Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:18:50, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МӘДЕНИЯТ МИНИСТРЛИГИНИҢ ЖУМЫСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 26-майдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўының жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6000-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң (ке­йинги орынларда — Мәденият министрлиги) жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде:

«Мәлимлеме ҳәм компьютер технологиялары орайы» мәмлекетлик мәкемеси  «Жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў ҳәм мәлимлеме мультимедиа орайы»  мәмлекетлик мәкемеси етип қайта аталсын;

Мәденият ҳәм көркем өнер көргизбеси ҳәм Жаслар мәденият ҳәм көркем өнер орайы сапластырылсын, олардың бюджеттен қаржыландырылатуғын штат бирликлери, балансында болған имаратлар ҳәм басқа да материаллық-техникалық қураллары Мәденият минис­трлигине өткерилсин;

Мәденият министрлиги жанындағы Мәдений мийрас департаменти (кейинги орынларда — Департамент) ҳәм оның барлық аймақлық басқармаларының структурасында тийислисинше юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Көркем өнер экспертизасы басқармасы ҳәм көркем өнер экспертизасы бөлимлери шөлкемлестирилсин;

Мәденият министрлиги жанындағы Көркем өнер экспертизасы басқармасы, оның аймақлық бөлимлери сапластырылсын, олардың штат бирликлери ҳәм мүлклери қаржыландырыўдың әмелдеги тәртибин сақлап қалған ҳалда тийислисинше Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларына, пул қаржылары болса — Департаменттиң бюджеттен тысқары Мәдений мийрас қорына өткерилсин;

Мәденият министрлиги жанындағы «Мәдений мийрас тиклеў-оңлаў» мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәм Департамент жанындағы «Мерос чашмаси» мәмлекетлик унитар кәрханасы сапластырылсын, олар­ға хожалық жүргизиў, оператив басқарыў ҳәм турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен тийисли болған имаратлар ҳәм басқа да материаллық-техникалық қураллар белгиленген тәртипте Мәдений мийрас илимий-изертлеў инс­титутына өткерилсин;

Орайластырылған ин­вес­тициялардың есабынан қаржыландырылатуғын объектлерди қурыў, реконс­трукциялаў, капитал ҳәм ағымдағы оңлаў бо­йынша буйыртпашы хызметиниң атамасы Мәденият минис­трлиги жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясы етип қайта аталсын;

«Гулистон», «Театр» ҳәм «Мозийдан садо» журналларының редакциялары бирден-бир редакцияға бирлестирилсин.

  1. Өзбекстан Республикасының «Мәдений байлықлардың алып шығылыўы ҳәм алып кирилиўи ҳаққында», «Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында», «Музейлер ҳаққында», «Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамларында Мәденият министрлигине жүкленген ўазыйпалар, функция және ўәкилликлер Департамент ҳәм оның аймақлық бас­қармалары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

Департамент  ҳәм оның аймақлық басқармаларының жумысы 2021-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қо­йылсын.

  1. Мәденият министрлиги 2020-жылдың ақырына шекем Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларына оператив басқарыў ҳуқықы менен берилген материаллық мәдений мийрастың барлық көш­пес мүлк объектлерин тийисли аймақлық мәденият басқармалары ҳәм музей-қорықханаларына оператив басқарыў ҳуқықы менен өткерилиўин тәми­йинлесин, Департамент ҳәм оның аймақлық басқармалары жайластырылған имаратлар буған кирмейди.

Материаллық мәдений мийрас объектлерине ийелик етиўши ҳәм олардан пайдаланыўшы мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да юридикалық тәреплердиң басшылары менен физикалық тәреплерге материаллық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша  жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Департамент ҳәм оның тийисли аймақлық басқармалары тийислисинше сапластырылып атырған Көр­кем өнер экспертизасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша мийрасхор есапланатуғыны;

Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларының қурамындағы Көркем өнер экспертизасы басқармасы ҳәм көркем өнер экспертизасы бөлимлериниң баслықлары өз лаўазымы бойынша тийилисинше Департамент ҳәм оның аймақлық бас­қармалары баслықларының орынбасары есапланатуғыны;

Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларының қурамындағы Көркем өнер экспертизасы басқармасы ҳәм көркем өнер экспертизасы бөлимлериниң штат бирликлери сапластырылып атырған Көркем өнер экспертизасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң штат бирликлери ҳәм Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғын қосымша штат бирликлерин ажыратыў арқалы қәлиплестирилетуғыны;

мәдений байлықларды көркем өнер экспертизасынан өткергени ушын арнаўлы жы­йымлар Депар­тамент­тиң Мәдений мийрас қорына бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Мәдений мийрас илимий-изертлеў институтына (кейинги орынларда — Инс­титут) нызам ҳүжжетлери талапларына әмел еткен ҳалда, архитектура-қала қурылысы ҳүжжетлерин жаратыў, геодезия ҳәм картография жумысы, материаллық-мәдений мийрастың көшпес мүлк объект­лерин сақлаўға байланыслы жумыс түрлерин тийисли лицен­зияларды алмай әмелге асырыў ҳуқықы берилсин.

Институт фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлердиң мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламаларында нәзерде тутылған қаржылар, өз жумысынан алған қаржылары, халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң грантлары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;

Институт сапластырылып атырған «Мәдений мийрас тиклеў-оңлаў» ҳәм «Мерос чашмаси» мәмлекетлик унитар кәрханаларының ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша мийрасхор есапланатуғыны, хызметкерлер менен дүзилген шәртнамалары бойынша миннетлемелердиң буған кирмейтуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстан­ға тийисли сырт елдеги мәдений байлықларды изертлеў орайы штат бирликлери ҳәм материаллық-техникалық базасы менен толық көлемде, қаржыландырыў, мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеўдиң әмелдеги тәртибин сақлап қал­ған ҳалда Мәденият министрлиги системасына өткерилсин.

Мәденият министрлиги 2020-жыл 1-сентябрьге шекем Мәденият министрлиги жанындағы Өзбекстанға тийисли сырт елдеги мәдений байлықларды изертлеў орайының жумысын буннан былай да жетилистириў бо­йынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;

басқарма хызметкерлериниң шекленген саны 81 адамнан ибарат  Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги  орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;

аймақлық мәденият уйым­лары хызметкерлериниң шекленген саны 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы мәденият министрине хызметкерлердиң улыўма шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў қоры шеңберинде аймақлық мәденият уйым­ларының структурасын тастыйықлаў, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда, усы структуралар ҳәм минис­трликтиң орайлық аппараты структурасына өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

Усы бәнтке муўапық Мәденият министрлиги ҳәм аймақлық мәденият уйымлары ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинен қаржыландырылатуғын қосымша 51 штат бирликлери Мәденият ҳәм көркем өнер көргизбесиниң сапластырылыўы ҳәм Мәденият министрлиги сис­темасындағы шөлкемлердиң қайта шөлкемлестирилиўи есабынан босайтуғын штат бирликлери есабынан ажыратылсын.

  1. Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес 4-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин, төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 26-майдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўынының жәмийетлик тур­мыс­тағы орны ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыў илажлары ҳақ­қында»ғы ПП-6000-санлы Пәрманында белгиленген илажлардың өз ўақтында, толық көлемде ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28-ноябрьдеги ПҚ-4038-санлы қарары менен тастыйықланған  Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясы  ҳәм оны әмелге асырыў бойынша  «жол картасы» ҳәм усы қарардың орынланыўын тәмийинлеўде жуўапкер минис­трликлер ҳәм уйымлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў, анықлан­ған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў илажларын көриў;

усы бәнтте нәзерде тутыл­ған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўының турақлы мониторингин ҳәм таллаўын алып барыў және олардың нәтийжелери бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администра­циясы ҳәм Минис­трлер Кабинетине мәлимлеме ҳәм тийкарланған усыныслар киргизип барыў.

  1. Мәденият минис­трлиги:

а) еки ҳәпте мүддетте:

усы қарардың талапларынан келип шыққан ҳалда Өзбекстан Республикасы мәденият министри орынбасарларының олар жуўапкер болған анық бағдарлар ҳәм ўазыйпаларды нәзерде тутатуғын функционаллық ўазыйпаларын тас­тыйықласын;

аймақлық мәденият басқармаларының структурасында хызметкерлердиң усы қарар менен белгиленген шекленген саны шеңберинде материаллық мәдений мийрас объект­леринен ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қорғаў бөлимлерин шөлкемлестирсин;

б) бир ай мүддетте:

усы қарардың талапларынан келип шығып Мәденият министрлигиниң орайлық аппараты ҳәм жаңадан дүзилген бөлимлерди өзлерине жүкленген ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўын жоқары профессионал дәрежеде тәми­йинлеўге уқыплы бол­ған маман қәнигелер менен толықтырыў  илажларын көрсин;

Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда Мәденият министрлиги системасындағы шөлкемлер тәрепинен көрсетилетуғын концерт-тамаша хызметлериниң тарифлерин қәлиплестириў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

в) еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Министрлер Ка­бинетине:

Мәденият министрлиги жанындағы Мәдений мийрас илимий-изерт­леў институтының жумысын шөлкем­лес­тириў илажлары ҳаққындағы;

Департаменттиң жумысын жетилистириў ҳәм турақлы түрде қаржыландырыў, хызметкерлердиң мийнетин материаллық хошаметлеўди күшейтиў, соның ишинде, олар­ға хызмет еткен улыўма мийнет стажы, илимий атақ ҳәм дәрежеге ийе болғаны ушын үстемелер белгилеў, материаллық-техникалық базасын түп-тийкарынан жақсылаў илажлары ҳаққындағы;

Мәдений байлықларды реализациялаў жумысын әмелге асырыў ушын рухсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтиўди хабардар етиў тәртиби ҳаққындағы қарар жойбарларын киргизсин;

г) үш ай мүддетте Ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларының календарь режелерин қәлиплестириў ҳәм тастыйықлаў тәртиби ҳаққындағы реже ҳәм Концерт-тамаша жумысын лицензиялаў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң административлик регламенти жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Мәденият министрлиги жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнер­ди раўажландырыў қорының қаржылары есабынан мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелеринде Билет операциялары бирден-бир электрон системасының ислеп шығыл­ғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Мәденият министрлиги:

бир ай мүддетте Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен келискен ҳалда Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Көпшилик  келип көретуғын материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери ҳәм музейлердиң дизимин  тастыйықласын;

2021-жыл 1-июльге шекем өз сис­темасындағы театрлардың кирип шығыў орынларында театрлардың өз қаржылары ҳәм Мәденият министрлигиниң бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында тартылатуғын қаржылары есабынан электрон турникетлер ямаса келип көретуғынларды автоматластырылған түрде есапқа алыўға мөлшерленген басқа да үскенелердиң орнатылыўы ҳәм олардың Билет опера­циялары бирден-бир элек­трон системасына интеграцияланыўын тәмийинлесин.

  1. 2021-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик хызметкерлер ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң бирден-бир системасы енгизилгенге шекем Мәденият министрлиги, аймақлық мәденият басқармалары, ра­йонлық ҳәм қалалық мәденият бөлимлериниң хызметкерлери ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинен усы қәрежетлер ушын Мәденият министрлиги жанындағы Мәденият ҳәм көр­кем өнерди раўажландырыў қорына ажыратылатуғын қаржылар есабынан материаллық хошаметлеўдиң төмендеги түрлери енгизилсин:

көп жыллық мийнети ушын хошаметлеў коэффициентин есапқа алған ҳалда, лаўазым айлығына белгиленген коэффициентлерде төмендеги көлемлерде ҳәр айда қосымша пул төлеў: 2 жылдан 5 жылға шекем — 0,1; 5 жылдан 10 жылға шекем — 0,2; 10 жылдан 15 жылға шекем — 0,3; 15 жылдан аслам — 0,4;

хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигине бола жумыс бериўшиниң өз алдына буйрығы менен менен орнатылатуғын, лаўазым айлығынан (хошаметлеў коэффициентин есапқа алған ҳалда) 100 процентке шекем болған муғдарда ҳәр айдағы жеке үстеме;

ҳәр айдағы азық-аўқат ушын қәрежетлерди қаплаў бойынша базалық есаплаў муғдарының еки есеси муғдарында төлемлер;

 ҳәр айдағы жолкирей ушын қәрежетлерди қаплаў бойынша базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында төлемлер, хызмет автотранспорты бириктирилген хызметкерлерден тысқары.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2021-жылдан баслап Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде усы қарарда нәзерде тутыл­ған қәрежетлерди әмелге асырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2006-жыл 14-сентябрьдеги «Ташкент қаласында қурылған мәденият ҳәм көркем өнер көргизбесиниң жумысын шөл­кемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-467-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  4. Мәденият министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас минис­триниң орынбасары Б.А.Мусаевқа жүкленсин.

 

     Өзбекстан Республикасы Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ.

     Ташкент қаласы, 2020-жыл 26-май.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF