Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:13:03, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚУРЫЛЫСЫ ПИТПЕГЕН ИМАРАТҚА БОЛҒАН ҲУҚЫҚТЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ДИЗИМНЕН ӨТКЕРИЎ ТӘРТИБИ

Ҳәр қандай шахс өзине тийисли болған мүлклерди басқарыў, үшинши шахслардан қорғаў, оннан пуқаралық ҳуқықый қатнасықлар объекти сыпатында еркин пайдаланыўды қәлейди.

Көшпес мүлклер ­ жасаў ушын зәрүрлиги, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, ислеп шығарыў менен шуғылланыў ушын зәрүрлиги ҳәм қымбат баҳалы екенлиги менен ажыралып турады.

Мүлк ийесиниң көшпес мүлкке болған жеке меншик ҳәм басқа да мүлкий ҳуқықлары, бундай ҳуқықларының мәм­лекетлик дизимнен өткериўши уйымнан, яғный, Жер дүзиў ҳәм көшпес мүлк кадастры мәмлекетлик кәрханасы район, қала филиалларынан мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи менен жүзеге келеди.

Көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткерместен әмелге асы­рыл­ған көшпес мүлк объекти менен байланыслы болған ҳәр қандай питимлер ҳақыйқый емес есапланады.

Ҳәзирги күнде пуқаралар ҳәм исбилерменлер тәрепинен қурылысы толық тамамланбаған турақ жай ҳәм турақ жай емес имаратларын сатыў, саўға етиў ҳәм басқа да ҳуқықый ақыбетлерге алып келиўши питимлер дүзиў имканиятына ийе болыўды қәлейди ҳәм бундай қурылысы тамамланбаған объектлерин ҳүж­жетлестирип бериўди сорап мүрәжатлар етпекте.

Қурылысы тамамланбаған объект ­ бул қурылысы белгиленген тәртипте ажыратылған жер участ­када тастыйықланған жойбар  ҳүжжетлерине муўапық басланған, лекин, белгиленген күнинде тамамланбаған яки қурылысы тамамланған, бирақ, тийисли тәртипте пайдаланыўға қабыл етилмеген имарат ҳәм қурылмалар (турақ жай ҳәм турақ жай емес) есапланады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 29-декабрьдеги l060-санлы қарары менен тастыйықланған «Көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртиби ҳаққында»ғы Режеге муўапық қурылысы тамамланбаған имарат ҳәм қурылмаларға болған ҳуқықлар тийисли Жойбарлаў институты тәрепинен олардың қурылысы басланғанлығы тастыйықланған жағдайда мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи мүмкин.

Буның ушын мүлк ийе­синиң ажыратылған жер участкасына болған ҳуқықы тийисли тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилген болыўы, қурылысы тамамланбаған объекттиң қурылысы ­ турақ жай болғанда қурылысы район (қала) қурылыс бөлими менен келисилген жойбарға муўапық, ал, турақ жай емес болғанда тийисли тәртипте берилген жойбар-смета ҳүжжетине муўапық басланған болыўы керек.

Ажыратылған жер участ­када ­ жеке тәртиптеги турақ жай яки көлеми 300 кубметрден артық болмаған турақ жай емес объектлер қурылысын баслаў ушын қала, район қурылыс бөлимлери менен келисилген жойбар ҳүжжети тийкар болады, ал, 300 кубметрден артық болған турақ жай емес объектлер ушын қурылыс-монтажлаў жумысларын баслаў ушын Қурылыс министрлигиниң қурылысты қадағалаў инспекциясының Қурылыс-монтаж жумысларын баслаў ҳаққындағы хабарнамасы тийкар болады. 

Жойбар ҳүжжетлерин келисиў ҳәм Қурылыс-монтаж ислерин баслаў ҳаққындағы хабарнаманы алыў ушын мүрәжат Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы қабыл етиледи. Алдынлары имарат қурылысы толық питкерилмегенше жергиликли ҳәкимият уйымларының рухсатысыз басқа шахсларға өткериў мүмкин емес еди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-сентябрьдеги ПП-5816 санлы Пәрманына муўапық 2020-жыл 1-январьдан баслап қурылысы тамамланбаған турақ жайларды бас­қа шахсқа өткериўде жергиликли ҳәкимият уйым­ларының рухсатын алыў талабы бийкар етилди.

Буннан былай қурылысы тамамланбаған имарат ҳәм қурылмаларды басқа шахсқа өткериўде мүлк ийесиниң буйыртпасы бойынша жер участкасы ажыратылғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлер, жер участкасына болған ҳуқықының мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар тийкарында дәслеп кадастр ҳүжжети рәсмий­лестириледи ҳәм оның негизинде кадастр паспорты бериледи, соң қурылысы тамамланбаған имарат ҳәм қурылмаға болған мүлк ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткериледи.

Мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳақ­қында Реестрден көширме бериледи ҳәм мүлк ийе­си қурылысы тамамланбаған имарат ҳәм қурылмасын сатыў, саўғаға бериў ҳәм басқа да ҳуқықый ақыбетлерге алып келиўши питимлер дүзиўге ҳақылы болады.

Қурылысы тамамланбаған имарат ҳәм қурылмаларға кадастр паспортын алыў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша буйыртпалар Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы бериледи.

Қурылысы тамамланбаған имарат ҳәм қурылмалар қурылысының жойбар ҳүжжетлерисиз яки жойбар ҳүжжетлеринен шыққан ҳалда әмелге асырылыўы өзбасымшалық пенен қурылған қурылыс есапланады. Бундай жағдайда оған кадастр паспорты берилмейди ҳәм оған бол­ған ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилмейди.

Қурылысы тамамланбаған объектлерге кадастр ҳүжжетин рәсмийлестириў ҳәм оның негизинде кадастр паспортын таярлаў ушын көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер ушын төлем өлшеўде анықланған әмелге асырыл­ған қурылыстың майданынан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 20l4-жыл l0-июльдеги l86-санлы қарары менен тастыйықланған көшпес мүлк объектлериниң мәмлекетлик кадастры тараўында мәмлекетлик хызметлери баҳаларын белгилеў тәртибине муўапық анықланады.

 

 

Т.ГАИПОВ,

ҚР «Жермүлккадастр» МК Юридикалық бюро баслығы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF