Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:00:34, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИССИОНЕРЛИК — ИСЛАМҒА  ЖАТ  ИДЕЯ

Бир неше әсирлерден берли елимиз халқының басым көпшилиги Ислам динине исенип келмекте. Соның менен бирге, мәмлекетимизде басқа динлерге исениўшилер де бар болып, олардың ҳәммеси бүгинги күнге шекем емин-еркин диний мәресимлерди өткерип келмекте.

Елимизде дин еркинлиги нызам менен беккемленген. Дин инсанларды жақсы ҳәм қайырлы ислерге шақырады. Үлкемизден Ислам динин пәкизе сақлап келген, дүнья халқын өз илими менен таң қалдырған атақлы алымлар шыққан, олардың илимлери менен ашқан жаңалықларынан ҳәзирге шекем пүткил инсаният пайдаланып келмекте. Ҳақыйқатында да, пәкизе диний исеним инсаниятты бәрқулла раўажланыўға ҳәм ҳақыйқый инсаный, гөззал пазыйлетлерди раўажландырыўға бағдарлап келген. Ислам дининиң тийкарғы еки дереги болған Қуран ҳәм Ҳәдиске тийисли әдеп-икрамлылық китапларын оқыған яки усы еки деректеги қағыйдаларға әмел еткен адамларды көргенлер, бийықтыяр оларға ҳәўес етеди. Ҳәтте, бундай гөззал минез-қулықлардың өзлеринде де болыўын қәлеп қалады. Мине, усы себепли бүгин Ислам динине қызығыўшылық ҳәм умтылыўшылық күшейип бармақта. Лекин, динди көзгир етип алып, оның атынан түрли жынаятларды әмелге асырып атыр­ған кимселер де жоқ емес. Түрли ағымларға бирлесип, өзлериниң идеяларын дин нықабы астында тарқатыўға урынып атырғанларды жақсырақ билип алыў, олардың пикирлерине қарсы пикир, идеяларына қарсы идея менен қарсы турыў күнниң әҳмийетли мәселелеринен болып қалмақта.

Бүгинги күнде түрли диний экстремистлик ағымлар адамларды пәкизе Ислам дининен өзлерине қаратыўға ҳәрекет етип атырғаны ҳеш кимге сыр емес. Буның менен олар мәнаўиятымыз ҳәм қәдириятларымызға қәўип туўдырыўға урынып атырғаны мәлим болып қалмақта. Усындай ҳәрекетлерден бири ­ бул миссионерлик болып табылады. «Миссионерлик» түсиниги улыўма мәнисте бир динге исениўши халықлар арасында басқа динди үгит-нәсиятлаў мәнисин аңлатады. Миссионерлердиң түрли мәмлекетлер, соның ишинде Орайлық Азия регионы еллеринде өз идеяларын тарқатыўда арнаўлы әдебиятлар, аудио ҳәм видео өнимлерин жергиликли тиллерде таярлаў ҳәм бийпул тарқатыў мәселелерине итибар қаратады. Олар бундай әдебиятларды адамлар көп жыйналатуғын жерлерге қойып кетип, китапларда инсанды өзине тартатуғын сүўретлер ҳәм баҳалы қағазларды жәрия­лап, халыққа жайыўға умтылмақта. Бул ҳәрекетлери арқалы тәрепдарларын көбейтиўге ҳәрекет етпекте. Олардағы надурыс идеялар бәринен бурын адамлар арасында өз-ара жәнжеллерге себеп болыўы мүмкин. Өкинишлиси, ата-бабасы мусылман болған айырым заманласларымыз да олардың қатарларына қосылып кетпекте. Олар қаржылай жәрдем менен де өзлериниң қатарын көбейтпекте. Лекин, арзымаған пулды деп пәк исениминен айырылып атырған инсанлар оның қандай ақыбетлерге алып келетуғынынан хабары да жоқ. Олардан ата-анасы да, қоңсы-қобасы, ағайин-туў­ғанлары, дослары да жүз бурып, ақыбетинде өзлери қор болатуғыны турған гәп.

Жуўмақластырып айт­қанда, бүгинги күнде миссионерлик ҳәрекети инсанлар арасында ҳәм айырым жасларымыз нәзеринде диний фанатизмниң өзине тән көриниси сыпатында көзге тасланбақта десек, қәте­леспеген боламыз.

Е.АЙТЫМОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги

Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў аға оператив ўәкили, капитан.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF