Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:34:38, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАХТАКӨПИР УНАМЛЫ ӨЗГЕРИСЛЕР ҚУШАҒЫНДА

Усы жыл 11-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов Тахтакөпир районында болып, бул жерде әмелге асырылып атырған қурылыс жумысларының барысы менен танысты.

Районда бүгинги күни кең көлемли қурылыс және абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Райондағы «Агрокомплекс Қарақалпақстан» Өзбекстан-АҚШ қоспа кәрханасы түриндеги жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде бүгинги күни Қазақстаннан алып келинген 178 бас қарамал күтимли бағылмақта. Жақын күнлерде Германиядан 124 бас нәсилли қара мал алып келинеди. Бул жерде келешекте шарўашылық өнимлерин қайта ислейтуғын цехлар ашыў режелестирилген.

Районда халықты, әсиресе, ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Усы жылдың басында пайдаланыўға тапсырылған «BARNO-TEKSTIL-PLYUS» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде 45 ҳаял-қыз мийнет етпекте. Кәрхана басшысы Улбосын Аннабаеваның атап өткениндей, жумысшылар саны 150 адамға жеткериледи.  Бул жерде ислеп шығарылып атырған 15 түрдеги өнимлер ҳәзир ишки базарымызда сатылып атырған болса, келешекте Россия Федерациясы, Түркия мәмлекетлерине экс­порт етиў нәзерде тутылмақта.

Соның менен бир қатарда, 1000 орынға мөлшерленген футбол майданшасы, мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, районлық Бәнтликке көмеклесиў орайы, Мәмлекетлик хызметлер орайы имаратларының қурылысы, Мәденият сарайы, районлық медицина бирлеспеси, еки улыўма билим бериў мектеби имаратларының реконструкция жумыслары алып барылмақта.

Ҳәзирги пандемия шараятында кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. «Сақаўат ҳәм көмек» улыўма халықлық ҳәрекети тийкарында 356 шаңараққа азық-аўқат өнимлери, сондай-ақ, 10 бас қарамал, 34 бас қой-ешки, 600 шөже берилди.  Карантин дәўиринде жумыссыз қалған 246 пуқараны аўыл хожалығы тараўына, 225 пуқараны қурылысқа, 15  пуқараны өндирис тараўына, 406 пуқараны басқа тараўларға жумысқа орналастырыў бойынша жумыслар алып барылды. Районда еки орында аўыл хожалығы кооперативи шөлкемлестирилди. Оларға 104,3 миллион сум субсидия ажыратылып,  кем тәми­йинленген шаңарақлардың 46 ағзасы жумысқа орналас­тырылды. Быйылғы жылдың өткен айлары даўамында 1475 пуқара жәмийетлик жумыс пенен тәмийинленди.

 «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен», «Жаслар келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламалары бойынша районда 13,8 миллиард сум қаржы ажыратылған болып, бул бойынша жумыслар алып барылмақта. Жыл басынан берли 74 ыссыхана шөлкемлестирилди.

Буннан кейин районның белсенди жаслары менен ушырасыў болып өтти. Онда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бо­йынша әмелге асырылыўы тийис болған илажлар додаланды.

Атап өтилгениндей, бул бағдарда районда айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. «Мойнақ келешек қурыўшылары» жуўапкершилиги шекленген жәми­йетине жәми 2500 гектар егислик жер майданы ажыратылып, соннан бүгинги күнге 250,9 гектарына мәкке, беде, айғабағар ҳәм басқа да дақыллар егилди. Нәтийжеде 32 жастың бәнтлиги тәмийинленди. «Жаслар келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы бойынша еки жасқа 135 миллион сум кредит, 10 жас­қа жер орны, бир жасқа бос турған имарат ажыратылды.  Жақын күнлерде  Мойнақ районындағыдай заманагөй ыссыхана қурылып, «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы тийкарында жасларға 2 миллиард сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылатуғынлығы мәлим етилди.

Илажда жаслар өз пикир-усынысларын билдирди ҳәм олар бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF