Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:50:52, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРОНАВИРУС ПАНДЕМИЯСЫ: ОНЫҢ КЕЛИП ШЫҒЫЎЫ, АЛДЫН АЛЫЎ ҲӘМ ЕМЛЕЎ ЖОЛЛАРЫ

Коронавирус инфекциясы жүдә қәўипли кеселлик. Ол ҳаққында илимий журналларда, дүньяның барлық ғалаба хабар қуралларында ҳәм интернетте көплеген мағлыўматлар жәрияланбақта.

Усылардың ишинде көпшиликке жетип келмеген хабарлар ҳәм болжаўлар да бар.

Бул кеселлик эпидемиясы биринши рет Вьетнамда 2003-жылы тарқалған екен. 2 айдың ишинде 200 мыңға жақын адамларға коронавирус инфекциясы жуғып аўырған ҳәм есапқа алын­ған. Сол ўақытта наўқаслар арасында дене ыссылығы көтерилип, жөтел пайда болып, өкпе самаллаўы (пневмониясы) тез раўажланып, нәтийжеде өлим жағдайлары анықланған.

Усыған байланыслы Вьетнам ҳүкимети Италия Республикасынан  жәрдем сораған, бир шыпакер келген. Карло Урбани исм­ли бул шыпакер кеселлик тарқалған жерде эпидемиоло­гиялық ҳәм микробиологиялық изертлеў жүргизип, коронавирус инфекциясының тарқалғанын дәлиллеп берген. Тез арада Вьетнам ҳүкимети сол аймақта қатаң карантин жәриялап, көплеген адамлардың бул инфекциядан аўырыўшылығының ҳәм өлимшиликтиң алдын алған. Тилекке қарсы, Карло Урбани усы эпидемияның ишинде жүрип, өзине коронавирусты жуқтырып, қайтыс болған. Демек, сол ўақытта емлеўши дәрилер жетерли болмаған. Италиядан келген шыпакерге тийисли жәрдем көрсетилмеген. Көпшилик наў­қаслар Тибет медицинасының емлеў усылларынан пайдалан­ған, яғный, дәри өсимликлери — чеснок, боянтамыр қайнатпаларын ишкен, антибиотиклерди (пенцилин) қолланған.

Вьетнам Республикасындағы эпидемия Қытай Халық Республикасының Ухань қаласында 2019-жыл ноябрь айының екинши ярымында пайда болған. Бул кеселлик туўралы мағлыўматты биринши болып 30-декабрь күни офтальмолог шыпакер Ли Вэнлянь өзиниң бақлаўында бол­ған 8 наўқастың өкпесинде өткир самаллаў - пневмония нәтийжесинде қайтыс болғаны ҳәм коронавирус инфекциясынан келип шыққан деген пикирде Ухань университети медицина факультетиниң питкериўшилерине ҳәм өз басшыларына айтқан. Бул ушын Ли Вэнлянь полицияға шақырылып, қатты қуўдалаўға ушыраған. 2019-жыл декабрь ҳәм 2020-жылдың январь айында адамлар арасында аўырыўшылық көбейип кеткени ҳәм 41 адамда коронавирустың бар екени тест арқалы тастыйықлан­ған. Кейин Ухань қаласының медицина хызметкерлери ҳәм басшылары тән алып, аймақта эпидемияның басланғанын мойынлаған.

2019-жыл 31-декабрь күни Қытай ҳүкимети Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкемине (ВОЗ) хабар жиберген. Демек, кеселликти анықлаў ҳәм эпидемияның жүдә қәўипли екенин, оның алдын алыў ҳәм карантин илажлары Уханьда 3 ҳәптеге кешиктирилип қалғаны, Уханьда карантин 2020-жыл 21-январь күни жәрияланғаны мәлим болды.

Офтальмолог шыпакер Ли Вэнляньның өзи де усы коронавирус пневмониясына дуўшар болып, аўыр жағдайда реанимация бөлимине түседи. Оған өкпеге жасалма дем бериў аппаратын, кейин ала жасалма жүрек аппаратын да жалғайды. Бул илажлар шыпакерге жәрдем бермейди. Ол бул дүньяны тәрк етеди. Солай етип, Уханьдағы эпидемия февраль-март айларында дүньяның 210 мәмлекетине тарқалғанының, яғный, пандемияга айланғанына гүўа болдық.

Бул қәўипли коронавирус инфекциясы неге Ухань қаласынан шыққан деген сораў туўылады. Ҳақыйқатында Қытайдың Ухань қаласында 1956-жылдан өз жумысын баслаған вирусология илимий изертлеў институты ислеп келген. Институт өзиниң алып барған илимий жумыслары ҳәм оның нәтийжелери бо­йынша Қытай Илимлер академия­сына ҳәр жылы есап берип турған. Солардың ишинде ең итибарлы илимий темасы: «Инсанда әпиўайы пневмония шақырыўшы вирусты жарғанат вирусы менен шатыстырып, қоспа (гибрид) коронавирусты ислеп шығыў» деген. Бул гибрид коронавирусты лабораторияда эксперимент қойып, адамға жуғыў қәбилетине ийе екенлигин тастыйықлаў ушын илимий изерт­леўлерди даўам еттириў керек екенлигин Ши Чжэнли басшылығындағы усы институт хызметкерлери дүньядағы белгили Natyrа — medicine журналының 2015-жыл 9-ноябрьдеги санында мақала жәриялайды. Кейин ала бул мақала айырым бәсекилерге ҳәм тартысларға себеп болады. Усыған байланыслы 2020-жыл 7-апрель санында Natyrа — medicine журналының редак­циясы Қытай Халық Республикасынан кеширим сорап, хат жазады. Ухань эпидемиясының тарқалыўы жөнинде бир неше толық тас­тыйықланбаған пикирлер бар. Солардың ишинде «Вирусология институтында хызметкерлер ишки тәртипти бузып, қәўипсизлик қағыйдаларын қатаң сақламай, коронавирусты лаборатория ханасынан сыртқа шығарып алған» деген болжаў да бар.

Усындай жағдай себебинен Уханьда эпидемия басланған деген пикир Америка чиновниклери ҳәм Гонконг сепаратистлери тәрепинен интернетке берилген. Соның менен бирге, Қытай дипломатлары басқа пикирлерди келтирмекте. Коронавирус (COVID-19) лабораторияда қолдан жаратылған ба, я болмаса тәбияттың өзи жаратқан ба? Бул сораўға француз вирусологы, Нобель сыйлығының лауреаты Люк Монтанье былайынша жуўап берген; «Коронавирус қолдан Қытай бактериологлары тәрепинен жаратылған». Ҳәзирги күнге шекем Ухань эпидемия­сының келип шығыў себеплерин изертлеўлер даўам етпекте...

Екинши сораў: не себеп Европаның айырым мәмлекетлеринде — Италия, Испания, Англия, Франция ҳәм АҚШтың Нью-Йорк қаласында коронавирус эпидемиясы тез тарқалып кетти, кеселлениў ҳәм өлимшилик көрсеткишлери басқа мәмлекетлерге қарағанда 5-10 есе жоқары болып келмекте! Әсиресе, Нью-Йорк штатында жасаўшы қара тәнли афро-американлар ақ тәнлилерге қарағанда көп аўырған. Шығыс ҳәм Батыс Герма­нияда жасаўшы адамлар арасында аўырыўшылық  көрсеткишлери 2-3 есе парқы бар екенлиги анықланған. Айырым мәмлекетлерде (Беларусь, Никарагуа) коронавирус инфекциясына итибар бермей, карантин жәрияламаған.

Және бир дыққатты тартатуғын мәселе — Орта Азияда жасаўшы халықлар арасында коронавирустың тарқалыўында өзине тән эпидемиялық жағдай пайда болған ба! Усы тараўда көп жыллардан бери ислеўши эпидемиолог алымлардың болжаўлары бойынша, коронавирустың тарқалыўында салыстырмалы изерт­леў жумыслары алып барыл­ған ҳәм оның нәтийжелери туўралы келтирилген мағлыўматларда БЦЖ (бацилла Калмета-Герена), яғный өкпе туберкулёзи профилактикасы ушын пайдаланылған вакцина коронавирусқа шалынған наўқасларда жеңилирек өтиўинде пайдалы қәсийетиниң бар екенлиги айтыл­ған. БЦЖ вакцинасы жаңа туўылған балаларға туўыў үйлеринде салынады. Бул вакцина екинши рет балаларға 14 жасқа толған ўақтында және салынады. Вакцина адам иммунитетин, яғный, туберкулёзге  ҳәм  коронавирусқа қарсы гүресиў күшин көбейтиў қәбилетине ийе деген мағлыўматлар бар. БЦЖ вакцинасы 1950-жылдан баслап ҳәзирги күнлерге шекем қолланылып келинбекте. Ал, АҚШ ҳәм айырым раўажланған Европа мәмлекетлеринде бул вакцинаның пайдаланылмай келгенлиги мәлим болды. Себеби, бул мәмлекетлерде өкпе туберкулёзи менен аўырған наўқаслардың саны бираз кемейген. БЦЖ вакцинасынан да жақсы, туберкулёз профилактикасы ушын пайдаланылып келинген VРМ 1002 деген вакцина Германияда ислеп шығылды ҳәм кең қолланылып келинбекте.

Пүткил дүнья жүзине қәўип туўдырған коронавирус инфекциясы бизиң елимизди де шетлеп өтпеди. Сол себепли 16-март­тан баслап Өзбекстан Республикасында карантин жәрияланды ҳәм катаң тәртип орнатылды.

Елимизде бул кеселликтиң алдын алыў, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Санитария-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги ҳәм наўқасларға жәрдем берип атырған барлық медицина хызметкерлери профилактикалық жумысларды үзликсиз ҳәм ўақтында орынлаў, емлеў ушын тийисли дәри-дәрмақларды, әсбап-үскенелер менен жетерли дәрежеде тәмийинленип келмекте. Шет еллерден келген ўатанласларымызда коронавирус инфекциясының бар яки жоқ екенлигин анықлаў ушын тест тексериўлерден өткериў усылларынан пайдаланып келинбекте. Сондай-ақ, халқымыздан Президент қарарында белгиленген карантин қағыйдаларын ҳәм тәртиплерин булжытпай орынлаў қатаң талап етилмекте. Әсиресе, жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиў, үйден шықпай отырыў арқалы биз өзимизди ҳәм жақынларымызды оғада қәўипли коронавирус кеселлигинен сақлаймыз.

Үшинши: — Коронавирустың алдын алыў ҳәм емлеў ушын вакцина ҳәм дәрилер ислеп шығылды ма! деген сораў пүткил дүнья жүзи халықларын ойға салмақта.

Дүнья жүзи алымлары коронавирусқа қарсы вакцинаны таярлап, әмелиятқа енгизиў ушын бир жылдай мүддет керек деген мағлыўматты бермекте.

Коронавирусты адам денесинен пүткиллей жоқ етиў ушын төрт түрли жол бар екенлиги илимде дәлилленди. Сол себепли, биринши жолынан пайдаланып, вирусқа қарсы дәри ислеп шығылса, ол тек 30 процент наў­қаслардың қанында вирусты толық жоқ етиўге ерисемиз. Қалған 70 процент наўқасларға исленип шығылған дәри вирусты жоқ ете алмайды. Сонлықтан вирустың денеге «кириў» қапыларын жабыў ушын жаңа биотехнологиялардан пайдаланып, ти­йисли дәрилерди ислеп шығыў үстинде илимий изленислер алып барылмақта. Бул мәселеде Япония, АҚШ, Израиль  алымлары тәрепинен исленип атыр­ған вакцина ҳәм дәрилерди таярлаў жақын арада нәтийже береди деген болжаўлар бар. Буның ушын кеминде 10-12 ай мүддет талап етиледи.

Бүгинги күнде коронавирусты емлеў ушын Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ВОЗ) умифеновир дәрисинен пайдаланыўға рухсат берген. Бул вирусқа қарсы препарат 1974-жылы бурынғы СССРда ислеп шығылған, бирақ, Қытай алымлары оны арбидол гидрохлорид деп атап, усы атама менен патент алған. Арбидол Ухань эпидемиясын сапластырыў ўақтында күнине бир таблеткадан 3 рет наўқасларды емлеў ушын  пайдаланылған. Сондай-ақ,  Ухань жуқпалы кеселликлерди емлеген клиникаларда лопинавир ҳәм ритонавир препаратлардан пайдаланып, өкпе дем алыў системасының жетиспеўшилигин кемейтиўге ерискен деп мағлыўмат берген.

Коронавирусқа қарсы вакцина ислеп шығыўда Санкт-Петербург қаласындағы вакцина ислеп шығарыўшы илимий-изертлеў институтының орны гиреўли. Безгек (малерия) кеселлигин емлегенде қолланылған хлорохин фосфат атамасындағы дәрини коронавирусты экспериментал лаборатория жағдайында жоқ етиў ушын пайдаланып, жақсы нәтийжеге ерискен вирусологлар да бар.

Қолымыздағы бар дәрилерден ҳәм әпиўайы өкпе пневма­ниясына қарсы исленип шығыл­ған вакцинадан пайдаланып, наў­қас денесиндеги вирусқа қарсы гүресиў иммунитетин пайда етиў жолы менен емлеўди, бүгинги күнде әмелге асырып атырған шыпакерлер жақсы нәтийжелерге ериспекте. Сол себепли өзбекстан Республикасының барлық ўәлаятларында коронавирус пенен кеселленген өлимшилик жүдә пәс дәрежеде тур.

Бул жақсы хабар халқымызға күш-қуўат ҳәм мәдет бермекте, күшли исеним пайда етпекте.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында усы эпидемияға қарсы исленген карантин илажлары ҳүкиметимиз ҳәм халқымыз тәрепинен қатаң тәртиптиң сақланып келгенлиги нәтийжесинде пүткил дүньяда көзге көринген белгили алымлар, журналистлер ҳәм ВОЗ хызметкерлери тәрепинен Өзбекстанда алып барылып атырған коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў илажлары жақсы шөлкем­лестирилген деп тән алынбақта ҳәм қоллап-қуўатланбақта.

Буның ушын Президентимизге терең миннетдаршылық билдиремиз. Наўқасларды емлеп атырған шыпакерлерге, барлық хызметкерлерге кеселленбей аман-есен шаңарағына келиўин тилеп қаламыз.

Бул қәўипли инфекцияны әлбетте, жеңемиз. Пәк нийетли, сабырлы, кеңпейил ҳәм аўызбиршиликли халқымыз Аллатааланың мийрими менен жақсы күнлерге иншаалла, жетемиз.

Мэлс ҚАБУЛОВ,

медицина илимлериниң докторы, профессор,

Қарақалпақстан медицина институты факультатив ҳәм

госпитал хирургия кафедрасының баслығы,

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF