Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:25:35, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОҚЫЎШЫЛАРҒА СЫЙЛЫҚЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ

Хожели районы ҳәкимлигинде  ZOOM бағдарламасы тийкарында онлайн тәризде  «Не деп ойлайсыз...?» сүрени астында өткерилген шығармалар таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Халық билимлендириў министрлиги, БМШ тың ЮНИСЕФ қорының Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен усы жылдың апрель айында улыўма билим бериў мектеплериниң 6-11-класс оқыўшылары арасында таңлаў өткерилген еди. Онда Хожели районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 33-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Жазира Кеңесбаева, усы райондағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Айгерим Джумабаева сыйлы орынды, 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Назокат Машарипова шығармалар таңлаўында екинши орынды ийеледи.

Илажда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Илесбай Қунназаров, Хожели районы ҳәкиминиң орынбасары Қурал Сейтмуратов,  Хожели районлық Халық билимлендириў бөлиминиң баслығы Клара Файзуллаева жеңимпазларды бул жеңиси менен қутлықлады. Соңынан оқыўшыларға естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF