Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:39:58, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАҚЫЯТАСТА ТАРИЙХЫЙ МУЗЕЙ

Миллий мийрасларды сақлаў, қәдирлеп-қәстерлеў, үйренип изертлеў, оларды кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барып атырған музейлерге бүгинги күнде үлкен дыққат аўдарылмақта.

Музейлер ­ илимий изертлеў орайлары болып, олардың пайда болыўы менен бирге илимий дәрежеси де раўажланып барған. Илимий изертлеўлерсиз музей қорларына экспонатлар топлаў, оларды узақ мүддетте сақлаў, экспозиция жумысларын алып барыў мүмкин емес. Усындай изертлеўлер нәтийжесинде Тақыятас қаласында жасаўшы бир қатар пидайы инсанлар тәрепинен 2009-жылы музей шөлкемлестирилип, ол 4-санлы мектеп имаратында жайласып жумыс алып барған. Ҳәзирги күнде музей Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине қараслы Тақыятас қаласы мәденият бөлиминиң қурамына киргизилди ҳәм оған Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң хызметкерлери тәрепинен илимий-методикалық жәрдемлер берилип, илимий экс­позиция жумысларын бирге алып бармақта. Ҳәзирги ўақытта музей қоры 1500 ге жақын баҳалы экспонатларға ийе. 

Бүгинги күнде музейде қарақалпақ халқының тарийхый өтмишин, миллий мәдений мийрасларын, әсиресе, Тақыятас қаласының тарийхын, бай қәдириятларын, белгили азаматларын танытыўшы бир қанша бийбаҳа экспонатлар топланған. Соларға тийкарланып, экспозиция шөлкемлестирилген болып, қойылған көргизбе арқалы келешек әўлад­қа тәлим-тәрбия бериў, оларды ата-бабалар мийрасы менен жақыннан таныстырыў, ана-Ўатанға деген сүйиспеншилигин арт­тырыў баслы ўазыйпаға киреди.

 Музей экспозициясы бир неше бөлмелерден ибарат болып, «Ел хызметинде» атлы бөлмеде ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң «Мен өзбек халқының ғана емес, қарақалпақ хал­қының да перзентимен» деп, халқы­мызға деген үлкен итибар, мақтаныш сезимлери менен айтылған сөзлери ҳәм Қарақалпақстанға сапары ўақтында түскен фото сүўретлери орын алған. Соның менен бирге, бир неше жыллар даўамында республикамызды басқарып, оның гүллеп-жаснаўына, бүгинги күн дәрежесине жетисиўинде өзиниң салмақлы үлесин қосқан мәмлекетлик ғайраткер, «Эл-юрт ҳурмати» ордени ҳәм 1-дәрежели «Мийнет фахрийси» көкирек нышаны ийеси  Қ.Камаловтың баҳалы мийнетлери,  ол ҳаққында жазылған китаплар ҳәм оның фото сүўретлери қойылған. Бул  сүўретлер менен бирге, қарақалпақ халқының социал-экономикалық ҳәм мәдений жақтан раўажланыўында  аянбай ат салысқан атақлы ел перзентлери А.Досназаров, П.Сейтов, Қ.Камалов,   Ү.Әширбеков, М.Жуманазаров, Н.Жапақов, Е.Айтмуратов, Ә.Тажиевлардың  фото сүўретлери, ал, «Илимли елге нур жаўар» атамасындағы щитте болса, елимиздиң академик-илимпазлары Қ.Айымбетов, Н.Дәўқараев, М.Нурмуҳаммедов ҳәм И.Сағитовлардың сүўретлери қойылып, олардың ислеген мийнетлери сол дәўир ушын ғана емес, ал, бүгинги ҳәм келешек әўлад ушын да үлги болары сөзсиз. Демек, биз олардың өмирин, басып өткен жолын үйрениў арқалы да пүткил қарақалпақ халқының өтмишин билиўимизге болады. Сонлықтан музейде халқымыздың басынан кеширген тарийхый ўақыяларын сүўретлеўши архив сүўретлери де дыққатқа ылайық.

«ХХ әсирдиң ең ири плотинасы халық хызметинде» атамасындағы көргизбеде болса республикамыз санаатының раўажланыўында  үлкен жетискенликлерге алып келген ҳәм оғада әҳмийетли бол­ған объектлер — Тақыятас гидроузелиниң 30 жыллығына ҳәм Тақыятас ГРЭС не бағышланған мағлыўматлар, сүўретлер ҳәм китаплар тамашагөйлердиң нәзерине усынылған. Сондай-ақ, елимиз турмысын абаданластырыўдағы дәслепки қәдемлердиң бири болған 1974-жылғы көпирдиң ашылыўындағы салтанатлы мәжилис те өз көринисин тапқан. Музейде мине усындай елимиз турмысындағы әҳмийетли ўақыяларды көрсетиў менен бир қатарда бизиң ата-бабаларымыздың әсирлер даўамында пайдаланған  үй-руўзыгершилик буйымлары, миллий кийим-кеншеклери, саз-әсбаплары менен сән-сымбатлы қара үйи бүгинги жас­ларға ҳәм келешек әўладқа үлги болары сөзсиз.

Бир сөз бенен айтатуғын болсақ,  бизиң журтымыздың ҳәр бир мәсканы, ҳәр бир уўыс топырағы муқаддес, себеби, мине усы Тақыятас қаласынан табыл­ған археологиялық табылмалар да хал­қымыздың узақ өтмишинен дәрек береди. Солай екен, бүгинги жасларымыздың қәлбинде ана-Ўатанымызға, киндик қанымыз тамған топырағымызға болған сүйиспеншиликти оятыў, оларды миллийлигимиз бенен тәрбиялаў, миллий мийрасларымызды көз қарашығындай сақлаў ҳәм келешек әўладқа жеткизип бериў ­ биз музей хызметкерлериниң баслы ўазыйпаларынан болып табылады.

З.ЕЩАНОВА,

Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты

мәмлекетлик музейиниң илимий хызметкери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF