Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:48:04, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БОЗАТАЎЛЫ  ЖАСЛАР МЕНЕН  УШЫРАСЫЎ

Усы жыл 9-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергеновтың Бозатаў районының белсенди жаслары менен ушырасыўы болып өтти.

Президентимиздиң 2019-жыл 27-декабрь күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме техноло­гиялары мектебинде жаслар менен ушырасыўда атап өткениндей, 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады. Елимиз басшысының басламасы менен шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районының қайта шөлкемлестирилиўи жасларды айрықша қуўанышқа бөлемекте. Бүгинги күни республикамыздың барлық жерлериндеги сыяқлы район жасларының өмиринде де бир қатар унамлы өзгерислер жүз бермекте. Усы жылдың май айында Өзбекстан Жаслар аўқамы Бозатаў районлық Кеңесиниң шөлкемлес­тирилиўи олардың турмысында қуўанышлы ўақыя­лардың бири болды.

Бүгинги күни район орайында бир қатар қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Соның ишинде, «Боз-тех» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пайдаланыўға тапсырылыўы менен бир қатар жаслардың бәнтлиги тәмийинленди. Жылына ҳәр сменада 1,5 миллион дана, жәми 2 миллиард 250 миллион сумлық өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болған кәрханада бүгинги күни 90 ҳаял-қыз мийнет етпекте. Елликқала районындағы «Жайҳун барака чеварлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң үш қәнигеси жасларға устазлық етпекте.

— Жаслардың тигиўшилик кәсибине болған  қызығыўшылығы күшли,-дейди «Жайҳун барака чеварлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң хызметкери  Шахноза Жуманиязова.-Кәсиплеслерим Ирода Абдуллаева, Робия Сабурова менен биргеликте жас қызларға тигиў ҳәм пишиў сырларын үйретип атырмыз.

Қәнигелердиң атап өткениндей, ең заманагөй үскенелер менен тәмийинленген кәрхана өнимлерине тек ишки базарда емес, ҳәтте, сырт еллерде де қызығыўшылық күшли. Бүгинги күни Россия Федерациясының бир қатар қалаларына экспорт етиў бойынша шәртнамалар дүзилген.

«Бозатаў» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында бес гектар майданда «Жаслар бағы» шөлкемлестирилди. Бул жерге 5 мың түп мийўе нәли ҳәм палыз егинлери егилди. «Пидайы жаслар» топарына бирлескен 30 дан аслам жас жумыс пенен тәмийинленди. Буннан тысқары, районда 300 ге шамалас ыссыхана қурыл­ған болса, соннан отызы жумыссыз жасларға берилди.  Солардың бири, Улзада Жуманазарова өзиниң ыссыханасында бүгинги күнге 100 килограмм помидор жетистирип, халыққа арзан баҳада сатты.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары тийкарында районда «Мойнақ келешек қурыўшылары» жуўапкершилиги шекленген жәмийети   шөлкемлестирилип, район ҳәкиминиң қарары менен 500 гектар егислик жер майданы ажыратылды.

— Быйылғы жылы 168 гектар жер майданында 40 жастың бәнтлиги тәмийинленди,-дейди Өзбекстан Жаслар аўқамы Бозатаў ра­йонлық Кеңесиниң баслығы Нызаматдин Төремуратов. — Соннан 118 гектарына мәкке, 50 гектарына беде егилди. Бул жумыслар еле де даўам етип атыр...

Жақын күнлерде районда Жаслар орайы, 800 орынлық амфитеатр ҳәм 1000 орынлық заманагөй стадионның қурылысы питкерилип, жаслардың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылыў алдында тур. Соннан Жаслар орайында инглис тили, компьютер ҳәм аяқ ойын дөгереклерин шөл­кемлестириў режелестирилген.

Ушырасыўда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатарда алда турған ўазыйпалар белгиленди.  Атап айтқанда, жаслар қурылыс отрядларын шөлкемлестириў, «Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен» бағдарламасы тийкарында жасларды жеңиллетилген кредитлер менен тәмийинлеў, ыссыханалар шөлкемлестириўде Мойнақ жасларының тәжирийбесин үйрениў мәселелери ҳәр тәреплеме сөз етилди.

Ушырасыўда жаслар өз пикир-усынысларын билдирди ҳәм олар бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF