Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:09:00, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПУҚАРАЛАРҒА ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ДӘРЕЖЕДЕ ЖӘРДЕМ КӨРСЕТИЛЕДИ

Бүгинги күнде республикамызда 16 орында Зорлық ислетиўден жәбир көрген шахсларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў және өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў орайлары жумыс алып бармақта.

Бул орайларда халықаралық тәжирийбелерге сүйенген ҳалда шаңарақлық машқалаларға ҳәм турмысында зорлыққа дус келген шахсларға аноним түрде қыстаўлы медициналық, руўхый, социаллық, ҳуқықый жәрдем көрсетиў ҳәм оларды қорғаў, өз жанына қастыянлық етиўге мейил минездиң пайда болыўына жол қоймаў, оның алдын алыў сыяқлы жумыслар әмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-июльдеги «Социаллық бе­йимлестириў, сондай-ақ, шаңарақлық-турмыслық зорлық ислетиўдиң алдын алыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилген бул орайлар «Ҳаяллардың социаллық бейимлесиў мәсләҳәт» орайлары атамасы менен жумыс баслап, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әмелий илажлардан бири болған еди. Бүгинги күнлерде орайдың хызмет көрсетиў шеңбери кеңейип, тек ҳаял-қызларға емес, ал, жас өспиримлерге, ер адамлар ҳәм жасы үлкен пуқараларға да жәрдем бермекте.

2019-жылы усы орайларға 292 ҳаял-қыз мүрәжат еткен болса, олардың 28 ине медициналық, 79 ына психологиялық ҳәм 43ине ҳуқықый жәрдем көрсетилип, 32 ҳаял-қыздың кредит алыўына ҳәм жумысқа орналасыўына жәрдем берилген. Ерли-за­йыплылар арасында келип шыққан келиспеўшиликлер ақыбетинде ажырасыў дәрежесине келип қалған 110 нан аслам шаңарақ жарастырылған. Быйылғы жылдың 5 айы даўамында болса, халықтың барлық қатламларынан 187 мүрәжат болған. 71 шаңарақ жарастырылған болса, 67 пуқараның өз шаңарағына қайтыўына ерисилди.

Жақында усы орайлардың жумысын үйрениў мақсетинде  UNFPA халықаралық фондының Халықаралық гендер теңлик бойынша қәнигеси Ольга Аванесова Қарақалпақстанға келип, 13 районда шөлкем­лестирилген орайлар жумысының барысы менен таныс­ты. Зорлықтан жәбир көрген шахслар ушын бул жерде жаратылған шараятлар, халықтың бул орай­ларға болған мүтәжлиги үйренилди.

— Қарақалпақстанға келиўимнен мақсет — жергиликли халық арасында шаңарақтағы басым өткериўдиң, зорлық көрсетиўдиң алдын алыў бойынша түсиник жумысларын алып барыў, бул бағдарда Зорлық ислетиўден жәбир көрген шахсларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў және өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў орайлары тәрепинен әмелге асырыл­ған жумыслар менен танысыў болып табылады, -дейди О. Аванесова. — Алып барылған мониторинг даўамында орайлардың жумысын халықаралық дәрежеге жеткериў керек, деген пикирге келдим. Алдағы еки жыл даўамында сырт еллердеги усындай орайлардың жумыс алып барыў усылларын тәжирийбе сыпатында Қарақалпақстандағы орайларда енгизиўди жобаластырып атырмыз.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF