Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:30:57, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЛДАНЫП ҚАЛМАҢ, ЗАМАНЛАС

Биз сизге телефон фишинги ҳаққында қысқаша айтып бермекшимиз. Фишинг (ингл. fishing ­ балық тутыў) ­ бул пайдаланыўшылардың конфиденциал мағлыўматларға кире алыўы менен байланыслы алдаўшылық түри.

Телефон фишингте алдаўшылар жәбирлениўшилерге қоңыраў етип, өзин банк, сервис, компания яки лотерея компаниясының хызметкери (басқа тараў ямаса ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкери) деп таныстырып, алдаў жолы менен олардың банк төлем карталары ҳәм есап бетлери (логин, парольлер болыўы да мүмкин) ҳаққындағы мағлыўматларды, төлем карталарының ПИН-кодлары, пул қаржыларын басқа есап бетине өткериўге шақырады. Көп жағдайларда олардың берген усыныслары исенимли болады. Олардың алдында турған мақсет ­ бул туўрыдан-туўры пул қаржыларын яки есап бетин басқарыў ушын имканиятты қолға киргизиў болып табылады.

Алдаўшылар қолға киргизиўге ҳәрекет етип атыр­ған реквизитлер ­ бул төлем картасы номери, оның әмел етилиўиниң тамамланыў ўақты, тастыйықлаўшы SMS-код, айырым жағдайларда CVV2/CVC2-код, ПИН-код ҳәм төлем картасы ийесиниң фамилиясы, исми, әкесиниң исми.

Бундай жағдайлардың алдын алыў ушын төмендегилерди мәлим етемиз, банк хызметкерлери сизиң төлем картаңыз ҳаққында керекли мағлыўматларға ийе ҳәм оларды телефон яки интернет арқалы сорамайды, ҳеш кимге, ҳәтте, банк хызметкерлерине де CVV2/CVC2-код яки ПИН-кодты бермең. Сизге SMS арқалы келген банк номерлеринен пайдаланбаң. Дурыс, банк номерлери сизиң төлем картаңыздың арқа тәрепинде жазылған болыўы керек, ҳәмме сораўлар бойынша усы номерлер арқалы байланысыў мақсетке муўапық, банк­лерден рәсмий SMS-хабарда сизиң төлем картаңыздың ақырғы 4 саны көрсетиледи.

Буннан тысқары, бундай нызамсыз ҳәрекетлерди ислеген шахслар Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы менен жынайый жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин. Усы статьяға көре, айыпкер шахс базалық есаплаў муғдарының алты жүз есесине шекемги муғдарда жәриймаға яки он жылға шекем азатлықтан айырыў жазасына тартылыўы мүмкин.

Исламбек МАТУРАЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим баслығы.

 

Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF