Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:50:03, 17.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕШИРИМЛИЛИК УЛЛЫ ПАЗЫЙЛЕТ

Суд-ҳуқық тараўы системасын демократияластырыў ҳәм еркинлестириў, суд, ҳуқықты қорғаўшы ҳәм қадағалаў уйымлары искерлиги нәтийжелилигин, халықтың әдил суд­лаўға бол­ған исенимин асырыў, жәмийетте нызам үстемлигин тәмийинлеў ҳәм нызамлылықты беккемлеў мақсетинде суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, суд-ҳуқық системасын жәнеде раўажландырыў тараўында мәмлекет сиясатының баслы жөнелиси етип белгиленген.

Мәмлекетимиз сиясатында кеширимлилик әзелден кең қолланылып келинген болып, кешириў — бул инсандағы пазыйлетлердиң ең үлгили ҳәм инсанлардың бир-бирине болған ҳүрметин асыратуғын ҳәрекет есапланады.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде карантин жәрияланған болыўына қарамастан, жазасын өтеп атырған шахсларға инсаныйлық принципине муўапық Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-статьясы талаплары тийкарында мүддетинен алдын жазадан шәртли түрде азат етиў бо­йынша ИИУ Пробация топарлары тәрепинен киргизилген усыныслар кешиктирилместен көрип шығылмақта.

Сол тийкарда, жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судында Мойнақ районы Ишки ислер уйымлары Пробация топары тәрепинен киргизилген усыныс көрип шығылды. Бул усыныста Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 202-статьясы 3-бөлими «е» бәнти менен айып­лы деп табылып тийисли жазаларын өтеп атырған 10  шахсқа инсаныйлық принципи қолланылды.

Мойнақ районы «Мәдели» АПЖ аймағында жасаўшы бул шахслар 2019-жылы алдыннан жынайый тил бириктирип, бир топар болып Өзбекстан Республикасы «Ҳайўанат дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызам қағыйдаларын бузып, Мойнақ районы аймағында жайласқан «Мойнақ аква санаат» унитар кәрханасына тийисли болған көлден, балық аўлаў қағыйдаларын бузған ҳалда, улыўма аўырлығы 140 кг, жәми 797 дана балықларды аўлап алып кетип, ҳайўанат дүньясына жәми 303. 507.083 сумлық жүдә көп муғдардағы зыянды жеткерген ҳәм суд ҳүкими менен ти­йисли жазаға тартылған.

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-статьясында судланған шахс жазаны өтеў дәўиринде орнатылған тәртип-қағыйда талапларын орынлаған ҳәм мийнетке ҳадал қатнасықта болған жағдайларда жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилиўи мүмкинлиги көрсетилген.

Мойнақ районы ИИУ Пробация топары тәрепинен киргизилген усыныс усы суд тәрепинен нызам талаплары бойынша терең, тийисли тәртипте үйренип шығылып, судланған шахслардың жазасын өтеў дәўиринде ислеген жынаятларының ақыбетлерин түсинип жеткенлиги, дүзелиў жолына кирип, социаллық мийнетке болған қатнасығы унамлы тәрепке өзгергенлиги, орнатылған тәртип-қағыйда талапларын орынлап, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғанлығы себепли жазаларынан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.

Судлардың бүгинги күндеги ўазыйпасы жазалаўшы уйым емес, ал, нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм пуқараларды Конституция ҳәм нызамларға бойсыныў руўхында тәрбиялаў баслы ўазыйпа екенлиги ҳақыйқат ҳәм бул әмелде иске аспақта.

Д.Разов,

Жынаят ислери бо­йынша Қоңырат районы суды баслығы.

 

Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF