Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:51:35, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАЙЫР-САҚАЎАТ КӨРСЕТИЛМЕКТЕ

Бүгинги күнде дүнья жүзиндеги дерлик барлық мәмлекетлер коронавирус инфекциясына қарсы гүреспекте. Бул вирус  көпшилик мәмлекетлердиң экономикасына ҳәм халықтың турмыс шараятына өзиниң кери тәсирин тийгизбекте.

Жақында усындай қыйын, сынаўлы күнлерде Өзбекстан Либерал-демократиялық пар­тиясы Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги «O’zLiDeP» депутатлық топары ағзасы Венера Сатуллаева да өзи сайланған pШахтемирP аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы аталыққа алынған 5 кем тәми­йинленген, социаллық  жәрдемге  мүтәж шаңарақларға өз есабынан ҳәр бирине 100 мың сумнан жәми 500 мың  сум муғдарында ақшалай жәрдем берди.

Бул ҳаққында бизге «O’zLiDeP» Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Баспасөз хызмети хабар бермекте.

— Ҳақыйқатында да усындай сынаўлы күнлерде Президентимиз тәрепинен халықты бирлестириў жолында, бир-биримизге сүйеў болыўға, қыйын  жағдайға түсип қалған шаңарақларға жәрдем бериўге, сондай-ақ, пуқараларды өз машқалалары менен жалғыз таслап қоймай, оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде пандемияға байланыслы бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, орынларда олардың орынланыўы жолында бир қатар жумыслар алып барылмақта, - дейди Венера Сатуллаева. — Бул бағдарда партиядан сайланған депутатлар да өзлери сайланған аймақларда карантин қағыйдаларына бойсынаған ҳалда  кем тәми­йинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алып келмекте. Атап айтқанда, усы аймақта жасаўшы пуқара Бахрам Худайбергеновтың қызы, ақ қан кеселлигине қарсы емленип атырған Малика Муратбаеваның да шаңарағында болып, оған керекли дәри-дәрмақлар ҳәм материаллық жәрдем көрсетилди.

Бул бағдардағы қайыр-сақаўат жумыслары орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF