Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:29:43, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАРЛЫҚ ҚОЛАЙЛЫЛЫҚЛАР ЖАРАТЫЛАДЫ

Келешекте елимиз экономикасының раўажланыўында тийкарғы күш есапланатуғын кадрлар таярлаўға бәрқулла итибар қаратып келинген.

Ҳәзирги коронавирус пандемиясы жағда­йында мәмлекетимизде карантин жәрияланған дәўирде де Мәмлекетлик тест орайы жоқары оқыў орынларына тапсырмақшы бол­ған жаслар ушын қолайлы шараятлар жаратпақта. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы М.Абдуллаев пенен гүрриңлесип, мағлыўматлар алдық.

­ Мәмлекетимизде жағдайға байланыслы билимлендириў тараўында да бир қанша жаңалықлар енгизилип атыр. Карантин жағдайында Мәмлекетлик тест орайы абитуриентлердиң үйлеринде отырып өзлериниң билимлерин сынап көриўлери ушын репетициялық тестлерди бийпул өткерип, онда қәлеўшилер өзлери қәлегенинше қатнасып, билим дәрежелерин сынап көриў мүмкиншилиги жаратылды. Буның ушын абитуриент Мәмлекетлик тест орайының http://online.dtm.uz сайты арқалы ямаса   @dtmxizmatbot телеграмм бот арқалы өзине керек болған пәнлерди таңлап тест материалларын алады ҳәм билим дәрежелерин сынақтан өткерип барыўы мүмкин.

Өткен жыллардағы тест сынағын өткериўде ерисилген жақсы нәтийжелер менен бирге айы­рым машқалалы  жағдайлар да гүзетилген еди. Абитуриентлер ҳүжжетлерин жоқары оқыў орынларына тапсырыў ушын дизимнен өтиўде нәўбетлер жүзеге келип, нәтийжеде көп ўақтын уттыратуғын еди. Усы жағдайды есапқа алып Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен рәсмий веб-сайты арқалы дизимге алыў ушын программалық тәмийнат жаратылды. Яғный, абитуриент ҳүжжетлерин жоқары оқыў орынларына тапсырыў ушын сол оқыў орнына яки Мәмлекетлик хызметлер орайына барып отырмастан үйинде турып ҳүжжетлерин тапсырыў мүмкиншилиги жаратылды. Бүгинги күнде қәлеген адам, ол абитуриент бола ма, мектеп, колледж яки академиялық лицей оқыўшысы ямаса ҳәр қандай қызыққан адам Мәмлекетлик тест орайының abitur.dtm.uz сайты арқалы ҳүжжетлерин дизимнен өткериўге болады. Усы жылдың 30-апрель күнинен баслап бул программалық тәмийнат иске түсирилди.

Буның ушын биринши нәўбетте  abitur.dtm.uz сайтына кирип дизимнен өтиледи, өзи ҳаққында мағлыўматларды ­ фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси, жасаў орны, тамамлаған оқыў орны, қашан тамамлағаны, диплом ямаса аттестатының сериясы, номери, турақлы жасаў мәнзили, таңлаған бағдарлары ҳаққында мағлыўматларды киргизиўде избе-изликте берилген ҳәр бир графа толтырылыўы керек. Бул қолайлылық жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыў нийетинде бол­ған абитуриент ушын жақсы жаңалық деп қарасақ болады. Олар, бириншиден, ўақтын тежейди, тийкарсыз нәўбетлерде турыўдан қутылады. Соны да айрықша атап өтиўимиз керек, бул программа үш тилде, яғный ­ өзбекше, русша, қарақалпақша таярланады. Тест режиминде ислеп турған бул программаны үйинде отырған жағдайда абитуриентлерге қолланып көриўди мәсләҳәт етемиз.

Ең алды менен соны айтыў керек, быйылғы жылы қабыллаў тест сынақларында қолланылатуғын тест тапсырмалары өткен жылларға салыстырғанда әпиўа­йыластырылады.

2020-2021-оқыў жылы тест сынақларына киргизилип атырған жаңалықлардан бири ­ абитуриентлердиң тест тапсырмаларын тез түсинип алыўы, пикирлеў көнликпелерин раўажландырыўы ушын шет тиллери пәнлеринен ўақыя-ҳәдийселерди аңсат сәўлелендириўде сүўретли тест тапсырмаларының саны көбе­йеди. Және бир мағлыўматқа дыққат қаратыў зәрүр, биология, химия пәнлери бойынша сүўретли тест тапсырмалар саны да көбейтиледи. Ана тили ҳәм әдебиятынан өз бетинше оқыў ушын усыныс етилген көркем шығармалар, темалар бойынша сүўретли тест тапсырмаларын көбейтиўге ҳәрекет етилмекте.

Физика пәни бойынша ең аңсат тест тапсырмалары саны 6 сораўға дейин берилип келген болса, енди 10 сораўға дейин көбейтиў ушын жумыслар алып барылмақта. Абитуриентлерге қолайлы болыўы ушын тест процесинде берилетуғын «Турақлы физикалық шамалықлар кестеси» ислеп шығылды. Соны айрықша атап өтиў зәрүр, улыўма билим бериў пәнлеринен тест тапсырмаларын жаратыўда бул өзгерислер кең жәмийетшилик тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар үйренилип, талқыланып, кейин енгизиледи.

Билимлендириў тараўын және де жетилистириў, оқыўшылардың билимге, илимге болған қызығыўшылықларын раўажландырыў, оларға мүмкиншиликлерди және де көбейтиў мақсетинде миллий сертификатлар бериў системасы кеңейтилип отыр. Өткен оқыў жылларында бундай миллий сертификатлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-майдағы қарары тийкарында шет тили пәнлеринен берилип келген еди. Енди Президентимиздиң 2020-жыл 7-майдағы «Математика тараўындағы билимлендириў сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында» қабыл етилген қарары тийкарында «Математиканы билиў дәрежесин баҳалаў ҳәм бул ҳаққында миллий сертификат бериў орнатылған тәртипте Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен әмелге асырылады» деп белгилеп берилди. Жеңиллик берилетуғын дәрежедеги миллий сертификатқа ийе абитуриент мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде математика пәнинен тест сынағын тапсырыўдан азат етиледи ҳәм оған математика пәни ушын белгиленген максимал балл бериледи.

Бул анық ­ жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақларындағы өзгерислер, биринши гезекте қабыллаў процесин әпиўа­йыластырыў, тест сынақларының және де ашық-айдынлығын тәми­йинлеў, жасларға жеңиллик ҳәм имканиятлар жаратыўды түпкиликли жақсылаўға хызмет етеди.

Жазып алған:

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF