Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:10:22, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЪЕКТЛЕРИ БИЛИЎИ ТИЙИС НЫЗАМ ТАЛАПЛАРЫ

Өзбекстан Республикасының «Банкротлық ҳаққында»ғы Нызамның 28-статьясына муўапық қарыздар юридикалық тәрептиң банкротлығы ҳаққындағы иси көрилип атырғанда төмендеги процедуралар қолланылады; бақлаў, суд санациясы, келисим питими, сыртқы басқарыў, сапластырыўға тийисли ис жүргизиў.

Қарыздар жеке тәртиптеги исбилерменниң банкротлығы ҳаққындағы ис көрилип атырғанында төмендеги процедуралар қолланылады: келисим питими, сапластырыўға тийисли ис жүргизиў.

Бақлаў қарыздар мал-мүлкиниң сақланыўының тәмийинлениўи, сондай-ақ, оның финанслық аў­ҳалын анализ етиў мақсетинде енгизиледи. Бақлаўдың мәниси: қарыздарға оны банкрот деп табыў ҳаққындағы арза қабыл қабыл етилгеннен баслап банкротлықтың кейинги процедурасы жәрия етилгенге шекем өз мал-мүлкин басқарыўды қадаған етиў, сондай­-ақ, кредиторлар тәрепинен ғәрезсиз талаплар қойыўын шеклеў ҳәм бундай имканиятты тек банкротлық ҳаққындағы ис шеңберинде жаратыўдан ибарат. Бақлаўды енгизиў ҳаққындағы уйғарыў қабыл етилгенде ўақтынша басқарыўшы тайынланады.

Суд санациясы процедура түринде экономикалық суд тәрепинен қарыздардың төлеў имканиятларын тиклеў ҳәм де кредиторлар алдындағы қарызын қаплаў мақсетинде енгизиледи. Суд санациясын әмелге асырыў арқалы қарыздарды банкрот деп табыў ҳәм де сапластырыўға тийисли ис жүргизиўди баслаўдың алдын-алыў мүмкин.

Қарыздардың басқарыў органы, атап айтқанда, оның басшысы қарыздардың хызметин жүргизиў ҳәм оның мал-мүлкин бас­қарыў ўәкиллигинен азат етпейди ҳәм санация етиўши басқарыўшы басшылығында өз функцияларын орынлаўын даўам етеди.

Суд санациясы қарыздардың, дүзиўшилердиң (қатнасыўшылардың) яки қарыздар мал-мүлкин ийе­си, ямаса үшинши шахс­лар илтимасына көре яки кредиторлар жыйналысының қарары тийкарында усыныс етилетуғын илтимасына көре экономикалық суды тәрепинен енгизиледи.

Сыртқы басқарыў  қарыздардың төлеў қәбилетин тиклеў ҳәм кредиторлардың қарыздарларға болған талапларын қанаатландырыў мақсетинде судтың қатнасында өткерилетуғын банкротлық процедурасы болып, бунда қарыздардың хызметин басқарыў ҳәм оның мүлкин басқарып бериў ўәкиллиги сыртқы басқарыўшыға бериледи. Усы процедурада қарыздардың мал-мүлкин басқарыў ҳәм ислерди басқарыў бойынша ўәкиллигине ийе болған қарыздардың басшысы ҳәм басқа шахслар усы ўәкилликлерден айырылады. Сыртқы басқарыў кредиторлар  жыйналысы илтимасы тийкарында  яки банкротлық ҳаққындағы  ис бойынша ўәкилликли мәмлекетлик органлардың арзасына тийкар Экономикалық суд тәрепинен енгизиледи. Қарыздардың басшысы өз миннетлемелерин орынлаўдан шетлетиледи ҳәм Экономикалық суд тәрепинен кредиторлар жыйналысының көрсетпесине муўапық, сыртқы басқарыўшы тайынланады.

Сапластырыўға тийисли ис жүргизиўдиң мақсети болып, қарыздардың мүлкин нызамлы реализация етиў ҳәм алынған қаржыларды бағдарлаў, сондай-ақ қарыздарды қарызларынан жырақ деп табыў болып есапланады. Сап­лас­тырыўға тийисли ис жүргизиў экономикалық суд тәрепинен кредиторлардың жыйналысы яки банкротлық ҳаққындағы ислер бойынша мәмлекет органы бөлистириўине көре тайынланатуғын сапластырыў басқарыўшысы тәрепинен әмелге асырылады. Сапластырыўға ти­йисли ис жүргизиў қарыздарды банкрот деп табыў ҳаққындағы қарар қабыл етиў менен басланады. Сапластырыўға тийисли ис жүргизиўдиң мүддети, улыўма қағыйдаға көре, бир жылды қурайды.

Келисим питимине Нызамда тәреплердиң өз-ара ўаз кешиўлер тийкарында суд келиспеўшиликлерин сапластырыў ҳаққындағы келисими сыпатында тәрийп берилген ҳәм бул процесс банкротлық ҳаққындағы ис бойынша ис жүргизиўди бир тәрептен жеке тәртиптеги исбилермен — юридикалық шахс басшысы яки суд басқарыўшысы, екинши тәрептен кредиторлардың жыйналысы ўәкиллик берген басқа шахслар ортасында талаплар муғдары, орынлаў мүддетлери, төлем тәртиби ҳәм басқалар бойынша ўаз кешиў ҳаққындағы келисим тийкарында сапластырыўға қаратылған.

Келисим питимин дүзиў ҳаққындағы қарар кредиторлардың жыйналысында кредиторлардың улыўма санының көпшилик даўысына тийкар ҳәм қарыздардың гиреўдеги мал-мүлки менен тәми­йинленген талапларға ийе болған барлық кредиторлар разылығы менен қабыл етиледи. Келисим питимин дүзиў ҳуқықына кредитор ҳәм қарыздар ийе. Келисим питиминде қатнасыўға усы питимде нәзерде тутылған ҳуқық ҳәм миннетлемелерди алыўшы үшинши шахс­ларға да жол қойылады. Келисим питими жазба дүзилиўи керек ҳәм Экономикалық суд тәрепинен тастыйықланыўы менен күшке киреди.

Келисим питими банкротлық процедурасының ҳәр бир басқышында дүзилиўи мүмкин хәм ол тастыйықланыўы менен банкротлық ҳаққындағы ис бойынша ис жүргизиў сапластырылады. Сапластырыўға тийисли ис жүргизиў ҳәм сыртқы басқарыўда келисим питимин дүзиў ҳаққында қарар қарыздар атынан суд басқарыўшысы тәрепинен қабыл етиледи. Экономикалық суд келисим питимин тек нәўбеттен тысқары талапларын, атап айтқанда суд қәрежетлери ҳәм басқалар ҳәм айлық ис хақы төлеў ушын пул қаржыларын усыныўды нәзерде тутыўшы төлем ҳүжжетлери бойынша талаплар қанаатландырылғаннан соң тастыйықлаўы мүмкин. Экономикалық суд келисим питимин дүзиў тәртиби бузылғанда, үшинши шахс­лар ҳуқықы бузыл­ғанда хәм келисим питими шәртлери нызам ҳүжжетлерине қайшы бол­ғанда оны тастыйықлаўды бийкар етеди.

Р.ҚУРБАНБАЕВ,

Нөкис районлар аралық Экономикалық судының судьясы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF