Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:31:49, 17.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЛЛЕТЛЕРАРАЛЫҚ ДОСЛЫҚҚА АРНАЛДЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  «Сен қүдирет ­ дәреги, бахыт мәканы, жанажан Өзбекстаным!» сүрени тийкарында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 29 жыллығына бағышланып «Мәнаўият ­ инсан камалы ҳәм күш-қүдиретиниң дәреги» атамасында руўхый-ағартыўшылық онлайн-конференция болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Миллетлер­аралық мүнәсибетлер ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланыслары комитети, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Мәденият министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илаж Аралбойы аймағында жасаўшы халықлардың руўхый ағартыўшылық байланысларын раўажландырыў мәселелерине бағышланды.

Конференция жумысына мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлер, Маърифат үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзалары, миллий мәдений орайлар ағзалары, белсенди жаслар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Конференцияда Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Қ.Юсупов ашты ҳәм басқарып барды. Онда Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Орайы баслығы, сенатор М.Ҳожиматов, Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық мүнәсибетлер ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланыслары комитети баслығы Р.Қурбанов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Э.Дурдиев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының  кеңесгөйи Ж.Абдижамилов ҳәм басқалар өз баянатлары менен қатнасты. Атап өтилгениндей, бүгинги күнде мәмлекетимизде 130дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери бир шаңарақтың перзентлериндей татыў ҳәм аўызбиршиликли жасамақта. Олар улыўма үйимиз ­ Өзбекстанымыздың раўажланыўы жолында бирлесип, барлық салаларда ҳәм тармақларда пидакерлик пенен мийнет етип, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлеслерин қоспақта. Бизиң Конституциямызда ҳәм нызамларымызда Өзбекстан Республикасының барлық пуқаралары миллетине, тилине ҳәм динине қарамастан теңдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе екени беккемлеп қойылған. Оларға өз миллий мәдениятын, дәстүрлерин ҳәм үрп-әдетлерин сақлаў, ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын барлық имканиятлар жаратылған.

Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасында қазақ, түркмен, рус, кореец, украин миллий мәдений орайлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар миллетлераралық татыўлықты буннан былай да беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, 2019-жылы «Жәмийетшилик пикирди үйрениў орайы» тәрепинен өткерилген сораўнамада 98 проценттен аслам респондентлер елимизде жасайтуғын барлық миллет ҳәм халық ўәкиллери Өзбекстанды өз үйи сыпатында билетуғынлығын ҳәм олардың ҳуқық ҳәм еркинликлери толық тәмийинленгенлигин атап өткен еди. Карантин талапларына әмел еткен ҳалда өткерилген илаж соңында мәдений орайлар ўәкиллериниң әдебий ҳәм саз-сәўбет бағдарламалары менен даўам етип, конференция қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлады.  

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

 

Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF