Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:57:25, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАҚСЕТ — ЖАҚЫННАН ТАНЫСЫЎ

Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов Әмиў­дәрья районында болды.

Ол дәслеп районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң хызметкерлери менен ушырасты. Ушырасыў даўамында министр шаңарақлар ҳәм мәҳәллелердеги социаллық-руўхый орталықты жақсылаў, «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципиниң енгизилиўи сыяқлы мәселелерге айрықша тоқтап, оларға жумысларды және де жақсылаў бойынша тапсырмалар берди.

Министр сапары даўамында райондағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары менен ушырасып, өзин-өзи басқарыў уйымларында алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты. Соның менен бирге, минис­трликтиң жумысын дурыс жолға қойыўда жергиликли пуқаралар жыйынларының алдында турған ўазыйпаларға кеңнен тоқтап өтти. Атап өтилгениндей, бунда мәҳәллелерде нызам үстинлигин тәми­йинлеў ҳәм хуқықбузарлықлардың алдын алыў мәселелерине айрықша итибар қаратыў, ишки ислер уйымлары, басқа да мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў әҳмийетли болып есапланады.

 Сондай-ақ, ол мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жы­йынларының материаллық-техникалық базасын, имаратларын көзден өткерди.

Буннан соң бүгинги карантин дәўиринде социаллық жәрдемге мүтәж, көп балалы шаңарақлардың ҳалынан хабар алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF