Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:50:02, 17.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДӘСТҮРИЙ АВГУСТ КЕҢЕСИ ӨЗ ЖУМЫСЫН БАСЛАДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў тараўы хызметкерлериниң ҳәр жылы өткерилетуғын дәстүрий август кеңеси 18-август күнинен өз жумысын баслады.

ZOOM бағдарламасы арқалы онлайн түрде өткерилген август кеңесиниң жумысын баслаўы мүнәсибети менен өткерилген илажды Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов басқарып барды. Илажға министрдиң орынбасарлары, бөлим ҳәм Республикалық оқыў методикалық орайының баслықлары, пән методистлери, район (қала)лық халық билимлендириў бөлимлери баслықлары қатнасты.

Август кеңеси ҳәр жылы оқыў жылы алдынан билимлендириў мәкемелериниң өткен оқыў жылы даўамында ерискен нәтийжелерин ҳәм кемшиликлерди талқылаў, алда турған ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде өткерип келинеди.

Август кеңеси шеңберинде өткерилген секция мәжилислерине 450 ден аслам методист-тренерлер ҳәм тәжирийбели муғаллимлер тартылды.

Илажда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF