Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:44:11, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БЕРДАҚ БАБАМЫЗҒА БАҒЫШЛАНДЫ

2017-жыл 18-апрельде Президентимиздиң тийисли қарары қабыл етилип, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий бағында қурыл­ған Жазыўшылар қыябанының архитектуралық-идеялық жойбары ислеп шығылған еди.

Өткен жыллар ишинде бул жерде кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылып, 8 гектардан аслам майданда Жазыўшылар қыябанының тутас архитектуралық ансамбли жаратылды.

Жазыўшылар қыябанын идеялық-көркемлик жақтан және де байытыў мақсетинде Бабур, Агаҳий, Бердақ, Муқимий, Фурқат, Беҳбудий, Авлоний, Чўлпон, Қадирий, Т.Қайыпбергенов, И.Юсупов, А.Файн­берг сыяқлы атақлы ғайраткерлердиң естелигине бағышланған жаңа естелик комплекслери де жаратылды.

Жақында қыябанда қарақалпақ әдебиятының тийкарын салыўшы Бердақ шайырдың естелиги алдында көркем ушырасыў шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Б.Мәтмуратов, Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары Ғ.Мажидов, Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурман, Ташкент педиатрия медицина институтының жаслар менен ислесиў бойынша проректоры М.Ахмедова, емлеў ислери бойынша проректоры А.Джалилов, илимий хаткери Ш.Рузиев, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, жазыўшы ҳәм шайырлар, әдебияттаныўшы алымлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери, ТашПМИдиң студент-жаслары қатнасты.

Илажда Бердақтың өмири, дөретиўшилиги ҳәм идеяларына нәзер тасланды. Қәнигелер, жаслар ҳәм барлық илаж қатнасыўшылары шайыр ҳаққында өзлериниң пикир-усыныслары менен ортақласты. Буннан тысқары, ушырасыўда Ташкент педиатрия медицина институтының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары Бердақтың дөретиўшилигинен үзиндилер оқып берди.

Сондай-ақ, институттың педагогикалық жәмәәти ҳәм студент-жаслары Бердақтың өмири ҳәм дөретиўшилиги менен байланыслы болған жойбарлар бойынша өз усынысларын билдирди. Илаж даўамында Бердақтың өмири ҳәм дөретиўшилигин және де терең үйрениў, оны кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў ҳәм жаслардың әдебиятқа болған қызығыўшылықларын арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында уллы қарақалпақ шайыры Бердақтың естелиги алдына илаж қатнасыўшылары тәрепинен гүллер қойылды. Оның дөретиўшилигине қәнигелер тәрепинен жоқары баҳа берилди ҳәм бундай илажларды жаслар арасында тез-тез өткерип турыўға келисип алынды.

Х.АБИДОВ.

СҮЎРЕТТЕ: ушырасыўдан

көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF