Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:40:44, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ГАЗЕТАЛАР ӨЛМЕЙДИ...

Нөкис қалалық мектеплердиң биринде оқытыўшы болып ислейтуғын сиңлим үйге келип:

­ Әжапа, ҳәптениң шемби күнлери топар оқыўшыларым менен бирге ислесиў ушын тийкарғы дерек ретинде басылымлардан пайдалансам, деп едим. Оның ушын жазылыўым керек, жәрдем бериң, - деди.

­ Мектебиңизде газета-журналларға жазылыўды шөлкем­лес­тирмей ме? Сол арқалы жазылсаң да болады ғой, - дедим оған.

­ Мектепте жазылыўды шөлкемлестириў тоқтады, өзлериңиз «Матбуот тарқатыўшы» яки почта-байланыс бөлимине барып жазыласыз, деп атыр.

Арадан ўақыт өтип, сиңлим үйге бир қыдырып келгенинде:

­ Әжапа, газеталарға жазылып дурыс ислеген екенмен. Топарымда айрықша, зийрек оқыўшылар көбейди, айырымлары мақала жазатуғын болды. Мениң де, оқыўшыларымның айырымларының мақалалары газетада жәрияланып турады. Бул ушын мектеп басшылығы тәрепинен мақтаў сөзлер еситип атырман, категориям да жоқарылады. Ата-аналар да балаларындағы умтылысты көрип рахмет айтып атыр. Бул ­ газета-журналларды, китапларды оқып, тәсирли сабақ өтиўимниң нәтийжеси. Әсиресе, тәрбиялық әҳми­йети үлкен мақалаларды оқыўшылар арасында талқылаймыз. Буның оларға тәсири күшли екен, - деди ол қуўанып.

Әлбетте, оқыў, билиў арқалы дүньяға көзқарасымыз қәлиплеседи, сана-сезимимиз раўажланады. Көп оқыған инсанның ойлаў, пикирлеў дүньясы, әтирапындағылардан, әлбетте, ажыралып турады.

Еле дүньяға көзқарасы қәлиплесе қоймаған жас әўлад ўәкиллери ҳәр нәрсеге еликлегиш, қызығыўшаң ҳәм исениўшең болатуғынын ҳеш ким бийкарламайды. Оларға әзелден қандай тәрбия берсек, солайынша сана-сезими, дүньяқарасы раўажланады. «Баланы жастан» деген гәп мәзи айтылмаған. Бүгинги технология раўажланған әсирде интернет журналистиканың абзаллығы менен зыянлы тәреплерин де тәлим-тәрбия мәселесинде көбирек есапқа алыўымыз орынлы. Жас өспиримлер түўе, көпшилик ересек адамлар интернет, ҳәр қыйлы сайтлардан керекли, керек емес мағлыўматларды да қабыллап отырады. Айырым еки-үш жастағы нәрестелерге шекем уялы телефонға умтылады. Себеби, оларға өзлеримиз «өрнек» боламыз. Пер­зент­леримиз алдында телефонда көп сөйлесемиз, интернеттеги қызықлы ўақыяларды көремиз.

Интернетте информацияны тез жеткериў биринши орында турады дә, айырым блогерлер ҳәммеден бурын информация жеткериў ушын шала, анық емес мағлыўматларды да жәриялап жибереди. Буннан, әсиресе, санасы енди қәлиплесип киятыр­ған жаслар көбирек «жәбир» көреди. Себеби, олар ақыл менен ой жуўыртып отырмастан тез қабыллап алады. Нәтийжеде өтирик мағлыўматлардан мийи «зәҳәрленеди». Жаўызлық арқалы жеңиске ерисиўге бағдарлан­ған ойынлар менен шуғыллан­ған, сондай фильмлер тәсиринде болған балаларда мийримсизлик жүзеге келеди. Соның ушын, айырымлар ойлағанындай, баспасөздиң орнын ҳеш ўақытта интернет баса алмайды, әсиресе, тәлим-тәрбия мәселесинде.

Интернеттеги мағлыўматларды қадағалаўдың илажы жоқ. Еле буның нызамлылықлары, жалған мағлыўматларды тарқат­қанлар ушын жаза шаралары белгиленбеген. Усының салдарынан анық емес мағлыўматларды жәриялап жиберип, биреўлердиң зейнине тийип алатуғын жағдайлар да ушырасады.

Гейде редакциямызға оқытыўшылар келеди. Олар газеталардың өзлерине керекли санларын сорап яки өзлериниң атларынан мақалалар жәриялаў зәрүрлигин айтады. Себеби, газета сатыўға шығарылмайды. Ашшы ҳақыйқатлықты айтыў керек, гейпаралары өзлери мақала жаза алмайтуғынлығын, жәрдем бериўди өтиниш етеди, ҳәтте, газета оқымайтуғынлығын да жасырмайды. Не ушын олар ойындағы пикирлерин, күнделикли сабағында өтип атырған ис-тәжирийбелерин қағазға түсире алмайды!

Мәкеме, шөлкем, оқыў орынлары басшылығы хызметкерлерине, оқытыўшыларға «Қалай болмасын атыңыздан мақала шығарасыз» деп талап қойғаны менен санасында болмаса, оқып изленбесе, мақала дөреле бермейди ғой! Сол ушын да, мәмлекетимиз сиясатын алып баратуғын, ибрат мектеби санал­ған газета-журналларға жазылыўды үгит-нәсиятлаў ­ бул мәжбүрийликке кирмейди. Қайта газета-журналларға жазылып, китаплар оқып, тәжирийбелерин беккемлеген оқытыўшыларды, қараўындағы хызметкерлерди хошаметлеп барыў керек.

Оқытыўшылар ­ зия тарқатыўшылар. Олар сол зияны қайдан алыўы керек! Әлбетте, өз үстинде изленип, китап, газета-журналларды, илимий дереклерди оқыў арқалы руўхый билимин байытыўы лазым. Сонда ғана ой-пикирлерин жәмлеп қағазға түсире алады. Дүньяны билиў, ийелеў ушын да оқыў керек. Қураны Кәрим, Муҳаммед пайғамбарымыз ҳәдислеринде де илим үйрениў ең саўаплы әмеллерден екенлиги айтылған. Солай екен, зиялы инсанлардың китапларсыз, газета-журналларсыз жасаўы мүмкин емес.

Өткен жылы еки газетаның юбилейине байланыслы бир қатар районларда болып, ушырасыўлар өткерген едик. Сол ўақытта арқа районлардың бириндеги мектепте улыўма ҳеш газетаға жазылмағанын билип қалдық. Бул ҳаққында мектеп директорынан сорасақ: «бизге жоқарыдан тапсырма болмады» деп төмен қарады. Ал, газетаға жазылыў мәселесинде район ҳәкимлериниң бири болса: «биз бул мәселеге тапсырма бере алмаймыз, себеби, муғаллимлер мәжбүрий жазылыўды  шөлкемлестирип атырсыз, деп интернетке материал таслап жибере ме деп қорқамыз» деген еди. 

Усы жерден мәмлекетимизде Президентимиз басшылығында алып барылып атырған сиясатты халыққа жеткеретуғын газеталарға жазылыўды шөлкемлестириўге не ушын қорқамыз? Айырым район басшыларының «интернеттен қорққанын» қалай түсинемиз? 

Мәкеме, шөлкем, оқыў орынларының басшылары газета-журналларға жазылыўды шөл­кемлестиргени менен бул «мәжбүрий жазылыў»ға жатпайды. Қәне енди, республикамыз мектеплери басшылығы да мәжбүрлеп емес, газета-журналларға жазылыўды шөлкемлестирсе, қәлеген муғаллим қәлеген басылымларға шөлкемлескен ҳалда жазылса... Буның неси зыян болар екен! Олар ушын газета-журналларда өз тараўлары бо­йынша жәрияланған мақалалар, мәмлекетимизде сол тараўлар бойынша алып барылып атыр­ған сиясатлар ­ бийбаҳа дәрек емес пе?!

Өткен жылларда айырым «жыңғыл десе қырғын қылатуғын» басшылар, хызметкерлерге өзлери қәлесин-қәлемесин сорап отырмастан, сыртынан «мына муғдардағы суммаға газета-журналларға жазыласыз!» деп доқ уратуғынлар да табылды. Өзлериниң қайсы газетаға, қайсы журналға жазылғанын билмейтуғынлар да ушырасты. Буның баспасөз тараўына кери тәсири тийди.

Бир жыллары, бизлер студент едик, ҳәр айда алатуғын стипендия есабынан республикамыздағы театр сахналарындағы тамашалар ушын билетке ақша услап қалар еди. Сонда топарымыз бенен «Не ушын театрлардағы өтпей атырған билетлерге стипендияларымыздан ақша услап қалады?» деген саўал қойдық. Сонда республикамызға белгили устазларымыздың бири...

­ Ҳәзир театрлар оғада қыйын жағдайды бастан кеширмекте. Театрларды сақлап қалыўымыз керек. Ол ушын сизлерден жәрдем керек. Театрларды қоллап-қуўатласақ, әлбетте, жақсы-жақсы пьеса-спектакльлер дөретип, халықтың исенимин ақлайды, бунда биринши нәўбетте сизлер келешегимизсиз, патриотлық көрсетиўиңиз керек, - деген еди. Устазымыз айтқанындай, арадан жыллар өтип театр жәмәәтлери өзлерин тикледи, тамашагөйлер театрларға қайтты.

Руўхый азық ­ адамзатқа ҳаўа менен суўдай зәрүр, бул пикир көп айтылады. Хош, усы руўхый азықты қайдан аламыз?! Театрға барып тәрбиялық әҳмийеттеги пьеса, спектакльлерди тамашаласақ та, китапларды, газета-журналларды оқысақ та руўхый азық аламыз. Сол ушын көп оқыў, билиў көплик етпейди.

Баспасөз ­  миллетимиз айнасы, оннан дәўир нәпесин, тарийх­ты үйренемиз. Өткен дәўирдеги газета тигиндилерин парақ­лап отырып сол дәўир тарийхын, халықтың жасаў жағдайын, мәмлекетимиз сиясатын аңлаймыз.

Газета ­ бул тарийх. Бүгинги турмысымыз ­ ертеңги тарийхымыз. Мәмлекетимизди гүллеп-раўажландырыў бағдарында қаншадан-қанша пәрманлар, қарарлар қабыл етиледи. Олардың әмелдеги орынланыўы, халықтың машқалалары қулласы, булардың барлығы халқымыздың пәраўан турмысы ушын хызмет етеди. Мине, мәмлекетимиз сия­сатын халыққа жеткериўши, халық хызметиндеги баспасөз де халықтики. Солай екен, әсирлер бойы халыққа хызмет еткен, руўхый азықландырған баспасөзге, дөретиўши инсанларға қоллап-қуўатлаў, итибар зәрүр.

Қырық жылға шамалас баспасөз тараўында хызмет еткен Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Кеңесбай Реймов газетамыздың усы жыл 28-май санында жәрияланған «Тамырға балта урылмайды ямаса баспасөз тараўындағы маш­қалалар ҳаққында сөз» мақаласында интернет ҳәм баспасөз абзаллықлары туўралы терең талқылап пикирлер билдирген. Бул пикирлер республикамыз баспасөз тараўы дөретиўшилериниң «жүрегиндеги гәплер» десем қәтелеспеймиз. Себеби, ҳәр қандай жәмийет, ҳәкимият баспасөзсиз, газета-журналларсыз өмир сүриўи мүмкин бе?

«Газета-журналларға жазылыў мәжбүрий емес, бизге кереги жоқ» дейтуғын айырым мектеп басшыларының сайыз пикирлеўи илимли, билимли, зыялы инсанларды ренжитпеўи мүмкин емес. Себеби, халық оларға перзентлериниң қолларынан тутып келешекке исеним менен тапсырып қойған жоқ па! Бундай басшыларға китапларды, даналықларды, газета-журналларды оқып руўхый азықланыңлар, дегимиз келеди.

Ўақты келгенде халық интернет ҳәм баспасөздиң абзал тәреплерин аңлап жетеди. Ал, ҳәзирги информация әсириндеги өтпели дәўирде баспасөзди, әсиресе, газета-журналларды қоллап-қуўатлаў зәрүрлиги туўылмақта.

Миллетимиз айнасы, халықтың руўхый суўсыны болып әсирлер даўамында хызмет еткен, жырын жырлап киятырған газета-журналлар ҳеш қашан дыққат-итибардан шетте қалмайды, көкиреги ояў халықтан күш-қуўат алып, қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде өмир сүре береди. Буған исенимимиз кәмил.

Б.КАРАМАТДИНОВА,

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF