Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:26:56, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

36 ШАҢАРАҚҚА АЗЫҚ-АЎҚАТ ӨНИМЛЕРИ ТАРҚАТЫЛДЫ

Қанлыкөл районынындағы «Kanteks Invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң атқарыўшы директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги  O’zLiDeP фракциясының ағзасы Қуўандық Ешмуратов 36 шаңараққа азық-аўқат өнимлерин бийпул тарқатты.

 Елимизде коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта. Буннан дийдиленген мақсет — пүткил дүньяны тәшиўишке салып атырған коронавирус инфекциясынан хал­қымызды қорғаў, оннан биргеликте шығысыў болып табылады.

Партияның электораты болған исбилерменлер менен фермерлер бүгинги сынақлы күнлерде кем тәми­йинленген, жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айырыл­ған шаңарақларды өзлериниң қәўендерлигине алмақта. Солардан бири, «Kanteks Invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң атқарыўшы директоры, депутат Қуўандық Ешмуратов усындай шаңарақларға бийпул азық-аўқат өнимлерин тарқатыўда белсендилик көрсетип келмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF