Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:57:49, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕР  ТАЎСЫЛМАС  ҒӘЗИЙНЕ

Бул сөздиң мәниси жерди қәлегенинше пайдалан дегенди аңлатпайды, керисинше, өзимизде бар жердиң ҳәр бир қарысынан нәтийжели пайдалансаң ол саған қосымша дәрамат дегенди билдиреди.

Сол айтқанындай Шымбай районында да өзлериниң қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланып, оннан бир неше мәрте өним алып отырғанлар баршылық. Олар арасында «Көкши қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Парахат Оразымбетовтың шаңарағын айтып өтсек болады. Төрт сотых егислик жерге ийе шаңарақ ағзалары үй алдына қыяр, помидор, пияз, капуста, чеснок, редиска ҳәм тағы басқа да палыз егинлерди егип, олардан мол өним жетистирип келмекте. Сондай-ақ, бул шаңарақ өз жеринде палыз егинлеринен тысқары олар алма, алмурт, ерик, шабдалы, шийе, беҳи, жүзим сыяқлы мийўе нәллерин егип, оларды да агротехникалық қәделерге сай тәрбиялап келмекте.

 

Шахноза Оразымбетова,

Шымбай районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF