Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:25:15, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МУСА ЕРНИЯЗОВТЫҢ ЕРЛИК ПАЗЫЙЛЕТЛЕРИ

«Жер ҳәм жер биландур, Ел ҳәм жер билан. Жерсиз елдиң күни дәрбедәр билан» деген Әжинияз бабамыздың қосық қатарлары бар. Ҳәр елдиң өз батыры, өз шайыры болады.

Елдиң қәдирин көтеретуғын, сыйлайтуғын ердиң болмаўы ашынарлы. Елдиң атын шығаратуғын ер азаматлар. Сонлықтан да, ер адамды қәстерлеў, халқымыздың бурыннан қалған дәстүрин пайдаланып ҳәм «Ердиң ерлигин билмеген, Алланың бирлигин билмейди» деген нақыл сөзди басшылыққа алып, жақында ғана Алланың аманатын тапсырып, ана топыраққа араласқан инсан, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың айырым ерликлери туўралы еске түсиргим келди.

Ерлик деген адамға Алланың берген өзгеше инамы. Ол энергия азаматтың адамыйлығы, жақсылық етиўдиң тийкары, өзиниң мәпи ушын емес, басқаның бахыты ушын саналы, қалыс хызмети болған, ҳүжданының қозғаўшы күши десе болады.  Ерлик ислер жыйналып, оның қаҳарманлығын пайда етип, ҳүрметтиң жоқары шегине жеткереди.

Мине сол ерликтиң ийеси, Муса Тажетдин улының қазаланыўы пүткил халқымыздың жүрегин суўлатты. Тек Қарақалпақстан мийнеткешлерин ғана емес, Өзбекстан зыялыларын да қапаландырды. Оның уллы ислерин қәстерлеген ел басшымыз Ш.Мирзиёев оны жерлеў мәресимине қатнасып, бул ҳаққында жоқары баҳа берип, келешекте оның руўхларының бизиң менен бирге болатуғын, жарқын образы ҳәмийше жүрегимизде сақланатуғынын айтып, халықты жубатты ҳәм жәми­йетшилигимизди ырза етти. Оның 18 жылдан көбирек Қарақалпақстанға басшылығы, турмыста әпиўайылығы, айнымас ўатанпәрўарлығы, халықлар дослығын беккемлеўдеги пидайылығы, исте ҳадаллығы, адамға мийирманлығы ҳаққындағы Президентимиздиң сөзи ҳәр бир пуқараның жүрегинен орын алып, келешекке жедел умтылыўына шақырады.

Ал, оның ерлик пазыйлетлери оғада рәң-бәрең, ҳәр басқан адымында көринетуғын саўаплы ислерди орынлаўында көринип турар еди.

Ол өзиниң оғыры парасатлылығы, узақты көрегенлиги, даналығы менен Республикамызды 25 жыл басқарған әдиўли ел ағасы болып халықтың ҳүрметине ийе болып атырған Қәллибек ағадан кейинги елди 18 жыл басқарып, халықтың өшпес тарийхын дүзиўде басшылық еткен аты гиреўли, пазыйлети ҳәммениң есинде қалатуғын ҳәм  ҳасла умытылмайтуғын келбетте қалды.

Муса Тажетдин улының басқарыўдағы даналығы, ҳәмме исте өзбек ҳәм қарақалпақ халкының бирлигин, мәпдарлығын, тәғдирлеслигин есте тутып, елди раўажландырыўдың жолын тутты. Ол елимиздиң биринши журтбасшысы И.А.Кәримовтың қоллап-қуўатлаўына мияссар болды ҳәм Қарақалпақстанда өндирис күшлердиң жетилисиўине ҳәм санааттың раўажланыўына жүдә көп күш жумсады.

Әсиресе, соңғы төрт жылдың ишинде Ҳүрметли Президентимиздиң жақын бирге ислескен адамы болып, елимиздиң прогресин жетилистириў бойынша реформалардың иске асыўында пидайылық, жанкүйерлик ҳәм ҳадаллық көрсетип Журт­басшымыздың исенимине, дослығына миясар болды. Президентимиздиң Қарақалпақстанның, яғный жәбирленген халықтың тарийхының жаңа бетин ашыўына актив қатнасып, оның басшылығында Мойнақ халқының турмысының жоқары дәрежеде жақсыланыўына еристи. Бурын ислеўге ис орны жоқ, табыс дәреги қурып қалып, тек шет елде талап ислеп жүрген, балаларының жиберген пулларына сүйенип зордан отырған адамларға жумыс орнын ашып, олардың жүзине қан жуўыртып, бетинде күлки пайда еткен Президентимиздиң ғамқорлығының орынлаўшысы болып, халықты жанландырды.

Президентимиздиң исениминиң нәтийжесинде оның 2018-жылы Нью-Йорктеги  БМШның Бас Ассамблеясының трибунасына шығып, Арал мәселесине дүнья жүзиниң дыққатын аўдарыўы үлкен тарийхый ўақыя болды. Бул ўақыяның тарийхый әҳмийетиниң бири, сол БМШның дүзилгенли бери қарақалпақтың бир уғланының оның минберинен сөйлеў түўе, иргесин ашқанын ҳеш ким билмес еди.

Муса Тажетдин улының бул ерлиги келешекте Қарақалпақстан жасларының жетилисип бул имаратқа кирип, Өзбекстанның, соның ишинде Қарақалпақстанның мәпин қорғаўының басламасы болды.

Ол БМШның бийик минберинде турып, үлкен табанлылығы ҳәм ақыллылығы, билимлилиги менен Аралбойы мәселесин ортаға қойды. Онда ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң Арал бойына, Мойнақ районына ғамхорлығын жоқары баҳалаў менен бирге, апатшылық масштабының үлкенлиги соншелли, оның ақыбетлерин халықаралық жәмийетшиликтиң белсене қатнасыўысыз жумсартыў мүмкин емеслигин дәлилледи. Ол сөзинде Арал бойы регионының 2 миллионға жақын халқының эколо­гиялық апатшылығын шеберлик пенен дәлиллеп, ондағы туберкулёз бенен кеселленген адамлардың саны 100 мың адамға 78 адамнан туўра келетуғынын көрсетип, дүнья жүзлик өлшем бойынша туберкулёз бенен аўырғанлардың саны 100 мың адамға 50 ден зыят болса оны эпидемия екенлигин ҳәм тағы басқа фактлер менен көрсетти. Нәтийжеде 2018-жылы 28-ноябрьде БМШның басшылығында дүнья жүзи мәмлекетлериниң бирлиги, Траст фонды дүзилди. Бул Муса Тажетдин улының Елбасшымыз бенен тығыз пикирлес дослығының нәтийжеси еди.

Муса Ерниязовтың елимизди басқарыўдағы усылы халықты жарқын келешекке исендириў пазыйлети еди. Ол соңғы төрт жыл ишинде ҳүрметли Елбасшымыздың баслаған реформаларын халықты исендириў ушын оны әмелий искерликте беккемледи. Ол байрамларда,  мәресимлерде  Қарақалпақстанның экономикасы ҳәм халық хожалық турмысындағы табысларды ҳәм Президентимиздиң оған бөлип атырған қаржыларының нәтийжесинде халықтың пәраўанлығының өсип атыр­ғанлығы ҳаққында тол­қынланып айтар еди.

Ҳақыйқатында да, Қарақалпақстанның соңғы төрт жыл ишиндеги халық хожалығындағы табыслары елимиздеги санаат революциясының басланыўы дәрежесине жеткен еди.  Бурын дотацияда  отырған елимиз, енди халық хожалығына триллионлап қаржылар түсиретуғын республикаға айланыўы бул халқымыздың материаллық турмыс жағдайларының жақсыланыўын дүзиўдеги оның үлкен ерлиги еди.

Муса Ерниязов өзиниң искерлигинде халықтың қалғып жатқан аўҳалының ояныўын қәлер еди ҳәм олардың бийпәрўалығын дүзетиўге, пассивлигин кемейтиўге, инертлигин жо­йыўға үлкен күш салды.

2015-жылы Мойнақ халқының жағдайы туўралы бир сәўбетимизде мениң Мойнақтан екенимди есте тутып, Мойнақтың гейпара адамлары менен нарәсмий жағдайда ушырасып сөйлескенимде ийни­түсиўшилик психологиясын,  бийпәрўалығын, «берсең ишемиз, болмаса қәйтемиз» деген кейиплерин айтып, халықты оятыў кереклигине әҳмийет берген еди. Президентимиздиң қарарларының иске асыўындағы Муса Ерниязовтың ҳәрекетлериниң нәтийжесинде мәмлекеттиң тийкарғы байлығы болған Мойнақ халқының жанланғаны, оның арзыўларының әмелге асыўындағы пидайылығының нәтийжеси еди.

Муса Ерниязов халқымыздың қәдириятларын тиклеўге, өзлигин баҳалаўға үлкен кеўил аўдарған ер-азамат болды. Оның қарақалпақ классик шайырларының ҳүрметин орнына қойыўы, Күнхожа, Бердақтың данышпанлық символы ретинде естелигин Шымбайға әкелиўи, Сулайман Бақыр­ғаный (Ҳәким ата) мақбарасын абат етиўге кеўил бөлиўи, оған үлкен ҳүрмет алып келди. Әсиресе, оның  илимге, мәдениятқа жақыннан дыққат пенен қатнасыўы өз алдына ерлик болды. Илимпазларды ҳүрметледи, халтураны жек көрди, әдилсизликти әшкара етти. Бул мәселеде ол маған өмиримде ҳеш қашан умытпайтуғын жақсылық еткени өз алдына ерлик болды.

Мен Нөкис мәмлекетлик педагогикалық инс­титутын қайтадан ашып, оған он бир жыл басшы болып, өз арзам менен жумысты қойып, бурыннан қосып ислеген сия­саттаныў кафедрасын басқарып жүргенимде, 2002-жылы пед­институттың сол ўақыттағы ректоры А.Матчанов  мениң орныма конкурс жәриялап, Өзбекстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, Өзбекстан Илимлер Академиясының академиги, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, философия илимлериниң докторы, профессордың орнына, тарийх илимлериниң кандидаты Р.Ахметшинди отырғызды. Кеңесте мен оған, буның натуўры екенлигин түсиндириўге тырыстым. Гәпим далада қалды. Арадан көп күн өтпей, буны Муса Тажетдинович еситип А.Матчановты шақыртып, өзиниң хызметкерлериниң алдында, не ушын Академикти жумыс­тан босаттың!- деп оған тийисипти. Ол сол күни Кеңестиң қарарын бийкарлап, мени орныма тиклеўге мәжбүр болды.

Мусаның тағы бир ерлиги мен Ш.Мирзиёевтиң Арал машқаласын шешиўдеги даналығына қуўанып ҳәм мақтанып 2018-жылы өзимниң есабымнан «Жәбирленген халықтың тарийхының жаңа бети ашылды»  деген китапша шығарып, оны Мойнақ хал­қына ҳәм бир қанша китапханаларға тарқаттым. Оны еситкен Муса Ерниязов ол китапты өзбекшеге аўдартып, еки тилде ҳәр қайсысы 5 мың нусқадан баспадан шығартып, мийнетти баҳалаған ерлиги илимди сыйлаўдың үлгиси болды.

2009-жылы 9-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында латын имласында қарақалпақ тилине жаңа ҳәриплер енгизип, е, о, у ҳәриплериниң алдына қойылатуғын қосымталардың оқыў-тәрбия исинде зыян болып атырғанлығын Муса Тажетдин улына билдиргенимде ол буны дүзетиўге тәртип бериўиниң нәтийжесинде бул ис көп талқыланыўлардан кейин 2019-жылы 2-февральда Республикалық илимий-әмелий конференция шөлкемлестирип, пикир бергенимизден кейин, гезектеги сессияда е, о, у ҳәриплериниң жазылыўы бурынғы қәлиплескен нормаға қайтарғанлығы үлкен ерлик болып, халықтың алғысларына ийе болды.

Муса Ерниязов заманында бахытлы ҳәм шадлы жасаған күнлери менен бирге, ол тәшиўишлерге ҳәм қы­йыншылықларға да ушырады. Бирақ, ол буны билдирмеди, ерлигин бузбады, ақыл-парасат пенен жеңди.

Өмир тартысқа, гүреске толы. Гейде үстиңнен орынсыз жала жаўып дөҳметке қаласаң. Институтқа Б.Пренов басшылық еткен жыллары мен де усындай жағдайға түстим. Институтта мениң үстимнен Миллий қәўипсизлик хызметине арза жазылған деген гәп-сөз көбейди. Мен буған «айыплы болсам, кемшилигимди таўып бериң» деп сол ўақыттағы Миллий қәўипсизлик хызмети басшылығына хат жаздым. Арадан үш ай өткен соң сол үйден бизде сизиң жынаятларыңыз ҳаққында мағлыўмат жоқ, деген хат алдық. Усыннан кейин ретинде Муса Ерния­зовтың кабинетинде болып хатты көрсеткенимде, ол, «Япырмай бала, булар дым қатты кетти-аў, Мен де бир нешше ай булардың «қалпағы» астында   болдым, деп аянышлы түр билдирди. Мен оның басына жалалар жабылғанын, буннан еки жыл бурын оның искерлигин тексериў ушын Ташкенттен келген комиссияның белгили адамларды шақырғанда мениң Ерниязовқа жоқары баҳа бергенимнен хабардар еди. «Аға, қапа болма! Бизиң алдымызда Сиз кафедра басшылары түўе ректордан да абырайлысыз» деп мени марапатлап қайтарды. Бул оның ҳақыйқат әдалатлығы менен бирге инсаный ерлиги еди. Кейин ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң бул хызметтиң өз басымшалығы ҳәм жынаятқа қол урған ҳәрекетлерин ашып, ҳәммесин өз орнына қойып, оның халық пенен қатнас қағыйдаларын анықлап берген азаматлығына алғыслар айт­тым.

Мениң отыз жылдан бери Муса Тажетдин улын билиўимнен шығатуғын жуўмағымF «Ол елдиң қәдир-қымбатын көтерген, оны дүньяға танытқан, жақсылықтың урпағын сеўип, жаманлықтан аўлақ болған, адамның баҳасын жоқары тутқан ҳақ нийетли ҳадал инсан еди. Оның адамлар менен мүнәсибети әпиўайы болды. Иси жақпаған адамға «Саламат бол, өз күниңе саў бол» деп, ал, иси алға жүрген адамды «Бәракалла, исиң раўаж тапсын» деп қуўатлайтуғын басшы еди. Ол исте жүдә талапшаң болды. Ҳәр сапары жәмийеттиң тийкары тәртип деп түсиндирер еди.

Сум әжел оны арамыздан ерте алып кетти. Халқымыз, ҳүкиметимиз оған терең қайғырды ҳәм оның баслаған исин инабат пенен орынлап, жолын тутып, руўх­ларын шад етемиз деп өзине бийик ўазыйпа жүкледи.

 

Ж.БАЗАРБАЕВ,

академик.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF