Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:59:46, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲӘЗИРГИ ЎАҚЫТТА 11 НАЎҚАС ЕМЛЕНБЕКТЕ

Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 27-май күнги мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстанда бүгинги күнге келип коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 133ке жетти. Соннан, 122 наўқас кеселликтен толық емленип, реабилитацияға шығарылды, ҳәзир 11 наў­қас емленбекте.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 14 мың 990 пуқара
14 күнлик медициналық бақлаўға алын­ған еди. Олардан 14 мың 637 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 353 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте, соннан 59 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 294 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Карантин дәўиринде республикамызда усы күнге шекем 6085 пуқараға карантин талапларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик шара көрилип, 2 пуқараға жына­йый ис қозғалған.

Усы күнге шекем 15 мың 651 пуқара коронавирусқа тексерилип, соннан 133 пуқарада коронавирус инфекциясы тастыйықланды. Кеселликке гүманлы наў­қас анықланған жағдайда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары даўам етпекте.

Егер Сиз денсаўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен тез жәрдем 103 телефон номери ар­қалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF