БАХЫТ ӨЗ ШАҢАРАҒЫҢ ҚУШАҒЫНДА
Тарийхтан мәлим, халқымызға тән кеширимлилик, кеңпейиллик ең жоқары инсаныйлық пазыйлетлерден болып, адамларды мийрим-шәпәәтли болыўға, дослық ҳәм татыўлықта жасаўға шақырып келген.
Әсиресе, турмыс жолларында билип-билмей алжасқан, жынаят батпағына түсип, тыныш ҳәм қәтержам өмиринен айырылып, жақынларынан узақласып қалғанлар арамызда көп ушырайды. Оларға туўры жол көрсетиў, егер өз қылмысларынан пушайман болса, оларды кешириў ҳәм турмысқа қайтарыў да уллы бабаларымыздың ҳикметлери менен бизге жетип келген адамгершилик пазыйлетлердиң бири.
Жақында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мүбәрек Рамазан айын байрамлаў қарсаңында халқымызға тән мийрим-шәпәәт, жақсылық, қайыр-сақаўатлылық сыяқлы инсаныйлық пазыйлетлердиң айқын көриниси сыпатында қабыл етилген «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманы пикиримиздиң дәлили.
Бул пәрманға көре, жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм исенимли дүзелиў жолына түскен 258 судланыўшы әпиў етилди. Олардан 10 шахс Қарақалпақстан пуқаралары болып табылады.
Усы күнлерде Президентимиз пәрманына тийкар әпиў етилгенлер өз шаңарағының қушағына қайтып, мүбәрек Рамазан ҳайытын өзлери туўылған ата мәканында, дослары, шаңарағы ағзаларының арасында байрамлаўға миясар болды. Олар өз мәҳәллелеринде тийисли шөлкемлердиң жәрдеминде жасаў орынларында турақ жайлар менен тәмийинленип, жәмийетте өз орнын табыўына жәрдем берилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Рамазан ҳайыты қарсаңында билип-билмей жынаят жолына кирип қалған пуқараларға көрсетилип атырған бундай ғамқорлық елимиздеги барлық инсансүйиўши, меҳир-мүриўбетли адамларды қуўандырып атырғанына гүман жоқ. Себеби, тарийхтан билемиз, кеширимли болыў барлық заманларда да адамлар ҳәм жәмийетке көптен-көп мәп ҳәм табыслар келтирген. Уллы бабамыз, саҳыпқыран Әмир Темур өзиниң түзиклеринде «Маған жаманлық етип, төбемде қылыш ойнатқанларды да, егер олар тәўбе етип келсе, ҳүрметлеп, жаман қылмысларын ядымнан өширдим» деп, кеширимлилик пазыйлетлерин улығлаған.
Президентимиздиң кеңпейиллик ҳәм инсансүйиўшилик идеясы менен суўғарылған бул пәрманы жәмийетимизде инсан, оның өмири ҳәм еркинликлери ең жоқары қәдирият екенлигин және бир мәрте тастыйықлады. Неге дегенде, Президентимиздиң ҳәр бир инсанға итибары, ғамқорлықлары коронавирус пандемиясы ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған мүрәжатларында, Бухара, Сырдәрьядағы тәбият апатшылықларын сапластырыўдағы әмелий жәрдемлеринде, мәмлекетимизде кәмбағаллықты жоқ етиўге қаратылған илажларда көринбекте. Себеби, бизиң елимизде инсан әзиз, оның қәдири ҳәмме нәрседен жоқары. Бүгин әпиў етилгенлер, кеширилгенлер өз қылмысларынан пушайман болып, өмирге қосылар екен, өзлериниң усы Ўатанға керек екенлигинен, оларды мәмлекетимиз басшысының өзи қоллап-қуўатлап атырғанынан руўҳланып, жаңа арзыў-мақсетлер менен жасамақта. Жаңаланып атырған елимиздиң бахытлы турмысына қосылыў, адамлар арасында болып, өз шаңарағы менен биргеликте уллы дөретиўшилик ислерине үлес қосыў ҳаққында ойламақта. Неге дегенде, ҳәр бир инсанның бахты өз шаңарағының қушағында.
Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,
Олий Мажлис Сенатының ағзасы.