Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:06:13, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАҚШАЛАР 1-АВГУСТТАН ЖУМЫС БАСЛАЙДЫ

Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тәрбияланыўшыларын қабыл етиўге пуқта таярлаў, атап айтқанда, санитариялық-гигиеналық қағыйдалар ҳәм қәўипсизлик илажларын толық тәмийинлеў мақсетинде олардың жумысына усы жылдың 1-август сәнесинен баслап рухсат берилди.

Онда:

-мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери имаратлары турақлы түрде дезинфекцияланады, оларға кириў-шығыў орынлары пирометрлер, антисептикалық ҳәм дезинфекциялық қураллар менен тәмийинленеди;

-хызметкерлер медициналық нықап ҳәм қолғаптан пайдаланады ҳәм социаллық аралықты сақлайды;

-дене температурасы 37 градус ҳәм оннан жоқары бол­ған яки инфекция белгилери бар болған хызметкер ҳәм тәрбияланыўшылар тәрбиялаўға киргизилмейди.

— Соның менен биргеликте, 2020-жыл 15-июньнен баслап «жасыл» ҳәм «сары» аймақларда мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысына рухсат берилген болып, онда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде тәрбия жумыслары 15 адамнан артық болмаған топарларда шөлкемлестириў ҳаққындағы шеклеўлер бийкар етилди. 

Мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде тәрбияланыўшылар арасында коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыўға қаратылған карантин шеклеўлерине қатаң әмел етилиўи бойынша жуўапкершилик мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәкимшилиги ҳәм тәрбияланыўшылардың ата-аналары яки олардың орнын басыўшы адамларға бирдей жүкленеди.

Қарақалпақстан 

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF