Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:54:36, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ АЛТЫНШЫ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА

МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 18-август күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң алтыншы сессиясы болып өтти.

 Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, қала ҳәм районлар менен видеоконференция  форматында өткен сессияға Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, сенаторлар, ҳүкимет ағзалары, сектор басшылары ҳәм  ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Атап өтилгениндей, дүнья халықларын тәшиўишке салып атырған коронавирус панде­миясы бизиң мәмлекетимизди де шетлеп өтпеди. Бул елимиздиң экономикасына кери тәсир етиўи менен бир қатарда, инсанлардың өмирден көз жумыўына алып келмекте.

Сессия қатнасыўшылары атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың естелигине бир минут үнсиз турып ҳүрмет көрсетти.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Бәршемизге мәлим, Президентимиздиң басшылығында усы жыл 12-август күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде  халыққа көрсетилип атырған медициналық-санитариялық хызметтиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў,  бул бағдарда исленип атырған жумысларға жуўапкершилик пенен қараў бойынша денсаўлықты сақлаў тараўындағы жуўапкерлердиң мүрәжатын қабыл етиў ўазыйпасы белгилеп берилди. Елимизде коронавирус пандемиясы дәўиринде экономикамыздың турақлылығын тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша нәтийжели ислер әмелге асырылмақта.

Өткен дәўир ишинде бул бағдарда жигирмадан аслам Пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилгенлиги, исбилерменлер ушын қолайлы шараят жаратыўда, халықтың турмыс тәризин жақсылаўда ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Атап айтқанда, пандемия шараятында исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде салық түрлери бо­йынша жәми 282,4 миллиард сумлық жеңиллик берилип, бул қаржылардың исбилерменлердиң өзлеринде қалыўына имканият жаратылды. Сондай-ақ, барлық түрдеги кредитлерге пролангацияның берилгенлиги нәтийжесинде 1 триллион 201 миллиард сумлық кредитлердиң төлеў мүддети узайттырылды.

Бүгинги күнде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың дәраматын арттырыў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарының бирине айланбақта.  Әсиресе, елимиз басшысының арнаўлы пәрманы менен усы жылдың 1-сентябринен баслап пенсиялардың муғдары 10 процентке көбейтилип, 2 жасқа толғанға шекем балаға қараў ҳәм 14 жасқа шекемги балалары бар шаңарақ­ларға напақалар 6 ай мүддетке созылды. Бүгинги күнге жәми 2522 денсаўлықты сақлаў хызметкерине 10,2 миллиард сумлық бир мәртелик материаллық жәрдем пуллары берилмекте.

Президентимиздиң усы жыл 30-июльдеги «Коронавирус  пандемиясы ўақтында  социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халықтың қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық Қурбан ҳайыт байрамы мүнәсибети менен «темир дәптер»ге киргизилген  шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж 14  мың 596 шаңараққа жәми 14 миллиард 155,2 миллион сумлық материаллық жәрдем пулы берилди. «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўмахалықлық ҳәрекети даўамында шөлкемлестирилген арнаўлы есап бетине қәўендерлер тәрепинен 6,8 миллиард сум келип түскен болса, соннан жәрдемге мүтәж 26 мың 257 шаңараққа 4,4 миллиард сумнан зыят материаллық жәрдем көрсетилди.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов шығып сөйлеп, атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязовтың ел-журт алдындағы хызметлерине жоқары баҳа берди. Коронавирус пандемиясы қаншелли қыйын жағдайды жүзеге келтирмесин, дурыс жол тутылғанлығы себепли, елимиздиң социаллық-сиясий тараўларында реформалар нәтийжели даўам еттирилгенин, барлық тараў ҳәм тармақ жумыслары карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда алып барылып атырғанлығын айрықша атап өтти ҳәм өзиниң усынысларын билдирип өтти.

Билдирилген усынысларда халыққа жоқары сапалы ҳәм өз ўақтында бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетилиўин тәмийинлеў, исбилерменлик субъектлериниң нәтийжели жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараят жаратыў, жәмийетлик орынларда, адамлар көп топланатуғын жерлерде, әсиресе, шаңарақлық илажлар, той-мерекелерди өткериўде пуқаралардың санитария қағыйдаларына қатаң әмел етиўи үстинен жәми­йетшилик ҳәм депутатлық қадағалаўды күшейтиў кереклиги атап өтилди. Депутатлар сайлаўшылар менен турақлы түрде ушырасыўлар өткерип, ғалаба хабар қураллары арқалы шығып сөйлеп, үгит-нәсият жумысларын алып барыў, қалалық ҳәм районлық денсаўлықты сақлаў бөлимлери басшыларының халыққа мүрәжатын қабыл етиў мақсетке муўапық болады. Сондай-ақ, пандемия дәўиринде жағдайдың өзгериўшеңлигин есапқа алған ҳалда, телемедицинаны раўажландырыў, усы арқалы халыққа тез медициналық жәрдем көрсетиў көлемин кеңейтиў, пуқаралардың үй шараятында емлениўи бойынша усыныслар ислеп шығыў сыяқлы әҳми­йетли мәселелер билдирилди. 

Буннан кейин карантин илажларының бас­қышпа-басқыш жумсартылып барылыўы мүнәсибети менен  пуқаралардың санитария талапларына қатаң әмел етиў зәрүрлиги, халыққа бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемниң сапалы ҳәм өз ўақтында көрсетилиўи бойынша Қарақалпақстан Республикасы  Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мүрәжаты ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Мүрәжатты Қарақалпақстан Республикасы  Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Қ.Қудайбергенов оқып еситтирди.

Депутатлар тәрепинен билдирилген пикир-усынысларды есапқа алған ҳалда мүрәжатты қабыл етиў бойынша қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги «Қарақалпақстан Республикасының айырым Нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы З.Реймова баянат жасады. Бул мәселе бойынша 48-санлы «Жиңишке» сайлаў округинен депутат Ш.Өтемисов шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда республикамызда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәселе бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәкемелер аралық комиссияның баслығы, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ф.Алламбергеновтың есабаты тыңланды. Бул бойынша депутатлар тийисли қарар  қабыл етти.

Күн тәртибиндеги 2020-жылдың биринши ярымында ҳуқықый үгит-нәсиятлаў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислердиң барысы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мәмбетқадировтың мәлимлемеси тыңланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Депутатлар Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген ти­йисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққындағы қарарды қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңесиниң  Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF