Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:50:01, 17.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЎАП  ИСТИҢ  БАСЫ-ҚАСЫНДАҒЫ  ИСБИЛЕРМЕН

Нөкисли исбилермен Мурат Шымбергенов халқымызды коронавирус инфекциясынан қорғаў мақсетинде өз есабынан 100 млн. сум пул ажыратып, басқаларға өрнек болғаны ҳаққындағы хабар дәслеп интернет тармақларында тарқалды.

«Көп түкирсе көл болады» дегендей, бул көрсеткиш қысқа ўақыт ишинде өз қоллап-қуўатлаўшыларын таўып, 300 миллионға жеткен. Ийгиликли исин баспасөз бетлеринде жарытыў ушын телефон арқалы байланысқанымызда «жақсылық етсең жасыр, жақсылық көрсең мақтаўын асыр»ға салып, кишипейиллик пенен онша хош көрмегендей шырай танытты. Күнделикли турмыста мақсетсиз саўған көк тийинына жаны қосыла шығатуғын исбилерменлерге жийи дус келгенликтен саўап истиң басы-қасында жүрген, сақый жигит, Қанлыкөл районынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутат болып сайланған, «Шуҳрат» медалының ийеси, пайтахтымыздағы көп тармақлы жуўапкершилиги шекленген «Кардар» ислеп шығарыў жәмийетиниң баслығы Шымбергенов Мурат Әдилбаевич пенен ўақтының жоқлығына байланыслы қысқаша сәўбетлес­тик.

­ Адамның күни адам менен кешерин умытпасақ деймен. Жумыры жерде жасаўшы пүткил дүнья халықларына бир тегис жайылып, орны толмас апатшылық келтирип атырған коронавирус пандемиясы бираз албыратты десек асыра айт­қан болмаймыз. Адамзат қыйын-қыстаў пайытлары аўызбиршиликли жасап ҳәм мийнет етиўлери ушын бир-бирлерине жәрдем қолларын созып, баўырман, қәўендер болмаса тиришилиги қыйынласады,  - дейди Мурат Әдилбаевич терең ой­ларға шүмип.

­ Биринши гезекте ўақытты уттырмастан жағдайды үйрениў ушын медицина тараўы менен танысып, өзимше еки жойбар бо­йынша жумыс ислегенди мақул көрдим. Орталыққа жыйнаған ақшамызға Қытай мәмлекетинен ҳәр данасы 450 доллар (АҚШ) туратуғын 100 кислород концентрат баллонларын сатып әкелдик. Екиншисине тийкар, емлеўханалардың сыртында қәўипсизлик қәделери бойынша бир жерге сақланыўға тийисли кислород баллонлары станциясынан палаталардағы даўаланыўшыларға таза ҳаўаны мыс түтикшелери арқалы жеткерип бериўди ҳәзирше Қанлыкөл, Тахтакөпир ҳәм Нөкис районлары ҳәм Нөкис қаласы емлеўханаларында әмелге асырыў ушын және 200 миллион сум қаржы бөлип шығарыўымызға туўра келди. Усындай жедел жәрдем, шешиўши илажлар көриў арқалы бул қәўипли кеселликке шалынған қанша наўқаслардың саўалып кетиўине себепши болдық.

­ Мурат Әдилбаевич, газета оқыўшыларына мийнет жолыңыз, исбилерменликти қалай ҳәм қашан баслағаныңызды айт­саңыз?..

­ Әке-шешем әпиўайы мийнет адамлары. Шаңарақтағы бес ул, бир  қыздың туңғышыман. Нөкис педагогикалық институтының дене тәрбия факультетин питкергеннен соң спорт мектебинде дзюдо бо­йынша бес жыл тренер болдым. 2012-жылы қурылыс колледжин питкериўден исбилерменликке қызығыўшылығым оянды. Ағаштан рейкалар кестик, дәслеп ағаш, изин ала темирден әйнек-қапы, дәрўазалар соғатуғын болдық. Сүўретшиликти қосымша кәсип-кәр етип, өз алдына фотостудия ашып, саўда тармақларымыз кеңейди. Бүгинги күнде 300ге жуўық жасларымызды бөлимшелеримизде турақлы жумыс орынлары менен тәмийинлеўге ерис­тик. Асқазан-ишек кеселликлери бойынша клиника, мектептен тыс ўақытлары тил үйрениў, айырым пәнлер, ментал арифметика бойынша оқыў орайларын ашып, Ташкент қаласында, Хорезм ўәлаяты менен көпшилик районларда бөлимшелеримиз ислеп тур. 

Қайыр-сақаўат исбилерменлерге қут-берекет дарытары анық. Соның ушын  бул иске ҳақ нийет пенен араласып, бәрқулла оқып изленисте жүрмегенлер алдынғылар қатарына аяқ қосып жүре алмайды. Мәселен, жақын арада Қытай мәмлекетинен үскенелер алып келиў ҳәм ис үйрениў ушын алты рет барып қайттым. Басқа да сырт еллердеги жетекши исбилерменлер менен жақсы қарым-қатнасық жасап, өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қо­йылды...

 

Гүрриңлескен: Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: исбилермен М.Шымбергенов.

Автордың түсирген сүўрети.

 

Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF