Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:40:49, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛИК ИМКАНИЯТЛАРЫНА КЕҢ ЖОЛ

Өзбекстан исбилермен ҳаял-қызлары «Tadbirkor ayol» ассоциациясы усы ассоциацияның Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте Азия раўажланыў банкиниң (АБР) қаржылай қоллап-қуўатлаўында ОАРЭБ (Орайлық Азия регионаллық экономикалық бирге ислесиў) Бағдарламасы шеңберинде «Раўажланыў нәтийжелилигин арт­тырыўда пуқаралық жәмийетиниң қатнасын тереңлестириў ­ Пуқаралық жәмийетиниң АБР операцияларында қатнасын тереңлестириў» атамасындағы пилот жойбарын әмелге асы­рыўға киристи.

Қоспа жойбар ОАРЭБ Бағдарламасының бир бөлеги болып табып, АБР пуқаралық жәмийетин қоллап-қуўатлаў Орайы тәрепинен қаржыландырылады. Ол регионаллық ҳәм Евроазия базарларына шығатуғын жол коридорларын жаратыў бойынша «Коридор 2. Қарақалпақстан Республикасының автомобиль жолларын раўажландырыў» ири жойбарының компонент қурамы  сыпатында әмелге асырылады. Қабыл етилген бағдарламаға муўапық, Өзбекстанда автомобиль жоллары қурылысы ҳәм оны тиклеўди қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслар әмелге асырылады, соның ишинде аўыллық жерлерде жол инфраструктурасын жақсылаў ҳәм де логистика ҳәм саўда орайларын жаратыўды қоллап-қуўатлаў, ол өз гезегинде экономиканың буннан былай да раўажланыўына, саўда-сатық байланысларының кеңейиўине алып келеди.

Атап айтқанда, Орайлық Азия регионаллық экономикалық бирге ислесиў (ОАРЭБ) Бағдарламасы шеңберинде регионаллық транзит коридорын жаратыў ушын ҳәм елимиздиң ең тийкарғы халықаралық саўда жолларының бири болған Қоңырат ­ Даўыт-ата (Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районы) участкасында улыўма узынлығы 240 километрге шамалас А-380 автожолын жақсылаў бойынша модернизациялаў жумыслары алып барылмақта.

Өзбекстан исбилермен ҳаял-қызлары «Tadbirkor ayol»  ассоциациясының пилот жойбары ОАРЭБ Бағдарламасының бир бөлими болып табылады ҳәм автожолдың бул участ­касында саўда инфраструктурасын раўажланды­рыўға жәрдем береди ҳәм ҳаял-қыз исбилерменлерге өз бизнесин ашыў ушын мүмкиншиликлер жаратады. Өзбекстан исбилермен ҳаял-қызлары «Tadbirkor ayol» ассоциациясы узақ жыллар даўамында ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў менен шуғылланады ҳәм Өзбекстан экономикасын раўажландырыўға өзиниң салмақлы үлесин қосып келмекте. Бул шөлкемниң қоллап-қуўатлаўы арқасында бүгинги күнде ҳаял-қызлар исбилерменлиги раўажланбақта, жәмийетте олардың статусы беккемленбекте.

Бул пилот жойбары айрықша әҳмийетке ийе, себеби, ол Қарақалпақстанның шегаралас елатлы пунктлериниң район орайларынан узақ аралықта жайласқан орынлары («Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» посёлкаларында) менен байланыслы болып, А-380 жолының жаңа участкасында саўда ҳәм хызмет көрсетиў (сервис) инфраструктурасы раўажланбаған орынларда әмелге  асырылыўы нәзерде тутылған. Атап  айтқанда, жол қурылысы жаңа жумыс орынларының жаратылыўына, исбилерменлик ҳәрекетинде ҳаял-қызлардың потенциалын арттырыўға тәсир көрсетиўи лазым.

Жойбар бойынша жумыслар быйылғы жылдың 1-апрель сәнесинде басланды ҳәм жылдың ақырына шекем даўам етеди. Жойбардың мақсети ­ «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» аўыллық посёлкаларындағы ҳаял-қызлардың мүмкиншиликлерин кеңейтиў ушын зәрүр болған хызметлерди усыныў, исбилерменлик ҳәрекетинде қатнасыўын тәмийинлеў болып табылады. Ҳаял-қызларды исбилерменлик ҳәрекетине тартыў жумыс орынларының жаратылып, олардың шаңарақларының материаллық жағдайын жақсылаўға жәрдем береди. Буның ушын ҳәр бир елатлы пунктте 100 ҳаял-қыздан өзлериниң жеке бизнесин ашыўға ҳәм жүргизиў, ҳәм ҳәрекеттеги исбилерменлигин буннан былай да раўажландырыў ушын оқытылады. Жойбар шеңберинде елатлы пункт­лерде жасаўшы ҳаял-қызларға консалтинг хызметлери де көрсетиледи.

Жойбар жумыслары нәтийжесинде «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» посёлкаларында 200 ден кем болмаған ҳаял-қызлар бизнес жүргизиў бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болады ҳәм олардың бир топары жойбар жәрдеминде өз жеке исбилерменлигин жолға қояды. Жойбар шеңберинде «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» елатлы пунктлеринде ҳәм Қоңырат районының барлық орынларында ҳаял-қызлар бизнесин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў шөлкемин дүзиўде еки мақсетли топарлар арасынан жетекши ҳаял-қызлар қоллап-қуўатланады.

С.ЖАНИЕВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF