Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:25:49, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲУҚЫҚЫЙ МӘДЕНИЯТ ­ НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИНИҢ ГИРЕЎИ

Ҳуқықый мәденият — бул улыўма дүньялық мәденияттың әҳмийетли бир бөлеги. Жәмийетте юридикалық илимлердиң ҳәм пәнлердиң жоқары дәрежеде раўажланған болыўы ҳуқықый мәденияттың жетиклигинен дәрек береди.

Президентимиз Ш.Мирзиёев Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисинде шығып сөйлеген сөзиндеF Биз қаншелли жетилискен нызамлар жаратпайық, қандай реформалар өткер­мейик, егер пуқараларымыздың ҳуқықый билими, сана-сезими ҳәм мәденияты жетерли болмаса, күтилген нәтийжелерге ерисиў қыйын болады, басқаша айтқанда, Конституция ҳәм нызам­ларға ҳүрмет, ҳуқықый сана-сезим ҳәм мәденият ҳәр бир пуқараның, ҳәр бир лаўазымлы шахстың турмыс ҳәм турмыс тәризине айланыўы керек, - деп атап өткен еди. Ашынарлысы, жәмийетимиздеги барлық адамларда ҳуқықый жуўапкершиликти сезиў толық қәлиплесип атыр­ған жоқ. Атап айтқанда, ҳәзирги күнде коронавирус пандемиясы жағдайындағы карантин қағыйдаларын айырым адамлардың күнделикли бузыўының гүўасы болмақтамыз.

Ҳуқық тәлийматында бирлемши ямаса басланғыш ҳуқықый сана деген түсиник бар. Яғный, бирлемши ҳуқықый сана, ҳуқық ҳәм нызамшылыққа болған адамлардың ой-пикирлери, сезимлери, кеўил хошы ҳәм кейпиятлары. Бул сезимлер адамлардың тиккелей турмыс тәризлери, олардың әмелий тәжирийбелери тәсири астында пайда болады. Жоқарыда атап өткен карантин қағыйдаларын бузыўшыларға не деймиз. Олардың ҳуқықый билими, сана-сезими ҳәм мәденияты қандай дәрежеде, деп ойлаўымыз мүмкин. Жасыратуғыны жоқ, турмысымызда ушырасатуғын айырым мәселелерди шешиўде «нызамды шетлеп өтиў» жағдайлары ушырасып турады. Балаларды бақшаға орналастырыўда электрон гезеклердиң тәртипке салыныўы, мектеплер ҳәм жоқары билимлендириўге оқыўға қабыл етиўде ашық-айдынлық тәртиплериниң жаратылыўы, «бир айна» принципи тийкарында мәмлекетлик хызметлердиң жолға қойылыўы усындай «нызамды шетлеп өтиў»­диң алдын алыўға қара­тылған. 

Жаслардың ҳуқықый тәрбиясына унамсыз тәсир көрсетиўши жағдайларға қарсы ҳуқықый иммунитетти қәлиплестириў, ҳәр бир шахста нызамларға ҳәм әдеп-икрамлық қағыйдаларына ҳүрмет, миллий қәдириятларға садықлық, ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиўшеңлик сезимин оятыў ислерине комплексли түрде жантасылмады. Халықтың ҳуқықый билимлерин арттырыўға байланыслы ўазыйпалар улыўмалық түсте белгиленип, оларды әмелге асырыўдың анық тәсирли механизми болмағанлықтан жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў бойынша ислердиң нәтийжеси сезилерли дәрежеде өзгермеди. Ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыўда жеке мәплер ҳәм жәмийетлик мәплер ортасындағы теңликти сақлаў идеяларын халықтың санасына сиңдириў жумысларының жетерли алып барылмаўы да нызам үстинлигин тәмийинлеўге өзиниң сезилерли унамсыз тәсирин тийгизди.

Халықтың ҳуқықый билимлери жетерли болмаўы, сондай-ақ, пуқаралардың мәмлекет уйымларының нызамға қайшы келетуғын қарарлары үстинен судқа шағым етиў имканиятынан дерлик пайдаланбаслығы лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң кемситилиўи жағдайларының жүзеге келиўине себеп болды. Булардан тысқары, ҳәзирги глобалласыў, илимий-техникалық раўажланыў дәўиринде халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўдың инновациялық усылларынан, үгит-нәсияттың алдынғы ҳәм тәсиршең қуралларынан, сырт еллердиң бул бағдардағы унамлы тәжирийбелеринен жетерли дәрежеде пайдаланылмады.

Жоқарыда айтып өтилген кемшиликлерди дүзетиў, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин және де жетилистириў, пуқаралардың социаллық-сиясий өзгерислер менен уйғын рәўиште ҳуқықый билимлерин асырып барыўының заманагөй усылларын енгизиў, сондай-ақ, халықты, әсиресе, жасларды зыянлы хабарлардан қорғаў бо­йынша беккем ҳуқықый иммунитетти қәлиплестириў мақсетинде 2019-жылы 9-январьда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы Пәрман қабыл етилди. Пәрман менен жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепциясы ҳәм де оны әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» тастыйықланып, жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыўдың тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.

Президентимиздиң атап өткениндей, биз жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў бағдарындағы жумысларымызды үзиликсиз даўам еттириўимиз зәрүр. Ҳуқықый тәрбияны мектепке шекемги билимлендириў системасынан баслаўымыз, бул бойынша дәслепки көнликпелер ана ҳәййиўи сыяқлы перзентлеримиз қәлбинен өмир бойы орын алыўы дәркар. Конс­титуциямыз ҳәр бир пуқараның санасы ҳәм қәлбинен терең орын алған, олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин толық кепиллейтуғын ҳақыйқый турмыс нызамына айланыўы тийис.

Ҳәр бир тараў ҳәм бағдар, билимлендириўдиң барлық басқышлары ушын ҳуқықый мәдениятты арттырыўдың илимий тийкарланған бағдарламасы таярланыўы, бунда, бәринен бурын, Конс­титуцияны үйрениўге терең итибар қаратыў лазым. Мектеплер ушын «Конституция әлипбеси», «Конституция сабақлары», «Конституция тийкарлары» сыяқлы сабақлықларды жаратыў ҳәм усы пәнлерден сабақ беретуғын оқытыўшыларды таярлаўда олардың сиясий, ҳуқықый ҳәм руўхый дәрежесине айрықша әҳми­йет бериў керек. Сондай-ақ, турмыстағы әдалат салтанаты, нызамлы ҳуқықлардың тикленгени ҳаққында қызықлы көрсетиўлер, сериаллар, көркем фильм, театр шығармаларын жаратыў да үлкен тәр­биялық әҳми­йетке ийе. Улыўма алғанда, нызам ҳәм әдалат салтанаты ушын гүресетуғын инсанлар бүгинги күнниң қаҳарманлары болыўы керек.

Тоғайтөре ҚӘЛЛИБЕКОВ,

Қарақалпақстан Республикасы ХБХҚТ ҳәм ОҚАА орайы доценти,

юридика илимлериниң кандидаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF