Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:16:14, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТӘБИЯТ  ЗАҢЫН  БИЙКАРЛАП  БОЛМАС

Телевидение пайда болғаннан соң енди театрға мүтәжлик жоқ деген көзқарас жүзеге келген еди. Лекин бундай болмады. Адамлар жанлы ҳәрекетти сағынып, және театрға қайтты.

Эстрада, рок киби жөнелислер қаншелли тезлик пенен дүньяны қамтып алса да, миллий музыкамыз өз өмирбақыйлығын жоғалтпастан киятыр. Узағымызды жақын етиўши түрли автомашина, ҳәтте самолётлар жаратылса да, ҳәр бириниң өз атқаратуғын хызмети бар...

Хош, сондай екен интернет раўажланды, дүнья бир глобаль тармаққа бирлести, енди газета-журналға мүтәжлик жоқ деп қарар қабыллаў қаншелли дурыс!  Жоқарыдағы мысаллар киби, күн келип адамлар газета-журналларға өз ықтияры менен қайтады. Себеби, өткинши нәрселер артынан жуўырып шаршайды, оларда руўхый зорығыў ҳалаты жүзеге келеди. «Ертек оқып, алым болалмайсаң», дегениндей, тек хабар-жаңалық пенен саўатлы, мәнәўиятлы болыў гүман. Оннан қалса артықша информация ағымы адамды шаршатып қояды. Ҳәр қашан инсаният жақсы жазатуғын дөретиўшилерди оқыў арқалы жақсы сөйлеўге, жақсы жасаўға, жақсы болыўға талпынған. Әдебият — ибрат мектеби екен, белгили журналистимиз Кеңесбай Реймов айтқанындай әдебият әлеминде салмақлы орынға ийе бол­ған шайыр-жазыўшылар ҳәр қашан да баспасөз дүньясынан жетилисип шыққан. Себеби, газета-журналларда сөз бенен ислесиў көнликпеси қәлиплеседи. Гербиш өриўди билмеген уста қалай жай салсын?! Сөзди орны-орнына қоя билмеген, қалай дөретиўши болсын?!  Демек, қашан баспасөз раўажланса, әдебият та жаңадан-жаңа тулғалар менен толысады...

Келешек прогнозынан бүгинги ҳалатқа қайтсақ, ҳәзир тыңлаўшыдан көре сөйлеўши, ис таныўшыдан көре ақыл үйретиўши көп. Айрымлар айтадыF «Мәмлекетлик газета-журналларда оқыйтуғындай түйирли нәрсе жоқ...» Биз сары басылымлардан, интернеттен «үйрениўимиз» керек екен. Хош сары баспасөз типиндеги баслылымлар қандай? Олар тек ғалаўыт көтерип, темаға күш береди. Нәтийжеде халық жеңил-желпиге, туўрырағы көшениң мыш-мышына үйренип баратыр. Қәйинене келин урысы, урлық, тас баспайтуғын мораллық темадағы мақалалар... Сиясий көзқарас, шолыў, терең ойланып, ис көриўге шақыратуғын материаллар дерлик жоқтың қасында...

Бүгинлиги улыўма баспасөзде публицистика ақсады. Жеме-жемеге келгенде «... жаман кадр қайдан шықты» болып қалмақта. Газета халықтики. Тек редакцияда ислейтуғын журналистлер материал таярлаўы шәрт деген қағыйда жоқ. Бул санамызға сиңген тар көзқарас. Бир пайытлары «Гүлистан» журналы Асқад Мухтар редакторлық еткен па­йытта гүрлеп раўажланған. Оның бир тактикасы шеттен материаллар жазатуғын өз авторларына (ша­йыр-жазыўшылар, илимпазлар, түрли тараўлардағы жетик маманларға) ийе болған. Оларға егер сен китап текшеңнен өзиң қәлеген китапты табалмасаң, отыр да оны өзиң жаз» деп усыныс берген. Халыққа айтар гәпиңиз болса, ҳеш ким Сизди тоқтатып турғаны жоқ. Мәрҳамат, жазың. Тек шетте турып сын айтыўды қатыратуғын «айрымлар»ға бизиң де гәпимиз бар. 

Хош, бүгинги журналистика илиминде үйренилген қайсы бир жумыс әмелиятта өзин ақлады? Жазылған илимий мийнетлерге таянып, тарийхты үйрениў, ондай-бундай деп көзқарас билдириў, салыстырыў, сын пикир айтыў, болжаў, жуўмақ жасаў  мүмкин. Лекин усындай қыйын процессте журналистика (әсиресе баспасөз журналистикасы) тараўында илимий ис алып барған, белгили дәрежеге ийе бол­ған, исенимге ерискен устазларымыз неге тым-тырыс. Неге олар машқаладан, бул қыйын процесстен шығыў жоллары ҳаққында бирде-бир пикир, усыныс билдирмеди. Илим әмелият ушын емес пе? Мәгар газета-журнал жабылып кетсе, олар жасларға бул ҳалат ҳаққында не деп айтар екен? Орны келгенде айтыўымыз керек, мен улыўма журналистиканың әмелият барысынан ҳеш қанықпағанман. Студентлер тек атына ғана әмелият өтейди... Илим менен әмелиятты уйғынластырыў зәрүрияты бар.

Демек, ҳәр қашанда бир маш­қала басқа да машқалалардың жүзеге келиўине себеп болған, болады да. Бул тәбиятта да бар заң. Егер тәбиятта қайсыдур түр, ол мейли ең киши организм болса да жоғалып кетсе өз-ара уй­ғынлық бузылып, кеўилсиз ақыбетлерди келтирип шығарыўы анықланған. Дүньяда ҳәр бир организмниң атқаратуғын өз хызмети бар. Ҳәр түрлилик тәбиятқа тән. Журналист Кеңесбай Реймовтың мақаласын мәзи оқыған емес, оқып уққан бул заңлықты жақсы түсинеди.

 

Несибели МАМБЕТИРЗАЕВА.

Журналист.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF