Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:43:09, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ҚОРАЗ  КӘМПИТ ШЕТ  ЕЛДИКИ  ДЕСЕ…»

Ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде «Глобалласыў толқыны», «Жоқары технологиялар заманы», «Техникалық революция» процесслери тез пәт пенен ҳәрекет етип атырған бир дәўирде барлық халықлар ушын өзлериниң миллий өзлигин, мәдения­тын, үрп-әдет, дәстүрлерин ҳәм әлбетте, ана тилин сап ҳалында сақлап қалыў ҳәм келешек әўладларға мийрас етип қалдырыў үлкен машқалаға айланып бармақта.

Өйткени, бүгин дүньяда болып атырған ўақыялар ҳаққындағы хабарлардың енди бурынғыдай бизге келип жетиўи қыйын болып ямаса тәсири онша сезилмейтуғын ўақытлар әллеқашан өтип кетти. Керисинше, дүньяның қайсы мүйешинде жүз берген ўақыя интернет, яки уялы телефон қурылмалары арқалы көзди ашып жумғанша бизге жетип келип атыр. Қайсы жерде бол­ған тәбийғый апатлар бизиң мәканымызға да өзиниң зыянлы тәсирлерин тийгизбей қалмайды. Демек, жер шары ҳәзир жүдә нәзик ҳәм тез сыныўға мейил болған мәйекке уқсап, алақанымызда шайқалып, азғантай қоз­ғалып кетсең қолыңнан түсип шыл-пәрше болатуғындай.

Мине, усындай глобалласыўдың үстимизге жапырылып киятырған пәтли ағысы ақыбетинде дүнья жүзинде пайда болып атыр­ған үлкен машқалалардың бири — дүнья халықлары ушын ортақ болған улыўмаласқан этикет, улыўмаласқан мәденият ҳәм улыўмаласқан менталитеттиң қәлиплесип атырғаны ҳеш кимге сыр емес. Бул өз гезегинде миллий менталитетимизге тән болған белгилердиң ыдыраўына, соның ишинде, ана тилимиздиң де қәдирсизлениўине алып келмекте.

Ҳәзирги ўақытта тил тараўында ислениўи тийис болған машқалалар оғада көп. Солардың бири ретинде аймағымыздағы сыртқы жазыўлар, атап айт­қанда, реклама ҳәм дағазалар, көргизбели басқа хабарландырыў текстлери, сондай-ақ, барлық саўда шақапшалары ҳәм халыққа хызмет көрсетиў орынларының атамалары мазмунының мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мәплерге, әдеп-икрамлылық нормаларына муўапық келмеўи ҳәм де мәмлекетлик тилде болыў ҳалатының жүдә ашынарлы жағдайда екенлигин көрсетиўимизге болады. Бир саналы инсан ҳәм усы журттың жанашыр перзенти сыпатында жолларда кетип баратырып, көзиң қайсы тәрепке түссе (көзиңди жумып өте алмайсаң), сол жердеги сыртқы жазыўлар ҳәм атамалардың ала шубар тилде турғанын көрип ерксиз түрде ренжип басыңды шайқайсаң.

Усындай бир қыйын-қыстаў пайытта Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң шөл­кемлестирилиўи, Министрлер Кабинетиниң усы жыл 20-январьдағы «Мәмлекетте мәмлекетлик тилде ис жүргизиўди нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы 24-санлы қарарының қабыл етилиўи ҳәм усы қарар негизинде Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси баслығы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлериниң руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил хаққындағы Нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымының енгизилиўи мәмлекетлик тил тараўында ушырасып атырған машқалаларды шешиўдиң унамлы қәдемлериниң бири болды. Солай етип, усы қарар тийкарында февраль айында мәсләҳәтшилер өз жумысын баслады.

9-март күни Бас министр А.Арипов басшылығында видеоселектор жыйналысы өткерилди. Бул видеоселектор жыйналысы негизинде Министрлер Кабинетиниң «Географиялық объект­лердиң атамаларын, сондай-ақ, жәмийетлик орынлар, көшелер, имаратлар алдындағы жазыўлар ҳәм рекламалардың Нызам ҳүжжетлери талапларына муўапықластырыў мәселелери ҳәм де орынларда Минис­трлер Кабинетиниң қң-санлы қарарының орынланыўы ҳаққында» баяны тастыйықланды. Баянда көрсетип берилген тапсырмаларды орынлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен 2020-жыл 16-март күни ис-илажлар режеси ислеп шығылды ҳәм белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша Республикамыздағы барлық район (қала)лардың ҳәкимликлеринде саўда ҳәм халыққа хызмет көрсетиў шақапшалары, шөлкемлер, кәрханалар ҳәм мәкемелерде, сондай-ақ, олардың аймағында орнатылған сыртқы жазыўлар, дағазалар, реклама ҳәм көрсетпели мәлимлеме текстлериниң мәмлекетлик тилде болыўын тәмийинлеў бо­йынша жуўапкер шөлкемлер хызметкерлери ҳәм қәнигелерден ибарат турақлы жумыс алып барыўшы исши топар дүзилди. Исши топар қала ҳәм районларда жайласқан саўда ҳәм халыққа хызмет көрсетиў шақапшалары, шөлкемлер, кәрханалар ҳәм мәкемелерде, сондай-ақ, олардың аймағында орнатылған сырт­қы жазыўлар, дағазалар, реклама ҳәм көргизбели мәлимлеме текстлери бойынша мониторинг өткерди. Өткерилген мониторинг жумысларының нәтийжелери бойынша Нөкис қаласы ҳәм районларда сыртқы реклама, сыртқы жазыўлар, көргизбели хабарландырыў текстлери бойынша 955 объектке талқы исленди. Талқылаў нәтийжелери бойынша қўғ объектте (28,9 процент) жазыўлар басқа тилде (рус, инглис), өҳқ объектте (61,1 процент) мәмлекетлик тилде жазыл­ғанлығы анықланды.

Бул үйрениўде республикамыздағы барлық орынлардағы сыртқы жазыўларды толық түрде қамтый алмадық. Бул еле «қамыр ушынан пәтир» ғана. Егер ҳәммеси толық үйренилип шығылса, нызам қағыйдаларына жуўап бермейтуғын унамсыз ҳалатлар буннан да бетер артып кеткен болар еди. Сонлықтан, бул исти тағы да даўам еттирип, әсиресе республикамыздың көзи-жүзи болған пайтахтымыздағы сыртқы жазыўлар бойынша өз алдына исши топар дүзип, буны арнаўлы түрде үйренип шығыў ҳәм тийисли шаралар көриўимиз зәрүр.

Ҳәзирги ўақытта аймақларда район(қала)лар ҳәкимлериниң мәсләҳәтшилери тәрепинен мәмлекетлик тил қағыйдаларына жуўап бермейтуғын сыртқы жазыўларды тәртипке салыў бо­йынша әмелий ислер алып барылмақта. Атап айтқанда, Төрткүл районы «Самарқанд» көшесинде жайласқан бағаналардағы жарамсыз ҳалға келип қалған рекламалар алып тасланды. Бозатаў районындағы саўда орынларына тийисли «Open», «Мы открылись», «Хозтовары и автозапчасти», «Мужской и женс­кий салон», Тақыятас ра­йонындағы саўда шақапшаларына тийисли «Чайная» ҳәм басқа да жазыўлар мәмлекетлик тилдеги жазыўларға өзгертилди.

Мәмлекетлик тилди үгит-нәсиятлаўшы материаллар таярланып, үлкен жол бойларына ҳәм орайлық көшелерге орнатылмақта. Атап айтқанда, Беруний-Төрткүл проспекти, Хожели, Мойнақ районларының көшелери бойына А-380 өлшемдеги «Ана тилимиз — миллий мәнаўиятымыздың сарқылмас булағы (Ш.Мирзиёев)» атамасында баннерлар орнатылды.

Сондай-ақ, Мойнақ, Қоңырат районларында «Миллий тилди жоғалтыў — бул миллеттиң руўхын жоғалтыў менен тең» сүрени менен баннерлер ҳәм LED экранларға видеороликлер жайластырылды.

Әлбетте, бул исленип атыр­ған жумыслар ҳүкиметимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен мәмлекетлик тилимизди қәдирлеў бо­йынша қойылып атырған дәслепки адымлар болып табылады.  Еле алдымызда ислениўи керек болған ўазыйпалар күтип тур.

Егер биз бүгин өз үйимизде қыймылдамастан, сырт елли мийманлардың келиўине ҳәм импорт өнимлерге («қораз кәмпит шет елдики десе, ҳәмме соған таласады») тек көзимиз қызығып отыра берсек, онда тез арада көшелеримиз, дүканларымыз ҳәм дастурханымызды «басып кеткен» гамбургер, бургер, хот-дог, маркетлерден қутыла алмай қаламыз. Сонлықтан, тез арада мәмлекетлик тилдиң (қарақалпақ ҳәм өзбек тили) компьютерлескен тилин әмелге киргизиў ҳәм бағдарламалаў — ана тилимизди бундай қәўип-қәтерден аман алып қалыўы мүмкин. Өйткени, тил тәғдири миллет тәғдири менен байланыслы болып, бундай жуўапкерли исти бүгин әмелге асырмасақ, ертең кеш болады.

Пердеғалий ДАБЫЛОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бо­йынша мәсләҳәтшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF