Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:19:07, 17.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҮЛГИЛИ ЖАС ШАҢАРАҚЛАР ҲӘРДАЙЫМ ИТИБАРДА

Ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей көрсетпе хәм тапсырмаларына муўапық, ҳүкимет басшылары тәрепинен мәмлекеттиң социаллық турмысында белсендилик көрсетип, айрықша өрнек болып атырған жас шаңарақларға узақ мүддетли жеңиллетилген ипотека кредитлерин бериў жолы менен олардың турақ жай ҳәм турмыс шараятларын және де жақсылаў мақсетинде бир қатар унамлы жумыслар алып барылып, қолайлы  шараятлар жаратып берилмекте.

Тийкарынан, айрықша өрнек көрсетип атырған жас шаңарақларға «Жаслар үйлери»н бериў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 8-сентябрьдеги «Мәмлекеттиң социаллық турмысында белсене қатнасып атырған жас шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеўди және де қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған Жаслар үйлеринен жас шаңарақ­ларға квартиралар бериў мәселелерин көрип шығыў тәртиби ҳаққындағы қағыйда талаплары тийкарында тәртипке салынады.

Усы қағыйдаға көре,  жас шаңарақлар — бул ерли-за­йыплының екеўи де отыз жастан аспаған Өзбекстан Республикасы пуқаралары екенлиги, ал айрықша өрнек көрсетип атырған жас шаңарақлар — деп Өзбекстан Республикасы «Көкирек белгиси» нышаны, мәмлекетлик сыйлықтың ийелери, илим, билимлендириў, әдебият, мәденият, спорт тараўларында жоқары нәтийжелерге ерискен, республика ҳәм халықаралық таңлаўлардың, сондай-ақ, пән олимпиадалары, стипендиялар жеңимпазлары болған Өзбекстан Республикасы пуқаралары нәзерде тутылған.  «Жаслар үйлери»ниң қурылыўы ҳәм қурылып атырған үйлерден квартиралар ажыратылыўы ҳәр жыл­ғы дәстүрге айланып келмекте.

Усы орында статистикалық есабатларға нәзер аўдаратуғын болсақ, 2015-2019 жылларда Нөкис қаласы ҳәм барлық район (Бозатаў ра­йонынан тысқары)лардан жәми 500 ден аслам жас шаңарақларға жаңа турақ жай квартиралары тапсырылыўы тәмийинленди.

Алдынғы «Камолот» үйлери деп аталып келинген Жаслар үйлери  2015-2017-жылларда дәслепки төлемсиз, 2017-2019-жылларда Өзбекстан жаслар аўқамы төлеп бериў шәрти менен квартиралар ажыратылыўы тәмийинленип келинди.

Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 23-сентябрьдеги қарар талапларына муўапық, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен 2018-жылда 40, 2019-жылда 80, жәми  120 жас шаңарақларға 2 866 427 059,90 сум муғдарындағы қаржы квартираның дәслепки төлеми ушын ажыратып берилиўи тәмийинленди.

Ал, Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 11-сентябрьдеги 760-санлы қарары талапларына муўапық, 2020-жылдан баслап үйлердиң басланғыш төлеми жас шаңарақлар тәрепинен төлеў тәртиби енгизилди.

Айырым жағдайларда, жеке жетискенликке ийе болмаған жас шаңарақлар тәрепинен «не ушын жетискенлиги бар болған жас шаңарақларға үйлер берилип атыр» мазмунында наразылық мүрәжатлары да келип түседи.

Бул, айрықша өрнек көрсетип атырған жас шаңарақлардың кейинги әўлад­қа өрнек болыўы, бул киби жас шаңарақларымыздың санын көбейтиў сондай-ақ, мотивация ретинде ҳүкиметимиз тәрепинен ислеп шығылған механизм болып есапланады.  

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен барлық тайпадағы халқымызды турақ жай менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған. Мәселен, жасына қарамастан, шаңарақ аўҳалынан келип шығып, белгили дәраматқа ийе болған Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын район-қала ҳәкимликлери, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў минис­трлиги ҳәм де бир қатар шөлкемлердиң усыныснамасы тийкарында квартиралар ажыратылыўы ҳүкиметимиздиң тийисли қарарларында белгиленген.

    

Казбек ПАЛЎАНИЯЗОВ,

Өзбекстан Жаслар аўқамы  Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳуқуқ мәсләҳәтшиси.

 

Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF