Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:54:34, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҒАЎАША АТЫЗЛАРЫНДА ЖАЎЫННАН КЕЙИНГИ ҚАТҚАЛАҚТЫ САПЛАСТЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ

Бүгинги күни фермер ҳәм дийқанларымыз шигит егисин жуўмақлаў алдында тур. Алдынғы егилген атызлардан толық нәл алынып, культивациялаў жумыслары өткерилип атыр.

Көп жыллардан бери дийқанларымыз ушын бәҳәр қолайлы келип атыр. Әсиресе, ҳаўа райы тез ысып, шигит егисин ерте баслаўға қолайлы имканият туўдырмақта. Тилекке қарсы, егис дәўиринде жаўған жаўынлар фермерлер ушын қосымша машқала пайда етеди. Буның қыйын жери егилиўи тийис майданларды егиске таярлаў ҳәм егис жумыслары менен бир ўақытта жаўыннан ке­йин пайда болатуғын қатыўаш ҳәм қатқалақты сапластырыў жумысларын бир ўақытта алып барыў керек болады.

Жаўыннан кейинги қатыўаш ҳәм қатқалақты сапластырыў ушын төмендеги агротехникалық илажларды жер тапқа келиўден кешиктирместен бир еки күнде әмелге асырылыўын усыныс етемиз. Сүрилмеген атызлар тапқа келиўи менен сүримди даўам етиў керек. Атыз сүрилген, тырма-мала басылмаған болса тапқа келгеннен кейин тырма-мала басып егиске таярлаў керек. Атыздың тырма маласы басылып егиске таяр болған атызларда жаўыннан кейин тапқа келиўден тырма маланы қайтадан басып топырақ бергизип егиске таярлаў керек.

Шигит егилгенине 1-3 күн болған атызларда, «қармақ» тәризли ямаса айы­рым жерлерде нәл көринбеген атызларда топырақтың үстинги 3-5 сантиметр қатламы тапқа келиўден бир-еки күнде 4 комплект бир қатар тырманы егис бағдарына кесесине жүргизиў, бунда әлбетте топырақ берилиўине ерисиў керек. Егер де тырманың тислери терең түсетуғын болса оның астына узынына ағаш бойлап сайызлатыўға болады.

Атыз егилген болып, айы­рым жерлерде нәл «қармақ» тәризли болып нәл көрине баслаған болса, айы­рым атызларда 20, 25, 75 процент ямаса толық көгерип қатар дүзген болса, алды менен қатар үстинен узынына мотыга жүргизиў, ке­йин культивация ислеў керек. Мотыганы 4-8 қатарлы етип, оны жоқары тезликте топырақты кейинге шаштырып жүргизиў тийис. Егер тезлик төмен болса, мотыганың тислери топырақты тесип өтеди, қатыўаш алынбай қалады.

Культиватордың жумысшы органлары мотыга жүрип өткен майданнан қалған жердиң барлығын ислейтуғын етип орнатыў керек. Қысқасы, мотыга ҳәм культиватор жүрип өткен жерде исленбеген майдан қалмаўы керек.

Айырым орынларда мотыга «нәлди жулып кетеди» деген пикир менен оннан толық пайдаланыўға екилениўшилерде болыўы мүм­кин. Мотыга менен нәл көгерип шыққан дәўирден баслап 4-5 ҳақыйқый жапырақ пайда болыў дәўирине шекем ислеткенде, 10-15 процент нәл набыт болады. Шигитлер толық көгергенде буның ҳеш қандай зыяны тиймейди.

Атызда нәл 75-80 процент көгерип шыққанда культивацияны баслаў керек, бул көгерип шыққан нәлдиң жақсы өсиўине ҳәм қалған 20-25 процент шигиттиң тез көгерип шығыўына унамлы тәсир етеди. Әсиресе, жаўын жаўғаннан ке­йин культивацияны кешиктириўге болмайды. Егер кешиксе топырақ қатып, кесеклер пайда болады, бул культивация ўақтында нәлдиң набыт болыўына алып келеди.

Жаўын-шашыннан ке­йинги пайда болған қатыўаш ямаса қатқалақты жоқ етиўдиң ең қыйын жери, бул барлық егилген майданларды қалдырмастан қысқа ўақытта ислеўге туўра келеди. Буларды сапластырыў ушын барлық техникалардан өнимли ҳәм нәтийжели пайдаланыў керек болады. Сонда ғана, биз күтилген мақсетке ерисемиз.

Узақбай ИСМАИЛОВ,

Таш МАУ Нөкис филиалының профессоры.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF