеде оларда ҳәр бир бөлим бо­йынша улыўмалық билим ҳәм көникпелер пайда болады. Бул әмелият өз нәўбетинде таза жумысшыларда тез бейимлесиў, шөлкемниң улыўмалық ўазыйпалары ҳәм алдына қойған стратегиялық мақсетлерин түсинип жетиўине алып келеди. Жумысшыларды хошаметлеўде олардың маманлығын сертификатлаў системасынан пайдаланады, бул хызметкердиң қайсы тараўда тәжирийбеге ийе екенлигин көрсетип береди.

Өзбекстан Республикасында ҳәм ақырғы үш жыллықта барлық тараўларда болып атырғаны сыяқлы инсан ресурсларын ҳәм кадрлар потенциалын раўажландырыў тараўында үлкен өзгерислер жүз бермекте.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң                     2019-жыл 3-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасында кадрлар сиясаты ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасын түп тийкарынан жетилистириў илажлары ҳақкында»ғы ПП-5843-санлы Пәрманына тийкар мәмлекетимизде кадрлар сиясаты бойынша арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым болған Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилди ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги жумысларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4472-санлы қарары менен бул Агентликтиң структурасы ҳәм алдына қойылган тийкарғы ўазыйпалары белгилеп берилди.

Жоқарыдағы нызам ҳүжжетлерине муўапық, Агентлик қурамында Инсан ресурслары ҳәм кадрлар потенциалын раўажландырыў Департаменти, оның аймақлық филиалларында болса инсан ресурслары ҳәм кадрлар потенциалын раўажландырыў бөлимлери шөлкемлестирилип, оларға инсан ресурсларын раўажландырыў бойынша тий­карғы ўазыйпалар жүклетилди, яғный, инсан ресурсларын ҳәм кадрлар потенциалын раўажландырыўдың инновациялық усылларын үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиў,  кадрлардың профессионал дәрежесин (тараўға байланыслы ҳәм жоқары маманлықтағы қәнигелердиң қатнасында) турақлы түрде арттырып барыўды шөлкемлестириў, сол тийкарда шет ел мәмлекетлеринде, мәмлекетлик пуқаралық  хызметкеринде жоқары кәсип этикасы, коррупцияга қарсы гүресиў мәдениятын қәлиплестириў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги руўхый  әдеп-икрамлылық жағдайын үйренип барыў, мийнет топарындағы орталықтың жаманласыўына имкан берген себеплер ҳәм шараятларды анықлаў, оларды сап­лас­тырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў, кадрлардың мийнет потенциалын турақлы раўажландырыў ҳәм оны толық иске қосыў тийкарында  мәмлекетлик  уйым­лардың мақсетлерине ерисиўинде ҳәр бир хызметкердиң жеке үлесин арттырыўга көмеклесиў, мәмлекетлик пуқаралық хызметине қәбилетли жаслар арасынан келешек кадрларының резервин қәлиплестирип барыў ҳәм басқа да ўазыйпалар жүклетилди.

Ҳәзирги кунде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен де инсан ресурсларын ҳәм кадрлар потенциалын раўажландырыў бойынша бир қанша ислер әмелге асырылмақда.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, қала ҳәм район ҳәкимиятларында жумыс ислеп атыр­ған 480 ге жақын басқарыў кадрларының сиясий-ҳуқықый, экономикалық, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм мәнаўият тараўындағы билим дәрежесин анықлаў, олардың психологиялық портретин жаратыў мақсетинде  «Мәмлекетлик хызметкерлерди сынаўдан өткериў модулы» арнаўлы тест системасы арқалы тесттен өткерилип, хызметкерлердиң тийисли бағдарларда билим дәрежеси анықланып, оларға психологиялық баҳалар берилди.

Сондай-ақ, Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен мәмлекетлик пукаралық хызметине қәбилетли жаслар арасынан келешек кадрларының резервин қәлип­лестирип барыў мақсетинде  республикадагы жоқарғы оқыў орынларында билим алып атыр­ған халықаралық, республикалық пән олимпиадалары ҳәм бас­қа таңлаў жеңимпазлары, мәмлекетлик стипендия ийелери ҳәм де үлгили баҳаларға оқып атырған студентлер бойынша мағлыўматлар базасы жаратылып, ҳәзир бул бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги системасында басқарыў кадрларының потенциалын модельлестириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң орайлық аппаратындағы басқарыў кадрлары ҳәм де район аўыл хожалығы бөлимлериниң басшылары арасында аноним тәриздеги социаллық сораўнама өткерилди ҳәм де сораўнама нәтийжелери талқыланбақта. 

Соның менен бирге, Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм де республикадағы ти­йисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги басқарыў кадрларының кейинги 3 жыл даўамында маманлығын арттырыў бо­йынша әмелге асырылған жумыслары талланып, мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң маманлығын  системалы түрде арттырып барыў илажлары көрилмекте.

Жуўмақлап айтқанда, мәмлекетимиз Президенти Ш. Мир­зиёевтиң атап өткениндей, «Бүгин турмыстың өзи бизден профессионал, тез ҳәм нәтийжели мәмлекет хызмети системасын қәлиплестириўди, жаңаша пикирлейтуғын, баслама менен шыға алатуғын, елге садық кадр­ларға кең жол ашып бериў бо­йынша нәтийжели система ислеп шығарыўды талап етпекте.

Сол себепли мәмлекетимизде шет ел тәжирийбесинен келип шығып, инсан ресурсларын раўажландырыўға инвестициялар киргизиў, бул арқалы маман кадр­лардың жетисип шығыўын ҳәм мәмлекетлик шөлкемлерде ис өнимдарлығын арттырыў арқалы халқымызға сапалы хызмет көрсетиў ис илажларын әмелге асырыў лазым, бул өз гезегинде жәмийетимизде инсан ресурсларының раўажланып, билимлендириў системасы, социаллық инфраструктура, денсаўлықты сақлаў тараўларының раўажланыўына ҳәм халықаралық майданда мәмлекетимиз имиджиниң жоқарылаўына алып келеди.

 

 

Дж.Махмудов,

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти

раўажландырыў агентлиги баскарма баслығы ў.а.

 

К.Сеитниязов,

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти

раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы бас инспекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF