Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:18:23, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМСЫЗ САЎДАНЫҢ АҚЫБЕТИ

Бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменлик тараўы менен шуғылланыў мақсетинде болған пуқараларымыз ушын кең имканиятлар жаратылмақта, нәтийжеде базар қатнасықларында бәсекиликтиң өсиўине, пайдаланыўшылар ушын болса қолайлы шараятлар жаратылыўына себеп болмақта.

Деген менен айырым пуқараларымыз тәрепинен аңсат пул табыў мақсетинде нызамға қайшы түрде өз үйлеринде жасырын цех шөлкемлестирип, алкоголь өнимлерин ислеп шығарып атырған жағдайлар ушыраспақта.

Атап айтқанда, Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм де Нөкис қалалық бөлими хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында пуқара Ш.А өз үйинде ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз жасырын цех шөлкемлестирип, нызамсыз усылда алкоголь өнимлерин ислеп шығарып пуқараларға сатыў жолы менен аңсат дәрамат таўып атырғанлығы анықланды ҳәм жәми 2148,1 мың сумлық алкоголь өнимлери айғақлы зат ретинде алынды.

Усы жағдай бойынша тийисли ҳүжжетлер топланып, Нөкис қалалық ҳәкимшилик судына жиберилди ҳәм суд тәрепинен пуқара Ш.А ға базалық есаплаў муғдарының 10 есеси, яғный,  2 230 000 сум жәрийма жазасы тайынланды, айғақлы затлар тийисли тәртипте жоқ етилди.

А.Елмуратов,

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық

жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҚР Нөкис қалалық бөлими сорастырыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF