Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:00:51, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРИЙХ — ТЕРЕҢ ТАМЫР УРҒАН ДАРАҚ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары елим-журтым деген ҳәр бир адамның көкирегинде қуўаныш сезимин пайда етери сөзсиз.

Материаллық мәдений мийраслар болып табылады ­ бизиң ата-бабаларымыздан берман бизге, бизден кейин келешек әўладқа өзлигин танытатуғын әжа­йып дәреклеримиз болып табылады.

Республикамыз тарийхый ҳәм мәдений естеликлерге жүдә бай болып, олардың көпшилиги жәҳән мийрасының алтын қорынан әлле қашан орын алыўы керек еди. Бул бийбаҳа мийраслар халқымыздың раўажланыў жолындағы басқышларының айнасы болыўы менен бирге, жасларымызды өзлери туўылып өскен, киндик қаны тамған топырақты қәдирлей билетуғын әўлад етип тәрбиялаўда әҳмийети үлкен. 

Дүнья халқы бизиң елимиз тарийхы менен қызықсынып, көз тигип турған дәўирде халқымыз тарийхының бир пәршеси археологиялық ҳәм архитектуралық естеликлер саяхатшылар ушын да, жасларымыздың руўхый санасын жетилистириўге де белгили дәрежеде хызмет етери сөзсиз.

Үстирттеги Дәўкескен дийўалы, ертеклердеги жер асты сарайларын еслететуғын Назлымхан сулыў киби әжайып мийраслар тарийхы менен жақыннан танысқан ҳәр бир инсанда мақтаныш сезимлериниң оянатуғынлығына, олардың руўхый жақтан байыйтуғынлығына, өз елине деген сүйиспеншилигиниң тағы да артатуғынлығына гүман жоқ. Усы бийбаҳа мийраслар менен танысыў арқалы пайда болған әжайып образлар ҳәр бир жас әўладта «Ўатан» деген туй­ғының бир бөлегине айланыўы сөзсиз. Сондай-ақ, орта әсир мусылман дүньясында атлары мәлим Султан Ўайс баба, Абдулла Наринжаний, Шыбылый ата, Сулайман Бақырғаний, Шайық Жалил баба киби ислам дининиң ири ўәкиллери, тасаўўиф шайықлары менен заманының жетик шайырлары қәбирлериниң муқаддес топырағымызда жайласыўының өзи де биз ушын мақтаныш емес пе! Усы шайық-уламалар менен қатар Мурат шайық, Имам ийшан, Әзлер баба, Қарақум ийшан, Сүйин ийшан, Тоқпақ ата, Даўыт ата киби онлап қәдемжайлар ғәрезсизлик жылларында қаншадан-қанша инсанлардың зыярат етип, руўхый жақтан пәкленип, тазаланыў орнына айланды. Бизлер булар туўралы нелер билемиз!

Әлбетте, буның ушын биринши нәўбетте тарийхый естеликлеримиздиң аўҳалы қай дәрежеде, абаданластырыў ислери қалай исленип атырғанлығы ҳаққында бас қатыратуғын ўақыт жетти. Ҳеш жасырарлығы жоқ, көпшилик тарийхый архитектуралық естеликлеримиз қойымшылыққа айланып кеткен. Мәселен, б.э.ш. IV-III әсирлерге ти­йисли мәдений қатламларды өз ишине алған «Шорша» естелиги бүгинлиги «Шорша баба» аты менен қо­йымшылық хызметин атқарып тур. Баба сөзи жеке адамға айтылатуғыны ҳәммеге мәлим. Лекин, бир дәўирлерде үлкен шәҳәр хызметин атқарған қорған қаланың булай аталып турғаны биймәнилик екенлиги ғалаба хабар қураллары арқалы бир неше мәрте айтылғаны менен еле сол ҳалатында тур. Қаланың ески дий­ўаллары әтирапы қәбирлер менен толы. Бир қәбирге Шорша бабаның қәбири деп келгенлерге көрсетип (қойымшылық хызметкерлери) шаласаўат адамларды отырғызып қойғаны да сыр емес. Әлбетте, буларға шек қоятуғын ўақыт жетти.

Дүньяның көплеген еллеринен саяхатшылар арнаўлы көриў ушын келип атырған Миздакхан естеликлер комплексинде де сол аўҳал. Қойымшылық ХХ әсирдиң жетписинши жылларында Миздакхан комплексине төменнен жоқарыға шығатуғын арнаўлы текшелер, текшениң еки тәрепине темирден услап минетуғын услағыш исленип, естеликлерди көриўге қолайлы шараятлар жаратылған. Лекин, усындай үлкен ис исленген, бирақ, сол дөгерекке марҳум жерлеўди тоқтатпаған. Ҳәр қандай адам, әсиресе, жас өспиримлер дүньяда теңи жоқ Назлымхан сулыў сарайын көрип жақсы тәсир алады, бирақ, қәбирлерди көрип...

Қум өзекте (Ийшан қала) ХVIII әсирдиң ақыры ХIХ әсирдиң басларындағы улама зыялылар үлкен ағартыўшылық жумысларын алып барған, халық перзентлерин илим-билимли, әдеп-икрамлы, пазыйлетли етип тәрбиялаўдай хызметлери қанша улығланса да арзыйды.

Жас әўладты миллий ғәрезсизлик идеясы руўхында, Ўатанға садық етип тәрбиялаўда Президентимиз атап өткениндей, тарийхқа, өтмишимизге, миллий қәдириятларымызға ҳәм бабаларымыздың даңқлы жолына және бир мәрте нәзер салыўымыз әҳмийетли. Бул естеликте ата-бабаларымыздың илим-билимге жетик болғанлығының дәлили сыпатында бизиң дәўиримизге келип жеткен муқаддес орынлардың бири. Усындай ийгиликли ислерди әмелге асырыўда Қарақалпақстан аймағындағы бай өтмишке ийе тарийхый естеликлер қатарына усы Қум өзек (Ийшан қала) тарийхый естеликлер комплекси де киреди. 

Бул естелик те Ийшан қала қойымшылығы аты менен белгили. 20l5-жылы «Бердақ» қорының басламасы менен Қум өзек тарийхый архитектуралық естелигин сақлап қалыў, тарийхын үйрениў, жергиликли туризмди раўажландырыўда белгили орын­ға айландырыў мәселеси менен илимий-теориялық конференция өткерилди. Әнжуман ҳақ­қында Қарақалпақстан телевидениесинен арнаўлы көрсетиў берилди. Әнжуманға жергиликли халықтан тысқары Өзбекстан Қаҳарманы, археолог алым Ғ.Хожаниязов, Кегейли районы ҳәкимияты, абаданластырыў бас­қармасы, Қарақалпақстан Республикасы Мәдений мийрас естеликлерин қорғаў инспекциясының баслығы Қ.Шарипов, Самарқанд мәмлекетлик Архитектура ҳәм қурылыс институты профессоры, архитектура илимлериниң докторы А.Уралов ҳәм басқа да жүзден аслам адам қатнасты.  ХVIII әсирдиң ақыры, ХIХ әсирге тийисли Қум өзек (Ийшан қала) архитектуралық комплексин үйрениў, сақлаў ҳәм оны ашық аспан астындағы музейге айландырыў мақсетинде пикирлесиўлер болды.

Естелик аймағы белгиленип сым тартылып, абаданластырыў басқармасына қаратылып, ҳәкимниң бийлиги шыққан соң арадан бес ай өтип август айында Нөкистен бир кемпирди естеликтиң бир дийўалын қулатып,  жерлейди. Әне, ашшы ҳақый­қатлық.

Өз дәўириниң уллы ойшылы, данышпан шайыр Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний бизиң даңқ­лы жерлесимиз. Тарийхтан биз Ҳәким атаны Хожа Ахмет Яссаўийдиң шәкирти, ислам дүньясындағы уллы тулға Зәңги атаға устаз болғанлығын билемиз. Мағлыўматларға қарағанда, Зәңги атаның зыярат жайына күнине 5000 адам келеди екен. Бул орын ҳаққында мағлыўмат жетерли болғаннан соң дүнья жүзи саяхатшылары арнаўлы келетуғын орынға айланған. Ал, бизиң жерлесимиз Ҳәким атаның қәбириниң қай жерде екенлигин де билмейтуғын жасларымыз түўе, жасы үлкенлеримиз де көпшиликти қурайды.

2002-жылы республикамызда Ҳәким ата Сулайман Бақырғанийдиң 880 жыллық юбилейи белгиленди. Юбилейге келген Хорезм Маъмун академиясының илимий хызметкериF «Мен бүгинги күни усы юбилейге қатнасып, Ҳәким ата Сулайман Бақырғанийдиң қәбирин зыярат еткениме жүдә қуўанышлыман. Буннан онлаған жыл бурын Ташкентте Шығыс тиллери институтында ислеп атырған ўақтымда Өзбекстанға Ираннан Бақырғаний деген адам келген. Ол өзин Сулайман Бақырғанийдиң әўлады екенлигин айтып, бабасының қәбирин зыярат етиў нийетин билдирген. Биз сонда Хорезм ўәлаятының ҳәмме районларынан излеп, бул уллы инсанның қәбирин таба алмадық. Қарақалпақстанда екенлигин сол ўақытта ҳеш ким билмеди» деген еди.

Мине, оннан берли де арадан он жети жыл ўақыт өтти. Оннан берли бул уллы инсанның юбилейи де белгиленбеди. Ол ҳаққында жетерли мағлыўмат та берип турған жоқпыз. Ҳәзирги ўақытта бул естелик әтирапы қайта реконструкцияланып атыр­ғаны оғада қуўанышлы.  Биз туризм тараўын раўажландырыўымыз ушын да биринши нәўбетте бизиң топырағымызда қандай уллы тулғалар туўылып, дүнья мәдениятынан қандай орын ийелегенин уқтырып барыўымыз керек. Буның ушын биз өзимиз Әбиў Райхан Беруний, Ҳәким ата ­ Сулайман Бақыр­ғаний, Буғрахан, Күнхожа, Әжинияз, Бердақларды билиўимиз, санамызға сиңдириўимиз керек.

ХIХ әсирдиң басында Шымбайда Халмурат байдың үлкен базары болып, онда Қазы Мәўлик Бекмуҳаммед улының китап дүканы болғанлығын кимнен сорасақ айтып береди!! Буны айы­рым әдебиятшылар яки тарийхшылар билиўи мүмкин. Лекин, ол жәмийетшиликке жеткерилип атырған жоқ.

Өз дәўириниң алдынғы қатар зыялы адамы болыўы менен бирге Әжинияздың туўысқан дайысы, соның менен бирге, устазы болған Елмурат ахун ҳаққында не билемиз? Қоңырат районы аймағында ХVIII әсирдиң ақыры ХIХ әсирдиң басында жасаған халқымыз тарийхында терең из қалдыр­ған Елмурат ахун медресеси ҳәм қәбири жайласқан. Медреседе Әжинияз тәлим алған. Бул орын көп жыллар даўамында изленип 20l2-жылы археолог Ғайратдин Хожаниязовтың басшылығында Бердақ қоры тәрепинен киши экспедиция шөлкемлестирилип анықланды. Бул ҳаққында баспасөзде жәрия етилди.

Биз қандай жағдайда да естеликлеримизди сақлап қалыўымыз керек. Олардың әтирапын абаданластырып, қойымшылықты тоқтатып, дәслеп жергиликли туризмди раўажландырыўды жолға қойыўымыз керек. Себеби, ҳәзирги күнде балаларымыз, жас әўлад өз елиниң тарийхын өзлери билип алыўы ушын бизлер имканиятлар жаратыўымыз зәрүр. Буның ушын тек естеликлерди барып көриў жеткиликсиз, естеликлер туўралы альбомлар, буклетлер, китаплар шығарыўымыз, оларды жаслар арасында кеңнен ен жайдырыўға ат салысыўымыз керек.

Халқымыз тәрепинен қәстерленип келинген тарийхый естелик орынларды ҳәр тәреплеме үйрениў, естеликти сақлаў, абаданластырыў мәселелерине тағы бир мәрте жаңаша көзқараста қарай отырып, избе-изликте илажлар әмелге асырылыўы талап етиледи. Булар бизиң  тарийхый-архитектуралық естеликлеримиз. Ал, бизиң қосығымыз, сазымыз, термемиз, толғаўымыз қанша. Оларды биз санап санына жете алмаймыз. Қарарда «Байсын мәдений орталығы», «Шашмақом музыкасы», «Наў­рыз», «Катта ашула», «Аския», «Палаў мәденияты» кандидатурасы ЮНЕСКОның Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы репрезентив дизимине киргизилгени ҳаққында айтылады. Әлбетте, бул сол тараў ўәкиллериниң үлкен мийнети. Биз буннан үйрениўимиз, үлги алыўымыз керек. Усы үлгини басшылыққа алып «Адыңнан», «Ешбай», «Дембермес», «Муўса сен яры» намаларын дүнья мәденияты қатарына қосыўға ҳәрекет етсек болмас па еди?

Қосықтың қарақалпақ халқы турмысында орны жүдә үлкен. Биз қосық пенен «Ҳәййиў» айтып бала жубатып, «Жоқлаў» айтып дебдиўин шығарған, Бәдик пенен Гүлапсанды айтып қәстелигине шыпа тапқан халықтың әўладларымыз. Булардың бәри қосық. Әлбетте, булардың атқарылыў усылында айырмашылықлар бар, лекин, бәрибир қосық. Дәстанларымыз ше! Тек ғана дәстанларымыз емес, олардың атқарылыўы ше! Соның менен бир қатарда, балалар ойын­лары нәзерден  тыс қалып атыр. «Қашарман», «Ат шақырмақ», «Маңлай шертпек» ҳәм тағы басқа. Ҳәр бир ойынның алдына қойған мақсети, атқаратуғын ўазыйпасы болады. Сол ойынларды ойнаў арқалы жас өспиримниң ақыл санасы раўажланады. Мәселен, «Ат шақырмақ» ойынын алайық. Бул көбинесе қыз балалар тәрепинен ойналатуғын ойын. Онда қызларды шаққанлыққа, уқыплылыққа, ядта сақлаў қәбилетин раўажландырыўға қаратылған әмеллер бар.

Халқымыздың усындай әжа­йып мийраслары бар екен, оны биз келешек әўладқа қалай сапалы жеткерип бериўимиз мүмкин? Пикирлериңизди күтемиз.

 

Ш.ПАЙЗУЛЛАЕВА,

Бердақ миллий музейи директоры. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF