Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:24:09, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕКТЕПЛЕРДЕ ОҚЫЎ ЖЫЛЫ ОНЛАЙН ТҮРДЕ ЖУЎМАҚЛАНБАҚТА

Республикалық арнаўлы комиссиясының қарарына муўапық, халық билимлендириў сис­темасындағы шөлкем ҳәм мәкемелерде 2019-2020-оқыў жылы «Online-maktab» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген аралықтан оқытыў телевизиялық видеосабақлар арқалы жуўмақланды.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў сис­темасында 726 улыўма билим бериў мектеби, Меҳрибанлық үйи ҳәм 18 «Бәркамал әўлад» орайлары бар.

Коронавирус пандемиясы карантинине бола 16-март­тан баслап республикамыздағы барлық улыўма билим бериў мектеплеринде оқыў ўақтынша тоқтатылған еди. Ал, 30-марттан баслап оқыў жылының IV шереги басланыўы мүнәсибети менен қарақалпақ тилинде «Онлайн-мектеплер» рубрикасы астында телесабақлардың өтилиўи жолға қо­йылды. Нәтийжеде «Қарақалпақстан» телеканалы менен биргеликте билимли пән методистлери ҳәм оқытыўшылары тәрепинен 600ге жақын видеосабақлар эфирден берилди. 

Халық билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына бола, быйылғы оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплериндеги 9-классты 27329, ал, 11-классты 24913 оқыўшы питкерип атыр. Жаңа оқыў жылында болса 37335 оқыўшының биринши классқа қабыл етилиўи күтилмекте.

Президентимиз тәрепинен карантин ўақтында халыққа илажы болғанынша қосымша қолайлылық жаратыў бойынша белгиленген ўазыйпаны әмелге асырыў ҳәм көпшилик ата-аналардың тилек-өтинишлерин инабатқа алған ҳалда быйылғы оқыў жылы жуўмағындағы имтиханлар бийкарланды.

Мектеплерге оқыўшылардың жыллық баҳаларын салыстырмалы түрде быйылғы оқыў жылының III шеректеги баҳалары тийкарында шығарыў усыныс етилди. Соның менен бирге, kundalik.com системасы енгизилген мектеплерде карантин ўақтында зийрек ҳәм белсендилик пенен оқыған оқыўшыларды хошаметлеў сыпатында IV шеректеги тек унамлы баҳаларын да жыллық баҳаларын есаплаўда итибарға алыў усыныс етилди.

Қалаберди, оқыўшы жаслардың жазғы демалысын мазмунлы өтиўин тәмийинлеў мақсетинде телевизиялық сабақлар берилип атырған 3 телеканалда «онлайн дөгерек» жойбарын шөлкемлестириў белгиленди. Бунда оқыўшыларға инглис тили, компьютер саўатханлығы ҳәм программаластырыў тийкарлары, ҳәр қыйлы техника, тәбийғый пәнлер, әдебият, музыка ҳәм басқа да дөретиўшилик бағдарлар бо­йынша видеосабақларды берип барыў режелестирилмекте.

Қулласы, оқыўшы жаслар жаңа билимлерди  өзлестириў арқалы хал­қымыздың әсирлер даўамында қәстерлеп келген мәңги руўхый-ағартыўшылық қәдириятларын қәлби ҳәм санасына терең сиңдирип, дүньяның ең алдынғы пикирлери менен танысыў, оны анализлеў ҳәм өз көзқарасларын қәлиплестириў имканиятына ийе болатуғынлығына исенемиз.

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF