Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:21:07, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШАҢАРАҚ ИСБИЛЕРМЕНЛИГИ – ТУРМЫС АБАДАНЛЫҒЫ

Шаңарақ — инсан жәмийетинде социаллық институтлардың ең әййемгиси ҳәм де жәмийеттиң тийкарғы буўыны, сүйениши. Ҳәр бир шаңарақтың бахытлы, абадан турмысы жәмийеттиң турақлылығы, гүллеп-жаснаўы ҳәм де абаданлығының шәрти саналады.

Уллы Шығыс ойшылы Абдурауф Фитрат шаңарақ ҳаққында «...шаңарақ мүнәсибети күшли интизам ҳәм тәртипке сүйенсе, мәмлекет ҳәм миллет те сонша күшли ҳәм тәртипли болады»,- деп, мәмлекет ушын шаңарақтағы саламат орталықтың  айрықша әҳми­йетке ийе екенлигин уқтырады.

Елимизде шаңарақ мәмлекет тәрепинен қорғалып, оның ҳуқықый тийкарлары жаратылған ҳәм де экономикалық қоллап-қуўатлаў сис­темасына қаратылған итибар шаңарақлардың қурғын турмысын тәмийинлеўге хызмет етпекте.   Өзбекстан Республикасы Конституциясының 63-статьясында «Шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны ҳәм де жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болыў ҳуқықына ийе», деп белгилеп қойылған.

Ҳәр қандай шаңарақтың қурғынлығы тиккелей оның руўхый ҳәм материаллық мәпиниң тәмийинлениўине байланыслы. Ал, шаңарақларда ушырасып туратуғын тартыс-жәнжел, өз-ара келиспеўшиликлер көпшилик жағдайларда материаллық жетиспеўшиликлер себепли келип шығады. Бул болса, ашынарлысы, базыда шаңарақлардың шайқалыўына алып келеди. Сонлықтан бизиң ата-бабаларымыз әййемги дәўирлерден баслап экономикаға үлкен дыққат қаратып, «мийнет түби-рәҳәт», «ысырапкершилик — гүнә», «жигитке қырық өнер де аз» деген дана сөзлерди әўладлардың қулағына қуйып, мийнетке, үнемшилликке тәрбиялап келген.

Бизиң шаңарақларымызда еркек табарман, ҳаял тутарман, қәрежетти тежеп-үнемлеп сарплаўда өз-ара теңлик ҳәм мәсләҳәтли  ис көриў — шаңарақ беккемлигиниң гиреўи. Тежеп-үнемлеў болмаса шаңарақ экономикасы дағдарысқа ушырайды.  Бундай жағдайларда өзге шаңарақлардан қарыз алыўға мәжбүрлик пайда болады, қарыз алыўдың шаңарақ ушын үш унамсыз тәреплери бар:

- қарыз сораў сораўшы адамды қолайсыз жағдайға салады;

- қарызды проценти менен төлеў, бул шаңарақ экономикасын және де төменлетеди;

- қарызды өз ўақтында  қайтара алмаслықтың ақыбети оғада аўыр.

Шаңарақ бюджетин үнемлеп жумсаў ҳаққында «Қабуснама»да былай айтылған: «Жыйып-тергеннен соң сақла ҳәм ҳәр қандай бузық, болар-болмас ислер ушын оны қолдан берме, себеби сақлаў жыйнаўдан қыйын. Егер керек ўақтында зәрүр ис ушын алып сарпласаң, ҳәрекет етип оның орнын толтыр! Егер сарплап-қәрежет етип оның орнын толтырмасаң, егер қарунның ғәзийнеси болса да бир күнде жоқ болар».

Дәнди жыйсаң-қырман болады. Еркек  қолы берекетли, бирақ, үй руўзыгершилик ислерин ҳаял адам жүргизеди, ол ақыл менен сарп-қәрежетлерди орнына қойса, үй-руўзыгершилигинде үзилис болмайтуғынлығын турмыстың өзи көрсетпекте.

   Бүгинги күнде елимизде шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде шаңараққа тийисли мийнеттиң раўажланыўы ушын барлық зәрүрий ҳуқықый, сиясий, материаллық ҳәм руўxый шараятлар жаратылып атыр. Шаңараққа тийисли исбилерменлик ҳәм шаңараққа тийисли бизнестиң айрықшалығы сонда, ол көп әсирлик шаңараққа тийисли дәстүрлер, қәдириятлар менен уйғын раўажланады.

Мәмлекетимиздиң түрли аймақларында шаңараққа тийисли кәсип-өнерлер, яғный, қол өнерментшилиги, ағаш устасы, наўқаншылық, бағманлық, зергерлик, тоқымашылық нанбайшылық, палшылық, балықшылық, шарўашылық, дийқаншылық ҳәм басқа да бағдарлардағы раўажланыўлар халқымыздың турмыс тәризиниң жоқарылап барыўына хызмет етпекте.

Дурыс, көпшилик пуқараларымыз өзи жумыс пенен тәмийинленип, айлық ис ҳақыға ийе. Деген менен бүгинги раўажланыў темпи ҳәр биримизден және қосымша исбилерменлик пенен шуғылланыўымызды талап етеди. Өйткени, айлық ис ҳақы бүгин ушын, ал, қосымша дәрамат келешек ушын зәрүр. Мине усы мақсетте  2019-жыл 24-октябрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарларды кредитлеў тәртибин жетилистириўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы  ПҚ-4498-санлы қарары қабыл етилип, буның тийкарында шаңарақлық исбилерменлик ислерин жетилистириў мәселелери унамлы шешимин таппақта.

«Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен» бағдарламасы тийкарында  шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде бизнес­тиң усы формасы менен шуғылланып атырған пуқараларымызға салықтан азат етиў, энергия ресурслары төлеминдеги жеңилликлер, өнимди сатыўдағы еркинлик ҳәм басқа да жеңилликлер ҳәмде шараятлар жаратылмақта.

Шаңараққа тийисли исбилерменлик — бул жетиспеўшиликке қарсы гүрестиң тийкарғы қуралы саналады. Жумыссызлық инсанды тек материаллық жақтан ғана емес, ал, руўхый зорығыўға да алып келеди. Сонлықтан жәмийетте жумыссызлықты сапластырыў — бул жәмийеттиң саламат руўхый орталығын қәлиплестириў дегенди де аңлатады.

Шаңарақ өз дәўири талапларына сай жасайды. Демек, бүгинги шаңарақларымыз дәўир менен тең қәдем басыўы ҳәм әўладларының келешегин тәмийинлеўи ушын қандай да бир истиң басын тутып, исбилерменлик жолына түсиўи, истиң унамлы нәтийжесине исенген ҳалда нық қәдем таслаўы тийис. Өйткени «мийнеттиң жолы қатты, ал, наны татлы».

А.Байрыева.

ҚМУ Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF