Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:41:00, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПОЕЗДЛАРДЫҢ ҚАТНАЎЫНА РУХСАТ БЕРИЛДИ

Республикалық арнаўлы комиссиясы мәлимлемесинде билдирилиўинше,  пуқараларға қолайлықлар жаратып бериў мақсетинде Республикада эпидемиологиялық жағдайдан келип шыққан ҳалда «сары» ҳәм «жасыл» категорияларға ажыратылған аймақлар арасында санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел еткен ҳалда төмендеги поезд­лардың қатнаўының тиклениўине рухсат берилди:

Ташкент-Бухара-Ташкент;

Ташкент-Термиз-Ташкент;

Ташкент-Хийўа-Ташкент;

Ташкент-Нөкис-Ташкент;

Әндижан-Хийўа-Әндижан;

Әндижан-Бухара-Әндижан;

Әндижан-Термиз-Әндижан;

Бунда, Транспорт министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги менен биргеликте аймақлардағы эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып, поездлардың қатнаў режесин белгилеп барады.

Сондай-ақ, Ташкент-Самарқанд-Ташкент жөнелиси бойынша санитариялық-эпидемиологиялық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда «Афросиёб» поездларының қатнаўлары жолға қойылыўына рухсат берилди.

Жоқарыда атап өтилгенлер менен бир қатарда, автотранспорт қуралларында жалғыз ҳәрекетленип атырған автотранспорт басқарыўшысына медициналық нықаптан пайдаланбаўға рухсат берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF