Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:06:40, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАР ҲӘМ ПӘРМАНЛАРДЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫНДА ДЕПУТАТЛАРДЫҢ БЕЛСЕНДИЛИГИН АРТТЫРЫЎ ЗӘРҮР

3-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде  Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери ҳәм Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетлериниң Жоқарғы Кеңес депутатлары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасыўында қоспа мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери  комитетиниң баслығы Д.Қурбаниязов алып барды ҳәм шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында усы жыл 26-май күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде көрилген мәселелер ҳәм берилген тапсырмаларға кеңнен тоқтап өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен коронавирус панде­миясына байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы бойынша жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының ҳәр айда бир мәрте есабатлары тыңланып барылыўын жолға қойыў белгиленген.

Усы ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўде депутатлардың белсене қатнасыўы усыныс етилген.

Президентимиз тәрепинен белгиленген тапсырма ҳәм ўазыйпалардың орынланыўын ҳәм депутатлық қадағалаўды тәмийинлеўде, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының есабатлары тыңланыўын жолға қойыўда депутатлардың жуўапкершилигин ҳәм белсендилигин арттырыў зәрүр.

Президентимиз тәрепинен пандемияға байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар бүгинги күнде пандемияның халықтың турмысына ҳәм экономика­мызға унамсыз тәсирин жумсартыўда, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыўда, исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда айрықша орын тутады.

Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери  комитетиниң баслығы З.Реймова республикамызда қабыл етилген нызам ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў, оларды және де жетилистириў, халықтың ҳуқықый мәдениятын ҳәм саўатлылығын арттырыў мәселеси бүгинги күнде әҳмийетли мәселелердиң бири екенин атап өтти. Бул процессте депутатларымыз белсене қатнасыўы, қалалық ҳәм районлық кеңеслердеги турақлы комиссиялардың жумысын күшейтиў, қабыл етилген нызамлардың мазмунын ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсиятлаў, әсиресе, бүгинги карантин жағдайында аралықтан турып онлайн ушырасыўлар, видеобайланыс арқалы додалаўлар өткериўди шөлкемлестириў керек екенлигин айтып өтти.

Мәжилисте Жоқарғы Кеңес депутатлары көрилген мәселелер бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

***

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Жоқарғы Кеңес ҳәм районлық (қалалық) Кеңеслериниң сессияларында додаланыўы усыныс етилип атырған мәселелерди талқылаў бойынша мәжилис өткерилди.

Мәжилиске Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң ҳәм ҳуқық қорғаў уйым­ларының басшылары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов алып барды.

Олий Мажлис Сенатының Суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы Б.Мәтмуратов,  сенаторлар Ш.Уснатдинов, О.Атаниязова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, көрилип атырған мәселениң әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында усы жыл 26-май күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде Олий Мажлис палаталарына халық депутатлары жергиликли Кеңеслери менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен коронавирус пандемиясына байланыслы қабыл етилген 6 пәрман, 11 қарардың орынланыўы бойынша жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының есабатлары тыңланып барылыўын жолға қойыў белгиленген.

Усы ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўде Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатлары белсене қатнасыўы усыныс етилген.

Мәжилисте усы тапсырма ҳәм ўазыйпалардың орынланыўын ҳәм депутатлық қадағалаўды тәмийинлеў, жергиликли Кеңеслердеги сессияларда ҳәр айда кеминде бир мәрте жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының есабатлары тыңланыўын жолға қойыў, ҳәр бир депутаттың орайлық ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларында үгит-нәсият жумысларын алып барыў мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF