Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:34:36, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИОЛОГИЯЛЫҚ КӨПТҮРЛИЛИКТИ ҚОРҒАЎ БАСЛЫ ЎАЗЫЙПАМЫЗ

Республикамызда барлық тараўлар сыяқлы тәбият ҳәм экологияға байланыслы қатар нызам ҳәм қарарлар қабыл етилген. Булар тийкарында елимизде әҳмийетли жумыслар алып барылмақта. Барлық тиришиликтиң дереги болған ­ суў, ҳаўа ҳәм тағы басқа да тәбийғый байлықларды сақламай турып басқа раўажланыў режелерин дүзип болмайды.

Әсиресе, ҳаўаның таза болыўында биологиялық көптүрлиликтиң орны оғада үлкен.

Биологиялық көптүрлилик ­ бул айрықша түрлер ямаса улыўма экотуризмлер көптүрлилиги болыўына қарамастан инсаният саламатлығы ҳәм пәраўанлығы ушын әҳмийетли.

БМШ тәрепинен 1992-жылы Рио-де Жанейрода қабыл етилген «Биологиялық көптүрлилик ҳаққында»ғы Конвенция экологиялық тең салмақлылықты сақлаўда барлық мәмлекетлерден беккем исеним ҳәм сиясий күшти иске салыўда әҳмийетли ҳүжжет болып хызмет етпекте. Өзбекстан Республикасы бул халықаралық ҳүжжетке 1995-жылы қосылғаны, республика ҳүкимети тәрепинен «Биологиялық көптүрлиликти сақлап қалыў бойынша Миллий стратегия ҳәм ҳәрекетлер режеси» тастыйықланғаны дыққатқа ылайық.

Өсимликлер кемейип, ҳайўанлар ҳәм тоғайлар жер жүзинен жоғалып кетпекте. Буның тийкарғы себеби болса, инсанлардың жөнсиз ҳәрекетлери. Жер жүзиндеги түрлердиң биологиялық көптүрлилигиниң келешеги ҳаққында қәўетерге түсиў ­ бүгинги күнниң ең әҳмийетли машқалаларының бири болып қалмақта.

Бүгинги күнде биологиялық көптүрлиликтиң 1,4 миллионға жақын екенлиги анықланған, айырым болжаўларда 8 миллионға шекем болыўы мүмкинлиги айтылады. Буннан тысқары, пәнге мәлимсиз болған және көплеп түрлер океан түбинде, бәлент таўлар, өтип болмайтуғын экваториал тоғайлар ҳәм планетамызда жетип барыўы қыйын болған басқа жерлерде жасайды. Қәнигелердиң пикиринше, биологиялық көптүрлиликтиң жоғалып кетиўи тәбийғый қырылыў дәрежесинен бир неше барабар асып кетпекте. Бул қәўиптиң тийкарғы себепшиси инсанлар екенлигин жоқарыда айтып өткен едик. Лекин, браконьерлердиң айыбы менен ҳайўанат ҳәм өсимликлер дүньясының айырым түрлери жоқ болып кетиў жағасына келип қалған.

Биологиялық көптүрлиликти сақлап қалыў барысында алымларымыз бенен қәнигелеримиз тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар нәтийжесинде бүгинги күнде қорғаўға мүтәж ҳай­ўан ҳәм өсимлик түрлери толық анықланды.

Бул бағдарда Өзбекстан Республикасындағы «Қызыл китап» әҳмийетли орын тутады. Бүгин мәмлекетимизде алып барылып атырған жумыслар биологиялық көптүрлиликти сақлаў ҳәм тиклеў, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, мәмлекетимиздиң раўажланыўы, сондай-ақ, климат өзгерислериниң ҳәр қыйлы жағдайларына шыдамлылықты асырыўдан ибарат.

Президентимиз «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасының раўажланыўының әҳмийетли бес бағдары бо­йынша Ҳәрекетлер стратегиясы» тийкарында қорғалатуғын тәбийғый аймақ майданларын мәмлекетимиз ийелеген майданының 12 процентке жеткериў, Арал теңизиниң қурыған түбинде тоғайзарластырыў жумысларын алып барыў ҳәм олардың майданын 1,2 миллион гектарға жеткериў нәзерде тутыл­ған еди. Қорғалатуғын тәбийғый аймақларды раўажландырыў мақсетинде Президентимиздиң 2019-жыл 20-марттағы «Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар бағдарында мәмлекет басқарыўы системасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар мәмлекет тәрепинен бас­қарыў системасының нәтийжелилигин және де раўажландырыў, сондай-ақ, республикамыз экотуризминиң биокөптүрлилигин сақлап қалыў мақсетинде тоғай хожалығы Мәмлекетлик экология комитети қурамында болған Чот­қол биосферасы, Зомин, Сурхан, Нурата ҳәм Қызылқум мәмлекетлик қорықханалары, сондай-ақ, Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты Мәмлекетлик экология комитети қурамына өткерилди. Соның менен бирге, МЭТлердиң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў, оларды тәжирийбели ҳәм билимли қәнигелер менен тәмийинлеўге байланыслы кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Арал теңизиниң қурыған түбинде тоғайзарластырыў жумыслары алып барылып, оның майданын 1,2 миллион гектарға жеткериў бойынша Арал теңизи аймағында 2018-жылы 52,6 мың гектар, 2019-жылы 555,5 мың гектар майданда тоғайзарластырыў жумыслары орынланды. Усы жылы бәҳәр мәўсиминде болса, жәми 722 мың гектар майданда тоғайзарларды жаратыў жумыслары әмелге асырылды. Бул жумыслар өз нәўбетинде теңиздиң қурыған түбинде ҳайўанатлар дүньясы ҳәм биологиялық көптүрлиликти раўажландырыўға алып келмекте.

Стратегияның турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде қорғалатуғын тәбийғый аймақлар системасын раўажландырыў, биологиялық көптүрлиликти сақлап қалыў ҳәм оннан пайдаланыў өнимдарлығын асырыў, климат өзгериўине масластырыў, тоғай хожалығын раўажландырыў, жайлаўларды басқарыў, суў ресурсларын қорғаў имканиятларының және де артыўына алып келеди. Бул бағдардағы жумыслар буннан былай да жетилистирилип бара береди. Жақын жыллар ишинде Арал теңизиниң қурыған ултанында мисли көрилмеген тоғайзарлық жаратылыўына исенимимиз кәмил.

Бул дегени, елимиздеги биологиялық көптүрлиликтиң және де өсип-өниўине бағдарланған ийгиликли қәдем болып табылады.

 

Т.ХОЖАНАЗАРОВ,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF