Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:54:09, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МУСЫЛМАНЛАР ҚАЗЫЯТЫНЫҢ ҚӘЎЕНДЕРЛИК ЖӘРДЕМИ

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен республикамыздағы бир қатар емлеў мәкемелерине 9 дана кислород концентраторы тапсырылды.

— Коронавирус пандемиясынан емленип атырған наўқасларға жәрдем көрсетиў тек денсаўлықты сақлаў хызметкерлериниң ғана емес, ал, бәршемиздиң инсаныйлық миннетимиз,-дейди Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысының орынбасары И.Тажетдинов. — Елимиздеги сақый қәўендерлер тәрепинен әмелге асырылып атырған қайырлы ислерге Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты да мүнәсип үлесин қосыўды нийет етти. Атап айтқанда, Аралбойы халқының жүрек қан-тамыр кеселликлерин емлеў орайына 4 дана, С.Султанов атындағы республикалық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайына 1 дана, Бозатаў районы медицина бирлеспесине 2 дана, Шымбай районы медицина бирлеспесине 2 дана кислород концентраторы бийпул саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF