Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:27:16, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛИК  СУБЪЕКТЛЕРИНЕ  ҚОЛАЙЛЫЛЫҚ

Хабарыңыз бар, Президентимиздиң 2019-жыл 6-сентябрьдеги «Саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы есап-китаплар системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў ҳәм усы тараўда жәмийетшилик қадағалаўын күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, исбилерменлик субъектлериниң жумыс түри ҳәм айланба қаржысына  көре, онлайн-ҚКМ ямаса виртуал кассадан пайдаланыўға өтиў мүддетлери белгилеп қойыл­ған.

Атап айтқанда, алкоголь ҳәм темеки өнимлери, дәри-дәрмақ, бензин, дизель ҳәм газ жанылғысы саўдасы менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлери 2020-жыл 1-январьдан, сондай-ақ, өткен жыл жуўмағы бойынша жыллық түсими 5 миллиард сумнан асқан ямаса жыл даўамында усы шегаралық муғдарға жеткен исбилерменлик субъектлери 2021-жыл 1-январьдан жаңа түрдеги касса аппаратларынан пайдаланыў тәртибине өтиўи белгиленген.

Соның менен бирге, қалған бәрше исбилерменлик субъектлери 2022-жыл 1-январьдан баслап онлайн қадағалаў-касса машинасы ямаса виртуал касса менен тәмийинленеди.    

Мағлыўмат орнында атап өтиў лазым, усы жыл 1-январь сәнесинен баслап Қарақалпақстан Республикасы бойынша Онлайн қадағалаў-касса машиналарынан пайдаланыў тәртибине өтиўи лазым болған 1167  исбилерменлик субъектлери бар. Ҳәзирге шекем 641 субъектте:

  • Дәри-дәрмақлар сатыў менен шуғылланыўшы аптекаларда 188;
  • Авто транспорт қуралларына жанылғы қуйыў шақапшаларында 138;
  • Алкоголь өнимлерин сатыў менен шуғылланыўшыларда 279;
  • Басқа саўда түрлери менен шуғылланыўшы 36 исбилерменлик субъектлери тәрепинен Онлайн қадағалаў-касса машиналары пайдаланылмақта.

Буннан былай бул исбилерменлер қадағалаў-касса дәптерин жүритиў, ҚКМ бойынша күнлик есабатты шығарып алыў, нақ пулды ҳәр күни инкассация ислеў сыяқлы мәжбүриятлардан азат етиледи.

Онлайн-ҚКМның енгизилиўи өз нәўбетинде қарыйдарға да, сатыўшыға да бирдей қолайлылық жаратады. Оның чеклеринде сатып алынған өнимлер (хызметлер) дизими, баҳасы, саны, чек ҳәм касса аппараты номери көрсетиледи. Буннан тысқары, 14-код жәрдеминде чектеги мағлыўматларды электрон мағлыўматлар менен салыстырыў имканияты да болады.  Сондай-ақ, исбилерменлик субъекти ушын товар айланбасы ҳаққында анық мағлыўматлар сақланып қалады. Бир сөз бенен айтқанда, артықша қағазбазлық ҳәм ўақыт сарыпланыўының алдын алады.

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық хызмети уйымы хызметкерлери тәрепинен исбилерменлик субъектлери арасында Онлайн қадағалаў-касса машиналарынан пайдаланыў тәртибине өтиўдиң абзаллықлары  ҳаққында профилактикалық түсиндириў жумыслары даўам етпекте.    

ҚР МСБ Баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF