Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:30:51, 17.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА МЕКТЕПТИҢ ЖАҢАША ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕРИ

Президентимиз басламасы менен үзликсиз профессионал билимлендириў сис­темасын еле де жетилистириўге бағышлап 2019-жыл 15-июль күни өткерилген мәжилисте сөз етилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-июль күнги «Улыўма орта билим бериў мектеплеринде билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин арт­тырыў, билимлендириў мәкемелерин жаңа оқыў жылына таярлаў жумысларын жеделлестириў, кәсип-өнер колледжлериниң имарат ҳәм қурылмаларынан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы хатын басшылыққа алып, Шымбай районында бир қатар ислер әмелге асырылды. 

Shımbay rayonı – QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ JOQARǴÍ KEŃESI

Райондағы жумысы тоқтатылып атырған Шымбай экономика колледжиниң имарат ҳәм қурылмалары районлық ХББ системасына өткерилди ҳәм усы колледждиң имараты негизинде жаңадан 49-санлы улыўма орта билим бериў мектеби шөлкемлестирилип, колледждиң барлық материаллық-техникалық базалары, мебель ҳәм оқыў лаборатория үскенелери, спорт инвентарьлары мектептиң балансына берилди.

Биз жақында Шымбай районына шөлкемлестирилген хызмет сапарымыз даўамында усы оқыў орнында болып, мектеп жәмәәтиниң өткен оқыў жылында алып барған жумыслары менен жақыннан таныстық.

Бул мектеп 1080 оқыўшы орынға мөлшерленген болып, еки бас корпусқа ийе. Мектепте оқыўшылардың сапалы билим ҳәм тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық зәрүр шараятлар жаратыл­ған. 300 орынлық мәжилислер залы, бир компьютер класы, еки физика, еки химия ҳәм биология ханалары керекли әсбап-үскенелер, инвентарьлар ҳәм реактивлер менен тәмийинленген. Мектеп китапханасынан сабақлықлар, бир неше атамадағы көркем ҳәм сиясий әдебиятлар, оқыў қолланбалары ҳәм электрон әдебиятлар орын алған болып, китапханадағы заманагөй үлгидеги алты дана компьютерлер интернет тармағына жал­ғанған. Сондай-ақ, мектепте спортқа қызығыўшы жаслар ушын l8/36 өлшемдеги спорт залы спорттың ҳәр бир түри бойынша спорт инвентарьлары менен тәмийинленген. Буннан тысқары, спорттың волейбол, баскетбол ҳәм футбол түрлерине арналған жазғы спорт майданшаларында спорттың усы түрлерине қызығыўшы жаслардың қәлеген ўақытларында келип шуғылланыў мүмкиншилиги жаратылған.

Муғаллимлердиң биреўи жоқары, үшеўи биринши, бесеўи екинши категориялы, он жетиси жоқары мағлыўматлы қәниге муғаллимлер саналады. Олардан мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими, «Жыл ҳаялы­2019» таңлаўының жеңимпазы Гәўҳар Әметова, жоқары категориялы инглис тили пәни муғаллими, «Жылдың ең жас оқытыўшысы» таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы жеңимпазы Зульфия Баймағанбетова, биринши категориялы математика пәни муғаллими, «Жылдың ең жақсы пән муғаллими» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазы Ақсулыў Нурлыбаева, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими, Қарақалпақстан Республикасы көлеминде муғаллимлер арасында өткерилген «Дөретиўши оқытыўшылар» олимпиадасы жеңимпазы Маман Ешмуратовлар оқыўшыларға интерактив усылда сабақ өтип, кәсиплеслерине үлги болмақта.

Әлбетте, усындай пидайы ҳәм тәжирийбели устазлардан билим ҳәм тәрбия алған оқыўшылар да ҳәр бир оқыў жылы даўамында мектеп оқыўшылары арасында өткерилип киятырған ҳәр түрли атамадағы таңлаўлар, пән олимпиадасы ҳәм спорт жарысларында жеңимпаз болып, мектептиң абыра­йын көтериўге ерисип келмекте. Олардан өткен оқыў жылында 5-класс оқыўшысы Х.Ғайбуллаев «Өзбек тилим ­ мақтанышым» атамасындағы шығармалар таңлаўының районлық басқышында биринши орынды, 8-класс оқыўшысы Ғ.Қойлыбаева «Қарақалпақ әдебиятының сөнбес жулдызлары» атамасындағы шығармалар таңлаўының республикалық басқышында биринши орынды, 9-класс оқыўшысы Х.Балтабаева «Ана тилим ­ мақтанышым» атамасындағы шығармалар таңлаўының республикалық басқышында екинши орынды, 11-класс оқыўшылары Н.Қурбанбаева ҳәм Ы.Кеўлимжаевалар пән олимпиадасының районлық басқышында өзбек тили ҳәм инглис тили пәнлеринен екинши орынды ийелеп, республикалық басқышқа жоллама алды. 11-класс оқыўшылары Т.Қарабаева ҳәм Е.Абдуллаевалар спорттың гүрес түринен өзлериниң салмақ катего­рия­ларында биринши орынды ийелеп, Қарақалпақстан чемпионы болыўға еристи.

Жаңа оқыў жылында да мектептиң педагогикалық жәмәәти ҳәм оқыўшылардың жоқары нәтийжелерге ерисиўине исенемиз.

 

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Шымбай районы.

СҮЎРЕТТЕ: мектеп имаратының сыртқы көриниси.

Автордың түсирген сүўрети.

 

 

Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF