Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:56:41, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АНЫҚ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Елликқала районында ғәлле орым-жыйыны мәўсимине бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Райондағы «Худайберген Эрназаров» фермер хожалығында өткерилген семинарда барлық район ҳәкимлери, сектор басшылары, тараў қәнигелери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, быйылғы жылы ғәллени сапалы ҳәм қысқа мүддетте жыйнап алыў, сондай-ақ, орым-жыйын мапазында отряд баслықларының ўазыйпалары, ислениўи керек жумыслары ҳаққында айтып өтти ҳәм ғәллекешлеримизге бәлент қырман тиледи.

Елликқала районында 224 фермер хожалықлары тәрепинен 3350 гектар жерге ғәлле егилген болып, орым-жыйын мәўсимине 14 отряд бириктирилген. Районда 2020-жыл ғәлле зүрәәтинен мәмлекетке 8978 тонна ғәлле тапсырыў белгиленген.

Орым-жыйын мәўсиминде ғәллени сапалы жыйнап алыў ушын  14  комбайн,  ҳәр  бир  отряд  ушын 2 жүк машинасы, 1 көшпели май тасыўшы машина, 1 көшпели оңлаў устаханасы таярлап қойылды.

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF